Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet52/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
 
 
Тийкарғы фонетикалық нызамлар
§ 37. 
Сеслердиң фонетикалық өзгерислери ҳаққында 
Тилдиң фонетикалық системасын, оның ишки сеслик нызамларын те-
реңирек билиў ушын сеслердиң сөзлердеги, сөз дизбегиндеги, сөйлеў ағы-
мындағы түрли өзгерислери жөнинде улыўма түсиникке ийе болыў керек. 
Сөзлер өз ара байланыслы болған ҳәм бир-бирине тәсир етип туратуғын сеслер 
жыйнағынан турады. Қарақалпақ тилинде сөзлердиң қурылысында сингармо-
низм нызамы тийкарында орайлық орынды даўыслы сеслер тутады. Даўыссыз-
лар даўыслы сеслердиң тәсири арқалы белгили дәрежеде өзгериске ушырап 
отырады. Усыннан даўыссыз сеслердиң түрли реңклери келип шығады. Өз 
гезегинде даўыссыз сеслер де қоңсылас даўыссызларға тәсирин тийгизеди.
Сеслерди биринен соң бирин айтыў ушын сөйлеў ўақтында сөйлеў ағзала-
ры тезлик пенен ҳәрекет етеди. Бир сести айта баслаған ўақытта екинши сести 
айтыўға сөйлеў ағзалары қолайласа баслайды. Бир сести айтып толық тамамла-
май-ақ екинши сестиң артикуляциясының қабатласыўынан қоңсылас сеслердиң 
өз ара тәсири келип шығады. Мысалға [тоң] сөзин алсақ, [т] сесиниң айтылыўы 
ўақтында-ақ [о] сесин айтыўға еринлер қәлиплесе баслағанлықтан, т
°
еринлик 
реңкте айтылады. [О] сеси толық айтылып болынбай-ақ, мурын жолының ашы-
лып, [ң] сесин айтыўға сөйлеў ағзалары ыңғайласады. Сонлықтан [о] сесиниң 
соңғы бөлими мурынлық болып айтылады. Әдетте бул сеслик өзгерислер 
тыңлаўшылар тәрепинен ескерилмейди. Бирақ ўақыттың өтиўи менен бундай 
сеслик өзгерислер өткирлесип, жаңа фонеманың пайда болыўына себепши бо-
лыўы мүмкин. 
Қоңсылас сеслердиң өз ара тәсиринен олардың комбинаторлық өзгерисле-
ри келип шығады. Сеслерде болатуғын ҳәр қыйлы комбинаторлық өзгерислер 
көпшилик тиллерге ортақ сыпатқа ийе болыўы мүмкин. Сондай-ақ ҳәр бир тил-


89 
диң, ямаса бир топар туўысқан тиллердиң өзине тән өзгешелигине байланыслы, 
сеслик өзгерислери болады. Қарақалпақ тилинде сөз ишинде, жумсалыў 
жағдайына қарай қайсы позицияда (сөздиң басында, ортасында, ақырында), 
қандай буўында, түбир я қосымтада, морфемалардың шегарасында жумса-
лыўына қарай, сөзлер аралығында жумсалыўына қарай ямаса интонациялық 
эмоциональ өзгешеликлерге байланыслы сеслер азлы-көпли өзгерислерге 
ушырап айтылады. Бундай фонетикалық жағдайдардан ғәрезли ҳалда пайда 
болған сеслик өзгерислер сеслердиң позициялық өзгерислери делинеди.
Сеслердеги айырым өзгерислер - сеслердиң алмасыўы, орын алмасыўы, 
фонетикалық жағдайлардан ғәрезсиз болыўы мүмкин. Мысалы: самал-шамал, 
салы-шалы, салғам-шалғам, ғарры-қарры, ғарға-қарға, жамғыр-жаңбыр, буйдай-
бийдай, жигирма-жийирма, дигирман-дийирман сыяқлы сөзлерде с-ш, ғ-қ, ғ-ң, 
уў-иў сеслериниң алмасып айтылыўы, айланыў-айналыў, аўҳал-аҳўал, жапырақ-
жарпақ, топырақ-торпақ, сөзлеринде айырым сеслердиң орын алмасыўы фоне-
тикалық жағдайға байланыслы емес. Бул сыяқлы фонетикалық себеплерсиз 
пайда болатуғын сеслик өзгерислер сеслердиң спонтаньлық өзгерислери дели-
неди.
Сөйлеў ағзаларында болатуғын усындай сеслерде түрли өзгерислердиң 
себебинен сингармонизм, метатеза, редукция, элизия ҳәм т.б. фонетикалық 
қубылыслары келип шығады. Солай етип бундай фонетикалық сеслердиң дара 
турғанында емес, ал олардың сөзде, сөз дизбегинде жумсалыўы менен жүзеге 
асады. 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling