15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Технологиялық мийнет бөлистирилиўи


Download 0.79 Mb.
bet176/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   172   173   174   175   176   177   178   179   ...   198
Bog'liq
Miynet

Технологиялық мийнет бөлистирилиўи өндирис процесслериниң қайта ислеў фаза ҳәм цикллерге қарай болады. Бунда ең әҳмийетлиси оларды орынлаўдың технология жағынан бирдей болыўы.
Функционаллық мийнет бөлистирилиўи қолланылғанда айырымлары тийкарғы жумысты орынлаўда қәниге ихтисос таўады, басқалары жәрдемши жумысты орынлаўда, үшиншилери болса таярлаў, хызмет көрсетиў жумысты орынлаўда маманлық арттырады.
Маманлы мийнет бөлистирилиўи ямаса орынланатуғын жумыслардың қурамалылығына қарай мийнетти бөлистириў, қурамалы жумыслар менен әпиўайы жумысларды бир-биринен ажыратыўдан ибарат. Соның менен бирге өним таярлаўдағы технологиялық қурамалылық дегенде таярлық функцияларын ҳәм мийнет процесслерин орынлаўдағы, сондай-ақ, таярланған өним, көрсетилген хызмет сапасын қадағалаўдағы қурамалылықлар нәзерде тутылады.
2.3.Мийнет кооперациясы ҳәм оның формалары
Мийнет бөлистирилиўи - бул тек ғана мийнет ҳәрекетиниң бир тәрепи есапланады. Ол айырым хызметкерлер ҳәм олар топарларының улыўма мийнет процесиндеги айырым жумысшылер мийнетин бирлестириўди талап етеди. Барлық дәрежедеги өз-ара байланысқан мийнет процесслеринде айырым атқарыўшылардың жумыс орынларынан тартып пүтин кәрханалар, киши тармақлар ҳәм миллий экономиканың өз-ара байланысқан тармақларына шекем бирлестириўди талап етеди.
Бул бирлестириў, мийнет ҳәрекети процесиндеги айрықша қәнигелестирилген орынлаўшылар ортасындағы байланыслардың орнатылыўы мийнет кооперациясы деп аталады ҳәм мийнет ҳәрекетиниң шөлкемлестирилиўиндеги ең әҳмийетли элементлеринен бири есапланады.
Мийнет кооперациясының мақсетке муўапық шөлкемлестириўшилик формаларын таңлаў - мийнетти шөлкемлестириўдиң мийнет бөлистирилиўинен кейинги әҳмийетли мәселе есапланады.
Социаллық ҳәм жеке сектор кәрханаларында техниканың раўажланыў дәрежесине, өндирис процесслери системасының шөлкемлестирилиў характери ҳәм усылларына қарай мийнет кооперациясының түрли формаларынан пайдаланылады.
1. Қәнигелестирилген цехлардың цехлар аралық кооперациясы. Бунда кәрханадағы бир неше цех жәмәәтиниң бир қыйлы өндирис процесинде ямаса түрли болса да, бир-бири менен байланыслы өндирис процесслеринде жобалы түрде ҳәм биргеликте қатнасыўы түсиниледи.
Ҳәр бир кәрханада тийкарғы өндиристи таярлаў, ислеў бериў ҳәм өндирис цехлары ортасында мийнет кооперациясы болады. Бундай цехлар аралық мийнет кооперациясы соған тийкарланады, таярлаў цехларының жәмәәтлери ислеў бериў цехларын зәрүр ярым фабрикатлар менен тәмийинлеп турады, ярым фабрикатлар бул цехларда исленип, өндирис цехына өткериледи, өндирис цехында болса пүткиллей таяр өним жағдайына келтириледи. Бул цехлар ортасында беккем мийнет кооперациясы ҳәм ондағы жәмәәтлердиң мийнет ҳәрекетинде толық уйғынлық болған жағдайда ғана қәлеген кәрханада жобалы түрде үзликсиз таяр өним ислеп шығарыўға ерисиледи.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   172   173   174   175   176   177   178   179   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling