Абатбай дәЎлетов
Орфоэпия-грекше orfhos-«дурыс», epos-«сөйлеў» деген сөзлерден келип шыққан. 128
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
Орфоэпия-грекше orfhos-«дурыс», epos-«сөйлеў» деген сөзлерден келип шыққан.
128 қарақалпақ тилиндеги қ, ғ, ң сеслерин айтыў орыс тилиниң артикуляциялық ба- засы ушын қыйын. Себеби бул түрдеги кишкене тиллик даўыссыз сеслер орыс тилинде ушыраспайды. Бул сеслердиң артикуляциясын түсиндириў, қалай ай- тылатуғынын көрсетиў нәтийжесинде қ, ғ, ң сеслерин орыслардың да дурыс ай- та алыўы мүмкин. Керисинше, қарақалпақ тилинде бурыннан жумсалмайтуғын орыс тилинен келип кирген в (в), с (ч), с (ц) сеслерин дурыс айтыўға көнли- гиўлер нәтийжесинде ерисиў мүмкин. Сөз қурылысындағы сеслер ямаса сөз бенен сөздиң арасындағы иргелес сеслер бир-бири менен өз ара ийкемлесип, үнлесип айтылады. Сөйлеўде сеслердиң үнлеслигин сақлап, дурыс айтыў ушын тилдиң сеслик системасын, сеслердиң өз-ара тәсир еиў нызамларын толық билиў керек. Сингармонизм, ас- симиляция қубылысларын, сеслерде болатуғын түрли өзгерислерди, тилдиң пәтлик нормасын ҳәр тәреплеме терең үйрениў орфоэпиялық қубылыслардың сырын билиў дегенди аңлатады. Сондай-ақ тил стильлери, тилдиң диалектлик өзгешеликлери ҳәм олардың әдебий тилге қатнасы мәселелери де орфоэпия ушын үлкен әҳмийетке ийе болады. Бизиң аўызша сөйлеўимиз бенен жазыўы- мыз ортасында сәйкеслик бола бермеўи мүмкин. Биз сөзлерди мудамы дәл жазғанымыздай етип айта бермеймиз. Бундай етиўдиң зәрүрлиги де жоқ. Жазыў өзиниң қәделерине ийе болғаны сыяқлы сөйлеў де өз нызамларына ийе болады. Дурыс, айтылыўы менен жазылыўы сәйкес келетуғын сөзлер көплеп ушыраса- ды. Бирақ мудамы олай бола бермейди. Мәселен, азанғы, түнги, жанбады, сөн- беди, басшы, сезсе сыяқлы сөзлер усылай жазылғаны менен олар азаңғы, түңги, жамбады, сөмбеди, башшы, сессе болып айтылады ҳәм орфоэпиялық жақтан бул дурыс деп саналады. Бул сөзлер жазылыўда жазыў қәделери бойынша түбирлери толық сақланып жазылады. Аўызша сөйлеўде азанғы, түнги сөзле- риниң азаңғы, түңги болып, олардағы тил алды н сесиниң кишкене тиллик ң се- сине айланып айтылыўына қоңсылас кишкене тиллик ғ ямаса тил арты г сеси- ниң артикуляциясы себепши болып отыр. Жасалыў орны жағынан соңындағы даўыссызлар (г,ғ) алдына келген н даўыссызын өзлерине усатып тур. Жанбады, сөнбеди деген сөзлердиң жамбады, сөмбеди болып айтылып, олардағы тил ал- ды н сесиниң еринлик м сесине айланып айтылыўына қоңсылас болып келген еринлик б сесиниң артикуляциясы себепши болады. Бул сөзлерде де қоңсылас даўыссыз сеслер жасалыў орынлары жағынан азлы-көпли усаслыққа ийе болып тур. Ал басшы, сезсе сөзлери башшы, сессе болып айтылып, соңындағы ш ҳәм с алдында келген с ҳәм з сеслерин дәл өзлериндей сеслерге айландырады. Күлки, түлки, қулын, жулын, бөлим, бөлек, бөрек т.б. түринде жазыла- туғын сөзлер орфоэпиялық нормалар тийкарында күлкү, түлкү, қулун, жулун, бөлүм, бөлөк, бөрөк болып даўыслылардың ерин үнлеслиги бойынша айтыла- ды. Қоңсылас сеслердиң тәсири нәтийжесинде белгили бир сес өзиниң гейпара айырмашылықлары менен айтылыўы мүмкин. Мысалы: тас, тес, тус, түс сөзле- риндеги т, с даўыссыз сеслери қоңсылас болып келген даўыслылардың тәсири нәтийжесинде бирде жуўан (тас), бирде жиңишке (тес), бирде жуўан ҳәм ерин- 129 лик (тус), бирде жиңишке ҳәм еринлик (түс) болып айтылып, ол айрықша- лықлары жазыў арқалы белгиленбейди. Айырым диалектлик өзгешеликлерге байланыслы күннер, сеннер, жаннық болып, л сесиниң орнына н алмасып айтылыўы әдебий тилде есапқа алынбай, орфоэпиялық қәделер тийкарында олар күннер, сеннер, жаннық болып айтыла- ды. Солай етип, ҳәр бир тилдиң дурыс сөйлеў нормасы болады. Әдебий тилде сөзлерди дурыс ҳәм саўатлы жазыў қаншелли әҳмийетке ийе болса, оларды аўызша дурыс айтыў да сондай әҳмийетли. Адамның дурыс сөйлеў мәдениятының қәлиплесиўине көплеген факторлар тәсир етеди. Соның ишинде мектеплерде, оқыў орынларында оқытыўдың, жыйналысларда лекторлардың шығып сөйлеўиниң, радио еситтириўдиң, теле- видениеден шығып сөйлеўдиң ҳәм театрдың роли айрықша әҳмийетке ийе бо- лады. Солардан дурыс пайдаланыў орфоэпиялық қәделери қәлиплестиреди ҳәм беккемлейди. Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling