15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Қәнигелестирилген участкаларының цех ишиндеги мийнет кооперациясы


Download 0.79 Mb.
bet177/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   173   174   175   176   177   178   179   180   ...   198
Bog'liq
Miynet

2. Қәнигелестирилген участкаларының цех ишиндеги мийнет кооперациясы. Бул цех ишиндеги бир неше участка жәмәәтиниң бирдей өндирис процесинде ямаса ҳәр қыйлы болса да, бир-бири менен байланыслы өндирис процесслеринде жобалы ҳәм биргелесип қатнасыўы.
Участка ишиндеги мийнет кооперациясы болса айырым атқарыўшылар ҳәм бригадалардағы жумысшылердиң кооперациясы болып есапланады. Өз гезегинде бригада ишинде де жумысшылердиң мийнет кооперациясы шөлкемлестириледи. Бул мийнет кооперациясының ең әпиўайы формасы болып, оны ишки участка мийнет кооперациясының бригада түри деп жүритиледи. Өндирис бригадасы — бул басланғыш мийнет жәмәәти болып, бригада бир ямаса бир неше кәсиплердеги бирден-бир өндирис тапсырмасын орынлайтуғын жумысшыларды бирлестиреди.
Өндирис бригадасының кәсип-маманлық дүзилиси орынланатуғын жумыслардың қурамалылығына қарай анықланады. Бригаданың барлық ағзалары биргеликте ислеп, бәрқулла өз-ара байланыслы болады. Олар мийнетиниң нәтийжеси жуўмақланған өним ямаса жумыс көлеми есапланады.
Өндиристи шөлкемлестириў өзгешеликлерине қарай өндирис бригадаларының түрли формалары ҳәм түрлери шөлкемлестириледи, олардан ҳәр бири ишинде мийнет кооперациясы өз өзгешеликлерине ийе. Қәнигелестирилген бригадалар бирдей кәсип ҳәм қәнигеликке ийе болған, тек ғана маманлық дәрежеси ҳәм орынланып атырған жумыстың анық түри менен ажыралатуғын жумысшылардан қуралады. Қәнигелестирилген бригадалар тийкарынан массалық өндиристе шөлкемлестириледи.
Комплекс бригадалар қурамалы жумыслардың тамамланған түрлерин орынлайтуғын түрли кәсип жумысшыларын өз дүзилисине қамтып алады.
Комплекс өндирис бригадалары үш түрли болады:
1) мийнет толық бөлистирилген комплекс бригада - бунда ҳәр бир хызметкер бәрқулла бирдей жумысты орынлайды (мәселен: слесарь) сварка иси, ўақыт-ўақты менен болатуғын технологиялық ямаса шөлкемлестириўшилик дем алыс ўақытларында бос қалған жумысшы басқа кәсиплеслерине жәрдемлеседи, себеби бул бригадада мийнет ҳақы жәмәәт (пүткил бригада) орынлаған жумыс нәтийжелерине қарай төленеди, соның ушын да ҳәр бир жумысшы улыўма нәтийжениң жоқары болыўынан мәпдар болады;

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   173   174   175   176   177   178   179   180   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling