Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet67/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

§51. 
Буўынның түрлери 
 
Буўынның қурылысындағы даўыслы менен даўыссыз сеслердиң орналасыў 
тәртибине қарай қарақалпақ тилинде буўынлар ашық буўын, туйық буўын, 
қамаў буўын болып бөлинеди.
Тек бир даўыслыдан ибарат болған ямаса даўыссыз сестен басланып
даўыслыға тамамланатуғын буўын ашық буўын делинеди. Мысалы: а-та, а-на, 
ке-ле, же-ти, қа-ла-ға сөзлериндеги буўынлардың бәри ашық буўын. Солай етип 
ашық буўын тек бир фонемадан (даўыслыдан) турыўы да, еки фонемадан 
(даўыссыз бенен даўыслының дизбегинен) турыўы да мүмкин. Қарақалпақ ти-
линде тек ашық буўынның өзинен қуралған сөзлер жүдә аз гезлеседи. Мысалы: 
мә, де, же, а (таңлақ сөз) усаған аз сандағы сөзлер ашық буўыннан турады. 
Даўыссыз-даўыслыдан ибарат болған еки фонемалы буўынлар көп буўынлы 
сөзлердиң басында, ортасында ҳәм ақырында ушыраса береди. Мысалы: ха-
лық, бас-ла-ған, бас-шы. Даўыслының өзинен туратуғын бир фонемалы буўын 
сөздиң басында ғана ушырасады да, ал ондай буўын сөздиң ортасында ҳәм 
ақырында түпкиликли сөзлерде ушыраспайды. Орыс тили арқалы қарақалпақ 
тилине кирген ге-о-гра-фи-йа, зо-о-ло-ги-йа, ко-о-фе-ра-тив усаған санаўлы 
сөзлерде бир фонемалы (тек даўыслыдан туратуғын) буўын жазыўда сөздиң ор-
тасында келеди. Бирақ олар көбинше аўызша ге-гра-фи-йа, за-ло-ги-йа, ка-фе-
ра-тив түринде айтылады. Тек даўыслының өзинен туратуғын қосымталар 
(сондай-ақ даўыслыдан басланатуғын барлық қосымталар да) мудамы даўыссыз 
сеске питкен сөзге қосылады ҳәм қосылатуғын соңындағы даўыссыз сеси соңғы 
қосылған буўынға қарай өтип, даўыссыз-даўыслы түриндеги еки фонемалы 
буўынды пайда етеди. Мысалы: бар+а-ба+ра, кел+е-кел+ле. 
Даўыслыдан басланып, бир ямаса қатара келген еки даўыссыз сеске та-
мамланған буўын туйық буўын делинеди. Мысалы: ай, ас, ақ, ат, ис, ут, уқ, ун, 
арт, ант, үрк сыяқлы сөзлер, ай-тыс, ақ-ла, арт-қы, ант-қа сөзлериниң биринши 


121 
буўыны туйық буўыннан ибарат. Солай етип туйық буўын еки фонемалы ҳәм 
үш фонемалы болып келеди. :ш фонемалы туйық буўын шекленген ҳалда 
сийрек ушырасады. Қәде бойынша еки даўыссызға тамаланған үш фонемалы 
туйық буўынның соңғы даўыссыз сеси үнсиз, алдыңғысы сонор болып келеди. 
Қарақалпақ тилинде үст, аст усаған түбир сөзлердиң ақырында еки үнсиз 
даўыссыз сеслер қатара келеди. Бирақ ол сөзлер мудамы үсти, асты түринде қо-
сымта қосылған ҳалда жумсалады. 
Көп буўынлы сөзлерде туйық буўын тек сөздиң басында ушырасады. Ал 
сөз ортасында ҳәм ақырында туйық буўын жумсалмайды. Буның себеби 
қарақалпақ тилинде сөздиң ортасында ҳәм ақырындағы буўының басында 
даўыслы сес жумсалмайды. Қанаат, зүрәәт, саат сыяқлы сөзлерди есапқа ал-
мағанда (олар да қанаҳат, зүрәҳәт, сағат түринде айтылады) түпкиликли сөзлер-
диң ортасында ҳәм ақырында еки даўыслы сес қатара келмегенликтен ондай по-
зицияларда туйық буўын ушыраспайды. Орыс тили арқалы кирген география 
типиндеги сөзлерде еки даўыслы қатара келген менен де туйық буўын пайда 
етилмейди. 
Қарақалпақ тилинде туйық буўыннан туратуғын қосымталар мудамы 
даўыссызға питкен сөзге қосылады ҳәм қосылған сөзиниң соңындағы даўыссыз 
сес соңғы қосылған буўынға өтип, даўыссыз-даўыслы-даўыссыз түриндеги 
қамаў буўынды пайда етеди. Мысалы: бар+ып-ба+рып, кел+ип-ке+лип т.б. 
Даўыссыздан басланып, бир ямаса қатара еки даўыссыз сеске тамамлана-
туғын, солай етип, даўыслы сес даўыссызлардың қоршаўында келетуғын буўын 
қамаў буўын делинеди. Мысалы: бас, тас, тис, күн, қант, жент, төрт т.б. сөзлер 
қамаў буўыннан ибарат. Қамаў буўын көбинше үш фонемадан, шекленген 
жағдайда (ең соңғы даўыссызы үнсиз, оннан алдыңғысы сонор келиў шәрти ме-
нен) төрт фонемадан турады. Қамаў буўын жумсалыўы жағынан шекленбейди, 
яғный өз алдына сөз түринде де, көп буўынлы сөзлердиң басында, ортасында 
ҳәм ақырында да жумсала береди. Мысалы: жас, ба-лық, би-лим-ли т.б. 
Жоқарыда ашық буўынның бир ҳәм еки фонемадан, туйық буўынның еки 
ҳәм үш фонемадан, қамаў буўынның үш ҳәм төрт фонемадан туратуғынлығын 
көрдик. Ашық, туйық ҳәм қамаў буўынларындағы фонемалардың санына қарай 
отырып, буўынларды төмендегише түрлерге бөлиў мүмкин: 
1. Бир фонемалы ашық буўын-А, Мысалы: а таңлақ сөзи, а-ға, и-ни сөзле-
риниң биринши буўыны; 
2. Еки фонемалы ашық буўын-БА.
1
 
Мысалы: де, ба-ла, ке-ле; 
3. Еки фонемалы туйық буўын-АБ. Мысалы: ат сөзи, ал-мас, үл-кен сөзле-
риниң биринши буўынлары; 
4. :ш фонемалы туйық буўын-АББ. Мысалы: ант сөзи, айт-ты, үрк-ти 
сөзлериниң биринши буўынлары; 
5. :ш фонемалы қамаў буўын-БАБ. Мысалы: тас, бас-пақ, қал-пақ;
6. Төрт фонемалы қамаў буўын-БАББ. Мысалы: қант сөзи, түрт-ки сөзиниң 
биринши буўыны. 
1
Шәртли түрде А-даўыслы, Б-даўыссыз сес мәнисинде


122 
Буўынның бундай түрлери тек қарақалпақ тилинде жумсалып ғана қойма-
стан, соның менен бирге олар түркий тиллердиң бәрине де ортақ сыпатқа ийе 
болады
2

Жоқарыда көрсетилген буўынлардың түрлери жеке сөз ретинде де, көп 
буўынлы сөзлердиң қурылысында да жумсала береди. Н.А. Баскаковтың ай-
тыўы бойынша түркий тиллерде түбир сөзлердиң ең ески түри БАБ типиндеги 
сөзлер болған. Ал басқа типтеги түбир сөзлер (мәселен, БА, АБ, А т.б.) БАБ ти-
пиндеги сөзлердиң түрли өзгерислерге ушыраўынан пайда болған.
3
 
Соңғы дәўирлерде орыс тилинен түркий тиллерге, соның ишинде қарақал-
пақ тилине де көплеп сөзлердиң келип кириўи менен буўынның қурылысына 
жаңалықлар енди. Түпкиликли сөзлерде ушыраспайтуғын, орыс тили арқалы 
кирген сөзлерде ғана жумсалатуғын буўынның мынадай түрлерин көриўге бо-
лады: 
1. ББА түриндеги үш фонемалы буўын. Мысалы: ста-кан, бри-га-да сөзле-
риндеги биринши буўыны;
2. ББАБ түриндеги төрт фонемалы буўын: Мысалы: стол сөзи, трак-тор 
сөзиниң биринши буўыны; 
3. БАБББ түриндеги бес фонемалы буўын: Мысалы: пункт, текст сөзлери; 
4. ББАББ түриндеги бес фонемалы буўын: Мысалы: фронт, спорт сөзлери; 
5. БББАБ түриндеги бес фонемалы буўын: Мысалы: справ-ка сөзиниң би-
ринши буўыны; 
Орыс тилинен кирген сөзлердеги буўынлардың бул түрлериниң айтылыўы 
менен жазылыўы ортасында парқ бар. Бул парқ орыс тилинен кирген буўын-
лардың қурылысында бир неше даўыссыз сеслердиң қатара келиўи менен бай-
ланыслы. Қарақалпақ тилиниң түпкиликли сөзлеринде бир буўынның ишинде 
даўыссыз сеслердиң қатара келиўи шекленген; буўынның ақырында еки даўыс-
сыз сес (үнсиз-сонор) дизбеклесип келиўи мүмкин; ал буўынның басында еки я 
бир неше даўыссыздың қатара келиўи, буўынның ақырында екиден артық 
даўыссыздың дизбеклесип қатара келиўи пүткиллей ушыраспайды. 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling