Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet62/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   58   59   60   61   62   63   64   65   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

Редукция - латынша rеdustiо – «қысқартыў» деген мәни аңлатады.
4
Қарақалпақ тилиниң даўыссыз сеслериниң редукциясы еле изертленбей атыр. Сонлықтан 
тек даўыслылар редукциясын айтыў менен шекленемиз.
5
Даўыслы сеслердиң созымлылығы жөнинде қараңыз: А.Даулетов Длительность гласных в 
однлсложных словах каракалпакского языка, «Вестник ККФАН УзССР», 1970, №3, 57-бет.


115 
рыңыз: қыз-қыт, сыз-сық, диз-дик, буз-буқ, дүз-дүк, жүз-жүк т.б. Даўыслылар-
дың редукцияға ушыраўына олардың сөз ортасында келиўи, қамаў буўында ке-
лиўи де себепши болады. Мысалы: ис-тис-тиси, из-биз-бизи, ық-тық-тықты 
сөзлериниң ишинде тис, биз, тық сөзлериндеги даўыссызлар сөздиң басындағы 
ҳәм ақырындағысына салыстырғанда қысқа айтылады; еки буўынлы сөзлердеги 
пәтсиз даўыслы бәринен де қысқа айтылады; ал соңындағы пәтли даўыслы со-
зымлы айтылады. 
Даўыслылардың редукцияға ушыраўына сөздеги сеслердиң санының 
көбейиўи, буўын санының көбейиўи, қоңсылас буўындағы жумсалатуғын 
даўыслының ашық даўыслы сес болыўы ҳәм т.б. фонетикалық жағдайлар да се-
бепши болады.
1
 
Сондай-ақ сеслердиң редукцияға ушыраўына сөйлеў тезлиги де тәсир ете-
ди. Қаншелли жылдам сөйленсе, сеслер соншелли қысқа айтылып, көбирек ре-
дукцияға ушырайды. Сеслерди қысқартыўшы бир неше факт бирликте келсе
сеслер көбирек редукцияға ушыраўы мүмкин. Мысалы: питкер, қутқар, күтсин 
сыяқлы сөзлерде биринши буўындағы даўыслы сеслердиң редукцияға ушы-
раўына бир неше факт себепши болып тур. Атап айтқанда, биринши буўынның 
пәтсиз болыўы, даўыслының қамаў буўында келиўи, жабысыңқы үнсиз даўыс-
сызлардың қоршаўында турыўы себепши болады.
 
§44
. Элизия қубылысы 
 
Айырым фонетикалық жағдайларда сеслердиң түсип қалыў қубылысы эли-
зия делинеди.
2
Сеслердиң түсип қалыўы редукция қубылысы менен де байла-
ныслы болады. Редукцияға ушыраған сеслер ўақыттың өтиўи менен түсип 
қалыўы мүмкин. Даўыслы сеслер қандай фонетикалық жағдайда редукцияға 
ушыраған болса, тийкарынан сондай фонетикалық жағдайларда элизияға ушы-
раўы мүмкин. Даўыслы сеслер элизияға ушырағандағыдай фонетикалық
жағдайда болыў менен бирге (пәтсиз буўында келиў, жабысыңқы үнсизлердиң 
аралығында келиўи т.б.) оған қосымша фонетикалық жағдайлар да тәсир етеди. 
Мысалы, түбир сөзге даўыслыдан басланған қосымта қосылғанда, түбирдиң 
ақырындағы жабық буўындағы соңғы даўысыз сес жаңадан қосылған аффикске 
қарай өтеди де, түбирдеги буўын ашық буўынға айланады. Халық, аўыз, мурын, 
қарын, кеўил, қәйин усаған атлық сөзлерге даўыслы сестен басланатуғын тар-
тым жалғаўы жалғанса, түбирдиң соңғы буўынындағы пәтли даўыслылар енди 
ашық буўында пәтсиз жағдайда қалады. Нәтийжеде халқы, аўзы, мурны, қарны, 
кеўли қәйним болып, ортаңғы буўындағы даўыслы сес түсип қалады.
Бирақ усы типтеги барлық сөзлерде пәтли буўынның алдындағы пәтсиз 
буўындағы даўыслы сеслер мудамы түсип қала бермейди. Керисинше, қулыны, 
жулыны, қаўыны, келини, ьбилими усаған көпшилик атлық сөзлерде ортаңғы 
даўыссыз сеслер әўелги мысаллардағы сыяқлы фонетикалық жағдайда 
1
Б.Қалиев. Қарақалпақ тилиндеги даўысты дыбыс редукциясы туралы. «Известия АН Каз-
ССР», серия общественная №I, 1967.
2

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   58   59   60   61   62   63   64   65   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling