Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet73/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
Жазыў ҳәм имла 
§ 56
. Жазыў ҳәм оның әҳмийети 
 
Биз өзимиздиң ой-пикиримизди аўызша сөйлеў арқалы ямаса жазыў 
арқалы басқаларға билдиремиз ҳәм басқалардың ой-пикирин тыңлаўымыз 
арқалы ямаса оқыўымыз арқалы билемиз. Аўызша сөйлеў де, жазыў да әлбетте, 
тиллик қураллар арқалы иске асады. Булардың екеўи арқалы да ой-пикир жүзе-
ге шығады. Бирақ аўызша сөйлеў менен жазба сөйлеўди бирдей деп есаплаўға 
болмайды. Аўызша сөйлеўде сөйлеў ағзалары, еситиў ағзалары қатнасады ҳәм 
сөйлеў сол пайытта иске асады. Сондай-ақ аўызша сөйлеўде сөйлеўшиниң ҳәм 
тыңлаўшының қатнасыўы зәрүр. Жазба сөйлеўде қағазға ямаса қәлеген матери-
алға түсирилген, көриўимиз арқалы қайта тикленетуғын (оқылатуғын) таңба-
лар қатнасады. 
Аўызша сөйлеўдиң де, жазба сөйлеўдиң де өзлерине тән артықмашы-
лықлары бар. Аўызша сөйлеўде адам өз пикирин тыңлаўшыға жеткериўде ең 
алды менен тиллик қураллардан пайдаланатуғынлығы сөзсиз. Аўызша сөйлеўде 
сөйлеўши ҳәр қыйлы интонациялық қубылыслар жәрдеминде ой-пикирди тағы 
да анығырақ жеткериў мүмкиншилигине ийе болады. Соның менен бирге пара-
лингвистикалық қубылыслардың да (қосымша түри қыймал, ҳәрекетлер-қолды 
силтеў, басты шайқаў ҳәм т.б.) сөйлеў ўақтында ой-пикирди тыңлаўшыға 
анығырақ жеткериўге көмеги тийиўи мүмкин. 
Ең әҳмийетли ҳәм артықмаш тәрепи - жазба сөйлеў ўақыт ҳәм кеңислик 
жағынан шекленбейди. Жазыў узақ дәўирлер даўамына сақланады ҳәм қандай 
алыслыққа жеткерип берилсе де, оны оқый бериў мүмкин. Радиода, телефонда 
сөйлегенде, магнит пленкаларын, пластинкаларды қойғанда аўызша сөйлеў 
қәдеси сақланады. Радио, телефон, магнит пленкаларына, пластинкаларға жа-
зыў ислери аўызша ҳәм жазба сөйлеўди белгили дәрежеде жақынластырады. 
Бирақ олар да аўызша сөйлеўдиң ўақыт ҳәм кеңислик жағынан шеклениўшили-
гин толық сапластыра алмайды. 
Аўызша сөйлеўде билдире алмайтуғын айырым қубылысларды жазыў 
арқалы анық билдириў мүмкин. Мысалы: асқар, азат, полат, балғалы, есим т.б. 
сөзлер меншиклик атлық мәнисинде жумсалғанда Асқар, Азат, Полат, Балғалы, 
Есим түринде бас ҳәрип пенен жазылады; ат аўыз, ала буға, ала сат, ала қан, көк 
саў, ақ шам т.б. сөз дизбеклери бир пүтин сөз мәнисинде жумсалғанда қосылып 
жазылады. Халық абад, қоңыр ат, бағда гүл, дос берген т.б. сөз дизбеклери 
меншиклик атлық мәнисинде жумсалғанда Халқабад, Қоңырат, Бағдагүл, До-
сберген түринде бас ҳәрип пенен қосылып жазылады. Демек, аўызша сөйлеўде 
бир қыйлы болады да, олардың айырмашылығы жазыўда анық бериледи. 
Жазыўда ҳәр тәреплеме ойлаў, толықтырыў, дүзетиў ҳәм дәл керекли 
сөзлерди таңлаў арқалы ой-пикирди оқыўшыға анығырақ жеткериў мүмкинши-


133 
лиги болады. Сондай-ақ жазыўдан пайдаланғанда материалдың керекли жерин 
таўып алып, оған айырықша дыққат қойып оқыў мүмкин. 
Жазыўсыз илим ҳаққында ҳәтте ойлаў да мүмкин емес. Адамзаттың ал-
дыңғы ой-пикирлери, билими әўладтан-әўладқа әсирлер даўамын да жазыў 
арқалы өтип келеди. Солай етип илимниң раўажланыўы, жетилисиўи оның та-
рийхы менен, жазыў менен тығыз байланыслы. Ҳәзирги дәўирде жазыўдың 
оғада кең тараўы, баспа ислериниң көрилмеген дәрежеде раўажланыўы жа-
зыўдың оғада үлкен әҳмийетке ийе екенин толық тастыйықлайды.

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling