Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet50/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
§ 34
. Кишкене тиллик даўыссыз фонемалардың 
сыпатламасы 
 
Даўыссыз [х] - кишкене тиллик, жуўысыңқы, аўызлық, шаўқымлы фоне-
ма. Артикуляциялық жақтан бул фонемалар [ғ] даўыссызына усайды. Булардың 
айырмашылығы [х] - үнсиз, [ғ] - үнли. Тилдиң көтериңки қәлиптеги артқы 
бөлимине кишкене тилдиң артқы бөлими көтериңки ҳалда турып, мурын жолын 
жабыўы арқалы жасалады. Тилдиң алдыңғы бөлими түсиңки, ал тил ушы шеги-
ниңки ҳалда болады. Буўынның сыпатына қарай [х] фонемасы еки түрли реңкте 
жумсалады: [х,х
°
]
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан [х] үнсиз болғанлықтан ҳаўа 
ағымы күшли болып, ол тек шаўқымнан турады.
Даўыссыз [ң]- кишкене тиллик, мурынлық, жабысыңқы, сонор фонема.
Артикуляциялық жаққтан кишкене тил түсиңки ҳалда тилдиң артқы бөли-
мине тирелип, аўыз жолын жаўып, мурын жолы ашық қалады. Тилдиң алдыңғы 
бөлими түсиңки, тил ушы шегиниңки ҳалда болады. (33-сүўрет). Солай етип
бул сести айтқанда аўыз бослығында тосқынлық жасалған менен ҳаўа ағымы 
жолынан иркинишсиз өтип турады. Бул фонема жабысыңқы даўыссызлардың 
ортасында бирден бир жабысыўшы сес болып табылады. Буўынның сыпатына 
қарай [ң] фонемасы төрт түрли реңклерде жумсалады: [ң, ң', ң
°
,
ң

]. 
 
 
 
33-
сүўрет. Даўыссыз ң сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан ҳаўа ағымы өлпең, даўыс 
шаўқымға қарағанда басым болады. Бул әсиресе даўыслылар арасында күшли-
рек сезиледи. Сөздиң ақырында ҳаўа ағымы күшлирек ҳәм шаўқым басымырақ 
болыўы мүмкин.
 
§ 35
. Көмекей даўыссыз фонемасының сыпатламасы


84 
Даўыссыз [ҳ] - көмекей (фарингаль), жуўысыңқы, аўызлық, шаўқымлы 
фонема.
Артикуляциялық жақтан [ҳ] тутас тилдиң түсиңки жағдайында, тилдиң 
түби жутқыншақ дийўалларын жақынласыўы арқалы жасалады. Аўыз бослығы-
ның ең тарайып, шаўқым пайда етиўши орны тилдиң түби менен жутқын-
шақтың артқы дийўалларының аралығы болады (34-сүўрет). Буўынның сыпа-
тына қарай [ҳ] даўыссыз фонемасы төрт түрли реңклерде жумсалады: [ҳ, ҳ', ҳ
°
,
ҳ

].

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling