Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet48/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
 
29-
сүўрет. Даўыссыз ч (č) сесиниң рентгенограммасы (жуўысыңқы бөлеги үзик 
сызық). 
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан булардың екеўи де үнсиз 
болғанлықтан даўыс қатнаспайды, мудамы шаўқым қатнасады, ҳаўа ағымы 
күшли болады. 
§32
. Тил ортасы даўыссыз фонемасының 
 
сыпатламасы 
Ҳәзирги қарақалпақ тилинде бирден-бир тил ортасы даўыссыз фонемасы
[й] болып табылады. Сондай-ақ ол жуўысыңқы, сонор, аўызлық фонема болып 
саналады. 
Артикуляциялық жақтан [й] сесин айтқанда тилдиң ортаңғы бөлими қатты 
таңлайдың тусына көтерилип, тилдиң еки қапталы азыў тислерге ҳәм олардың 
түплерине жабыса отырып, ортадан узынша саңлақ қалдырылыўы арқалы жаса-
лады. Тилдиң алдыңғы ҳәм артқы бөлимери түсиңки, ал тил ушы төменги ти-
слерге тирелгенликтен, оны дорсаль фонема деўге болады. Дүңки көриниске 
енген тилдиң ортаңғы бөлими аўыз бослығын екиге бөлип турады. 
Солай етип аўыздың алды бетинде киширек, артында үлкенирек бослықты 
пайда етеди. Еринлер ашық, бийтәреп ҳалда турып, жаңғырық хызметин 
атқарыўшы аўыз бослығының алдыңғы шегарасы алдыңғы тислер болады. 
Жумсақ таңлай көтерилип, мурын жолын жаўып турады (30-сүўрет). 
3
Бул ҳаққында қараңыз: Матусевич М. И. Современный руский язык. Фонетика. М., 1976, 
144-
146 б.б.


82 
 
 
30-
сүўрет. Даўыссыз й сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 
 
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан [й] сонор болғанлықтан 
шаўқымға қарағанда даўыс басымырақ қатнасады. Бул фонеманың сөздиң (ҳәм 
буўынның) басындағы ҳәм ақырындағы еки реңки ортасында үлкен айырмашы-
лық болып, ақырындағы реңки даўыстың басымырақ ҳәм ҳаўа ағымының өл-
пеңирек шығыўы менен жасалып, нағыз сонор фонемаға тән қәсийетке ийе бо-
лады. Ал сөздиң ҳәм буўынның басындағы реңки шаўқымның басымырақ бо-
лыўы арқалы жасалғанлықтан шаўқым басымырақ болады ҳәм ҳаўа ағымы 
күшлирек шығады.

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling