Абатбай дәЎлетов
§ 38. Сингармонизм - қарақалпақ тилиниң тийкарғы
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
§ 38.
Сингармонизм - қарақалпақ тилиниң тийкарғы сеслик нызамы Сөз қурылысындағы сеслерди жәмлестиретуғын ҳәм шөлкемлестиретуғын сондай-ақ сөзлерди таныўға ҳәм мәнилерин айырыўға хызмет ететуғын,солай етип сөздиң тутас тулғасын қәлиплестиретуғын түркий тиллердеги сөздиң өзеги сингармонизм болып табылады. Ол бир буўынлы сөзлерге де, көп буўынлы сөзлерге де тән болған фонетикалық қубылыс. Бурынғы қәлиплескен дәстүр бойынша сингармонизм дегенде еки ямаса көп буўынлы сөзлердеги даўыслы- лардың таңлай ҳәм ерин үнлеслигин, болмаса түбир менен қосымталардағы даўыслылардың үнлеслигин түсинетуғын болсақ, енди сөздиң неше буўынлы болыўына ямаса морфологиялық жақтан әпиўайы я қурамалы екенлигине қара- мастан сингармонизм дегеннен буўын қурлысындағы ҳәм буўынлар ара- лығындағы барлық сеслердиң үнлеслигин түсиниўимиз керек. Сонда ғана тил- деги сингармонизмниң тәбияты менен атқаратуғын хызметине ҳәр тәреплеме дурыс баҳа бериўге болады. Тийкарғы ҳәм баслы фонетикалық қубылыс болыў менен бирге сингар- монизм грамматикаға да байланыслы. лингвистикалық универсаль кубылыс бо- лып табылады. Буған гуўа ретинде түркий тиллердеги соның ишинде қарақал- пақ тилиндеги көпшилик қосымталардың еки ямаса көп вариантлы болып ке- лиўин, бәринен де бурын олардың жуўан ҳәм жиңишке варинатларда жумса- 90 лыўын көрсетиўге болады. Бул сингармонизмниң тек бир көриниси ғана болып табылады. Соның менен бирге сингармонизм бир буўынлы ямаса көп буўынлы сөзлерде де, түбир ямаса дөренди сезлерде де, сеслерди өз ара беккем жәмле- стирип, биргеликли түрге ендирип отырады. Солай етип сингармонизм тутас сөзлердиң қурылысында болатуғын фонетикалық қубылыс. Ол пүтин сөздиң фонетикалық келбетин қурайтуғын барлық сеслердиң соның ишинде даўыслы- лардың да, даўыссызлардың да тембрлик жақтан биргелки болыўын тәмийин ететуғын суперсегментлик қубылыс болып табылады. Түркий тиллердиң өзиншелик өзгешелигин көрсететуғын баслы ҳәм тийкарғы фонетикалық қубылыслардың бири болғанлықтан сингармонизмди бирде бир тюрколог илимпаздың ескермеўи ҳәм есапқа алмаўы мүмкин емес. Сонлықтан да сингармонизм қубылысы көп жыллардан берли илимпазлардың дыққатын аўдарып келди. Соған қарамастан усы дәўирге шекем бул мәселениң сөз етилиўинде лингвистикалық әдебиятларда ҳәр түрли көз қараслардың, ҳәт- теки пүткиллей қарама-қарсы пикирлердиң бар екенлигин жоқарыда әдебият- ларға шолыў жасаўда көрдик. Көпшилик жағдайда изертлеўшилер түркий тил- лерде, соның ишинде қарақалпақ тилинде де сингармонизмниң тийкарғы фоне- тикалық қубылысларының бири екенин, тутас сөз я биргелки жуўан я бир- гелки жиңишке болып айтылатуғынлығын, түбирге қосылатуғын қосымталар- дың да сәйкес түрде үнлесип келетуғынын дизимге алыўдан аспады. Қарақалпақ тилинде жумсалып жүрген «сингармонизм» ҳәм «ассимиля- ция», сондай - ақ «даўыслылар үнлеслиги» ҳәм «даўыссызлар үнлеслиги» тер- минлерине анықлық киргизиў керек. Қарақалпақ тил билиминде даўыслылар үнлеслигин сингармонизм менен, ал даўыссызлар үнлеслигин ассимиляция ме- нен алмастырып қолланып жүр. Шынында даўыслылар үнлеслиги де, даўыс- сызлар үнлеслиги де сондай ақ даўыслылар менен даўыссызлар ортасындағы үнлеслик те, қулласы, пүтин сөздиң қурлысындағы барлық сеслердиң өз-ара ийкемлесип келиўи сингармонизм деп саналыў керек. Сонда сингармонизм бир буўынлы ямаса көп буўынлы сөзлердиң қурлысындағы болатуғын ҳәмме үн- лесликлерди қамтыйды. Дәстүрли түсиник бойынша даўыслылар үнлеслиги шекленген фонетикалық жағдайларды өз ишине алады. Егер даўыслылар үн- леслиги еки ямаса оннан көп буўынлы сөзлердиң қурлысындағы даўыслылар- дың биргелки жуўан ямаса биргелки жиңишке, сондай-ақ биргелки еринлик ямаса биргелки езиўлик болып келиўин өз ишине қамтыйды десек, даўыссызлар үнлеслиги дегеннен әдетте түбир менен қосымтаның, қосымта менен қосымта- ның шегаралас сеслери арасындағы үнлесликти түсинсек, булардан тысқары буўын қурылысындағы қатаң ҳәм турақлы түрде ушырасатуғын үнлеслик - даўыслы менен даўыссыздың ортасындағы үнлеслик жоқарыда айтылған үн- лесликлердиң (даўыслылар үнлеслиги, даўыссызлар үнлеслиги) ҳеш қайсысына кирмей қалады. Буның үстине сөз дизбегиниң қурлысындағы жеке сөзлердиң шегарасындағы сеслер ортасында болатуғын үнлесликти қайсысының қатарына (даўыслылар үнлеслигине ме, даўыссызлар үнлеслигине меЎ) жатқаратуғыны- мыз да биймәлим болып қалады. Мине, бул жағдайлар қарақалпақ тилинде сеслер үнлеслиги түсинигин қайта қарап шығыўдың зәрүрлигин көрсетеди. 91 Солай етип, бизиңше, «сингармонизм» түсиниги кең мәниде улыўма сеслер үнлеслиги мәнисинде түсинилиўи керек. Даўыслылар сингармонизми дегеннен еки ямаса көп буўынлы түбир ҳәм дөренди сөзлердиң қуры- лысындағы даўыслы сеслердиң таңлай ҳәм ерин үнлеслигин түсинсек, ал даўыссызлар сингармонизми дегеннен буўын қурылысындағы ямаса буўын ме- нен буўынның шегарасындағы даўыссыз бенен даўыслының, даўыссыз бенен даўыссыз сеслердиң ортасындағы үнлесликти түсинсек, қарақалпақ тилиндеги бул нызамлылықтың тәбиятына да туўры келер еди ҳәм оны түсиниў де жеңил болар еди. Солай етип дәстүр бойынша сингармонизм ҳәм ассимиляция деп бөлек-бөлек қаралып жүрген тийкарғы фонетикалық кубылысларды бирлести- рип, бир пүтин нызамлылық ретинде - сингармонизм нызамы ямаса сингармо- низмниң ҳәр түрли көринислери түринде қараў бул мәселени дурыс түсиниўге имканият береди. Себеби даўыслылар үнлеслиги де, даўыссызлар үнлеслиги де пүтин сөздиң ишинде қоңсылас сеслер ямаса қоңсылас буўынлар ортасындағы үнлеслик болғанлықтан оларды бөлек бөлек қараўға болмайды. Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling