Жеке мийнет бөлистирилиўи улыўма мийнет бөлистирилиўиниң тараўлар ҳәм тармақлар ишиндеги бөлистирилиўин нәзерде тутады. Мәселен, санаат тармақлары- киши тараўлар, бирлеспелер, айырым кәрханаларға бөлинеди; аўыл хожалығы - дийханшылық ҳәм шарўашылыққа, олар ишинде болса қәнигелестирилген тармақларға (ғәлле, пахта, картошка жетистириў, бағшылық, гөш, сүт, жүн жетистириў ҳәм усы сыяқлыларға) бөлинеди. Санаатта болғаны сыяқлы аўыл хожалығында да жеке мийнет бөлистирилиўиниң кейинги басқышы айырым қәнигелестирилген кәрхана есапланады. Бул түрдеги жеке мийнет бөлистирилиўи өндирислик емес тараўдың ҳәр қандай тармағында: халық билимлендириў тараўы, медицина, мәмлекетлик басқарыў ҳәм басқаларда бар.
Айырым (ярым) мийнет бөлистирилиўи жумыслар ҳәм мийнет функцияларының айырым кәрхана ямаса айрықша шөлкем хызметкерлери ортасында: цехлар, участкалар, бригадалар, звенолар, айырым атқарыўшы хызметкерлер бойынша, сондай-ақ, олардың кәсип-маманлық топарлары ортасында бөлистирилиўин көзде тутады. Мийнет бөлистирилиўиниң бул түри бир қанша қурамалы ҳәм әҳмийетли болып, онда бул мийнет процесслери айрықша мийнет бөлистирилиўи көлеминде пайда болады; экономикалық нәтийжелер де усы дәрежеде әмелге асырылады: атқарыўшылардың қәнигелесиўи ҳәм олар кәсип шеберлигиниң артыўы, қәнигелескен жоқары өнимли әсбап-үскенелердиң енгизилиўи, мийнет өнимдарлығының артыўы, ҳәмде соны айтыў мүмкин, барлық дәрежедеги мийнет бөлистирилиўисиз ҳәзирги заман техникалық ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыў болыўы мүмкин емес.
Өндирис ҳәм хызмет көрсетиў кәрханаларында мийнет бөлистирилиўиниң ҳәр қыйлы формалары қолланылады (2.5-сүўрет).
2.5-сүўрет. Кәрханаларда қолланылатуғын мийнет бөлистирилиўи формалары
Кәсип-маманлық мийнет бөлистирилиўи жумысшыниң қәнигелиги ҳәм орынланып атырған жумыстың қурамалылығы есапқа алынып әмелге асырылады.
Басқышлы мийнет бөлистирилиўинде жумысшылердиң кәсиби, қәнигелиги бойынша санын ең оптимал жағдайға келтириў мақсетинде әмелге асырылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |