Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Протеза
§ 47 . Эпитеза қубылысы Сөздиң ақырына айырым сеслердиң қосылып айтылыўы эпитеза 1 қубы- лысы делинеди. Көпшилик жағдайда қабатласып келген еки даўыссызға та- мамланған орыс тилинен кирген сөзлердиң ақырына даўыслы сес қосылып ай- тылады. Мысалы: бланк, банк, киоск, танк, диск усаған сөзлер бланка, банка, киоска, танка, диска түринде ямаса бланки, танки, танки, диски түринде олар- дың соңына даўыслы сес қосылыўы арқалы айтылады. Сондай-ақ Омск, Минск, Курск сыяқлы сөзлердиң Омский, Курский, Минский түринде айтылыўы да 1 Протеза - грекше prоtеsis – «өзгертип қойыў». 1 Эпитеза - грекше epithesis – «арттырыў, қосып қойыў» мәнисин билдиреди. 118 эпитеза қубылысы болып саналады. Бундай эпитезалық қубылыслар орыс ти- линен кирген сөзлерге тән болады. § 48 . Метатеза қубылысы Сөздиң қурылысындағы гейпара сеслердиң орын алмасып айтылыўы тил билиминде метатеза 2 қубылысы делинеди. Қарақалпақ тилинде сеслердиң орын алмасыўы мына сыяқлы сөзлерде ушырасады: қыйланыў-қыйналыў, айланыў- айналыў, аўҳал-аҳўал, өкпе-өпке, сақпан-сапқан, қақпан-қапқан, кепкир-кекпир, түпкир-түкпир, себгир-сегбир т.б. Сондай-ақ тамға-таңба, жамғыр-жаңбыр сөзлериндеги сеслердиң алмасыўы да метатеза қубылысы болады. Жоқарыда келтирилген жубайлас сөзлердиң алдыңғылары тилимизде көбирек жумсалады. Сонлықтан олар әдебий тилде норма ретинде қабыл етилиўи керек. Ал соңғы- лары қарапайым сөйлеў тилинде жумсала бериўи мүмкин. Буўын § 49 . Буўынның жасалыўы Сөйлеў ўақтында сөйлеў ағымы тәбийий түрде буўынларға бөлинип айты- лады. Сөйлеў ағымын пайда етиўдиң дереги болған ҳаўа ағымы жүдә аз ўақытқа бөлиниўи нәтийжесинде буўынның жиги пайда болады. Сөйлеў ағза- лары мускулларының сезиўи ҳәм еситиўи арқалы буўынлардың шегарасы еси- тилип турады. Солай етип буўын фонетикалық категория болып аўызеки сөйлеў арқалы жүзеге асады. Сөйлеў ўақтында сеслер биргелки айтылмайды. Даўыссыз сеслерди айтқанда сөйлеў ағзалары ортасында жабысыў ямаса жақынласыў пайда етилетуғынлығы, даўыслыларды айтқанда сөйлеў ағзаларының аралығы ашық ҳалда болатуғынлығы белгили. Ал сөйлеў болса, даўыслы ҳәм даўыссыз сеслердиң мақсетке муўапық избе-из дизбеклескен ағымынан турады. Сон- лықтан сөйлеў ўақтында аўыз бослығында үнсиз жабысыў (ямаса жуўысыў) ашылыў мудамы қайталанып турады. Бундай қубылыслар буўынның жаса- лыўына себепши болады. Сөйлеў ағзаларының жабысыў (ямаса жуўысыўы) ҳәм ашылыў қубылысы менен сөйлеў ағзалары мускулларының босаңласыў ҳәм олардың керилиў қубылысы, басқаша айтқанда сөйлеў ағзаларының тек белгили бөлиминиң көбирек күшли жумсалыўы ҳәм тутас барлық сөйлеў ағзаларының бирликте көбирек күш жумсаўы, өз ара тығыз байланыслы болады. Даўыслы сеслердиң артикуляциясы ўақтында аўыз бослығы анаў я мынаў дәрежеде кеңирек ашық болыўы менен бирге тутас сөйлеў ағзаларының мускуллары керилип, барлық сөйлеў ағзалары көбирек күш жумсайды. Ал даўыссыз сеслерди айтқанда сөй- леў ағзаларының бир бөлиминде ғана максималь жақынласыў (ямаса жабысыў) болады ҳәм дәл сол бөлимине көбирек күш түсип, көбирек энергия жумсалады да, қалған сөйлеў ағзаларының мускуллары босаң ҳалда турады. Көбирек күш жумсалып, мускуллардың керилиўи арқалы жасалатуғын сес (даўыслы сес) 2 Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling