15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet15/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   198
Bog'liq
Miynet

Нәгиранлық пенсиясы. Нәгиранларға салыстырмалы алып барылып атырған социаллық сиясат олардың турмыста ҳәм жәмийет раўажланыўында актив қатнасыў мүмкиншиликлерин кеңейтириўге, материаллық аўҳалларын жақсылаўға қаратылған. Турмыс ҳәрекетиниң бузылыўы дәрежесине қарай биринши, екинши, үшинши нәгиранлық топары белгиленеди.
Биринши топар нәгиранлықты белгилеў ушын кеселликлер, жарақатлар, туўма нуқсанлар ақыбетинде организм турмыс ҳәрекетиниң анық көринип турған шеклениўлер тийкар болады.
Өзбекстан Республикасында мүтәж пуқараларды протез-ортопедия өнимлери ҳәм реабилитация техникалық қураллары менен тәмийинлеў тәртиби ҳаққында «Көрсетпе» Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2013 жылдың 27 мартында 1229-санлы дизимге алынған.
Биринши топар нәгиранлық төмендеги жағдайларда белгиленеди:
– өзине өзи хызмет етиў, ҳәрекет етиў ямаса өз минез-қулқын қадағалаў (оқыў, қатнас жасаў, ҳәрекетлениў), сондай-ақ, мийнет ҳәрекетинде қатнасыў мүмкин болмаған, бул болса өз гезегинде басқалардың турақлы қараўға, жәрдемине ямаса қадағалаўына мүтәжлик сезиўине алып келетуғын, толық социаллық масласыўшаңлықты жоғалтыў жағдайларда (тетраплегия, аўыр тетрапарез, аўыр созылмалы психозлар, инкурабел қәтерли өсимтелер);
– ҳәрекет етиў, өзине өзи хызмет етиў, оқыў ямаса қатнас жасаў, өзин басқара алыў, өз минез-қулқын қадағалаў, сондай-ақ, әпиўайы өндирис шараятында мийнет ҳәрекетинде қатнасыў бир қанша қыйынласқаны ақыбетинде, егер көрсетилген бузылыўлар бәрқулла басқаларды бағыўы, жәрдеми ямаса қадағалаў зәрүрлигин талап етиўши бир қанша анық көринип турған социаллық масласыўшаңлықты жоғалтыў жағдайларында (аяқлардың турақлы түрде майып болғанлығы, ҳәр еки қолдың шонтықлығы, яғный ҳәр еки қолдағы барлық бармақлардың жоқлығы, жоқарыдан үштен бир дәрежеде ҳәр еки санның шонтықлығы, пүткиллей көре алмаў).
Екинши топар нәгиранлық төмендеги жағдайларда белгиленеди:
– ден саўлығының жағдайына қарай мийнет ҳәрекетинде қатнаса алмаў ақыбетинде бир қанша анық көринип турған социаллық масласыўшаңлықты жоғалтыўда ямаса мийнет ҳәрекети тәсиринде кеселлик кешиўиниң жаманласыўы, аўыр ақыбетлер пайда болыў қәўипи туўылғанда, сондай-ақ, қатнас жасаў, өзин басқара алыў, оқыў, өз минез-қулқын қадағалаўға анық қыйналыўда, бирақ басқалардың жәрдемине, бағыўына ямаса қадағалаўына мүтәжлик болмағанда (жүректиң клапан аппараты бузылғанлығы ямаса қан айланысының II- ҳәм III-дәрежели турақлы түрде бузылғандағы миокард, тез ҳәўиж алыўшы, тез-тез кризислерге мейилли екинши басқыш гипертония кеселлиги, өкпе циррозы, қайта миокард инфаркты, қысқа ўақыт ишинде қайталанған инсульт, жақын аралықты көре алмаслық);
– аўыр созылмалы кеселликлер, таяныш-ҳәрекет ағзаларының өз-ара байланыслы нуқсанлары ҳәм көриў қәбилетин бир қанша жоғалтыў ақыбетинде анық көринип турған социаллық масласыўшаңлықты жоғалтқанда, сондай-ақ, қатнас жасаў, өзин басқара алыў, оқыў, өз минез-қулқын қадағалаў ҳәмде әпиўайы шараяттағы мийнет ҳәрекетинде қатнасыў қыйын болғанда, бирақ басқалардың жәрдемине, бағыўына ямаса қадағалаўына мүтәжлик болмағанда (аўқатланыўдың кемейиўи ҳәм қысқа мүддетли ремиссиялар көринип турған язва кеселлигиниң аўыр формасы, зәҳәрлениў, тез-тез күшейип туратуғын бронхоэктатик кеселлик, тез-тез қайталанып туратуғын тутқанақ кеселлиги, қәдем басыўды бир қанша бузып туратуғын аяқ парапарези).

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling