Абатбай дәЎлетов


Сөз қурылысындағы айырым сеслик қубылыслар


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet61/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   57   58   59   60   61   62   63   64   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
Сөз қурылысындағы айырым сеслик қубылыслар 
§ 43
. Редукция қубылысы 
Айырым фонетикалық жағдайларда сеслердиң артикуляциялық жақтан 
әдеттегисинен қысқа ҳәм ҳәлсиреп айтылыўы редукция
3
қубылысы делинеди. 
Қарақалпақ тилинде көбирек созымлылығы бойынша редукцияға ушырайды.
Редукция тийкарынан даўыслыларға тән қубылыс. Даўыссыз сеслерде со-
зымлылығы жағынан барлық фонетикалық жағдайларда бир қыйлы бола бер-
мейди. Олар гейпара фонетикалық жағдайларда ҳәдден тыс қысқа айтылыўы 
мүмкин.
4
Бирдей фонетикалық жағдайларда ҳәр қыйлы сеслердиң орташа созымлы-
лығы теңдей болмайды. Мәселен, ашық даўыслы сөзлер бирдей фонетикалық 
жағдайларда қысық даўыслылардан бир қанша созымлы болады. Сондай-ақ 
ашық даўыслыларды өз ара, қысық даўыслыларды өз ара салыстырғанда, олар-
дың да теңдей созымлылыққа ийе емеслигин көриўге болады.
5
 
Даўыслы сеслер пәтсиз буўынларда келгенде көбирек редукцияға ушырай-
ды. Даўыссызлардың редукцияға ушыраўына яғный созымлылығының 
қысқарыўына қоңсылас даўыссыз сеслер, буўынның сыпаты, даўыслы сестиң 
сөздиң қайсы жеринде (басында, ортасында, ақырында) ушырасыўы тәсир ете-
ди. Әсиресе, қысық даўыслылар болған ы, и, у, ү сеслери созымлылығы жағы-
нан қысқа айтылыўы ҳәм ҳәр қыйлы фонетикалық жағдайлардың себебинен 
көбирек редукцияға ушыраўына ең қолайлы жағдай олардың пәтсиз буўында 
келиўи болады. Мысалы: тын-тыныш, қыс-қыслаў, бир-бири, түн-түнек сыяқлы 
жубайлас сөзлердиң алдыңғы бир буўынлысындағы пәтли даўыслының созым-
лылығы менен салыстырғанда соңғы еки буўынлы сөзиниң биринши буўы-
нындағы пәтсиз даўыссыз әдеўир қысқарып редукцияға ушырайды.
Даўыслы сеслердиң редукцияға ушыраўына қоңсылас сеслердиң сыпаты да 
(үнсиз, жабысыңқы болып келиўи) себепши болады. Мысалы, үнли жабысыңқы 
з, ж сеслериниң алдында даўыслылар созымлы айтылса, ал үнсиз жабысыңқы 
п, т, к, қ сеслериниң алдында қысқарып, редукцияға ушырайды. Салысты-
2
А.А. Рефоматсккий. Введение в языкознание. М., 1967, 202 б. 
3

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   57   58   59   60   61   62   63   64   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling