Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
§ 58 . Жазыў Жазыўда жумсалатуғын барлық ҳәриплер, иркилис белгилери, басқа да жа- зыўдағы жумсалатуғын шәртли таңбалар (қаўыс, қосыў, алыў, көбейтиў, бөлиў, болады белгилери т.б.) жазыўдың қуралы болады. Барлық шәртли таңбалар ҳәм олардың тилдеги сеслерге қатнасы, өз ара сәйкесленип келиўи жазыў бөлимин- де сөз етиледи. Қандай сеслердиң қай ҳәрип пенен таңбаланатуғынлығы ямаса қандай ҳәриптиң қай сеслерди билдиретуғынлығы жазыўда қаралады. 1 Жазыўдың тарийхы ҳаққында қараңыз: Матусевич М.И., Введение в общую фонетику, М., 1970, 112-114 - бетлер., Иванова В.Ф.. Современный руский язык. Графика и орфография ,М., 1966, 5- 14 бетлер. Валгина Н.С. и др. Современный руский язык. М., 1966, 119-123 бетлер. 135 Ҳәзирги бизиң жазвыўымыз сеслик жазыў болып, ҳәр бир сеслик тип өзи- ниң шәртли белгиси, символы графикалық таңбаларына ийе болады. Әлипбе тилдиң раўажланыўының белгили басқышында дүзиледи. Тилдеги сеслер болса өзгеристе, раўажланыўда болады. Тилде түрли себеплер нәтийжесинде жаңа сеслердиң пайда болыўы мүмкин. Тилге жаңадан келип кирген сеске әлипбеге де жаңадан шәртли таңба алыў керек болады. Басқа тилдиң жазыў системасы қабыл етилгенде, қабыл етилген жазыў си- стемасы менен қабыл етип алыўшы тилдиң сеслик қурамы ортасында көп ғана сәйкесликлердиң болмаўы тәбийий нәрсе. Басқа тилдиң жазыў системасы қабыл етилгенде қабыл етиўши тилдиң өзине тән өзгешелигине байланыслы болған гейпара сеслерди билдириў ушын жаңадан қосымша шәртли таңбалар алыў керек ямаса әлипбеде бар болған ҳәриплерге қосымша белги қосыў арқалы қабыл алған жазыўдағы кемисликлерди сапластырыўы керек. Сонда ғана тил- диң сеслик қурамы жаңадан қабыл етилген жазыў арқалы толық сәўлелениўи мүмкин. Қарақалпақ тилиниң орыс жазыўын қабыл етиўи буған айқын мысал бола алады. Мәселен: орыс жазыўында жоқ, ә, ү ҳәриплериниң қосымша алы- ныўы қарақалпақ тилиндеги сәйкес сондай (ә, ү) өзине тән сеслердиң болыўына байланыслы: орыс жазыўындағы қ, г, у, х, н, о ҳәриплерине қосымша белгилер- ди қосыў арқалы орыс тилинде жоқ, бирақ қарақалпақ тилинде жумсалатуғын сеслер (қ, ғ, ў, ҳ, ң, ө) аңлатылады. Солай етип орыс жазыўы тийкарында қарақалпақ тилиниң айырықша жазыў системасы дүзилген еди. Ҳәр бир тилдиң өзиниң жазыў қәделери болып, бул қәделер бойынша жа- зыўда тилдиң ҳәзирги сеслик тәрепи ғана есапқа алынады. Жазыў қәделери бойынша жазыўдағы тарийхый, этимологиялық, морфологиялық принциплер есапқа алынбайды. Сонлықтан да тек жазыў қәделерин билген менен, әлипбени билген менен сөзлерди имласы жағынан дурыс жазыў мүмкин емес. Жазылыўы (графикасы) жағынан ғарға, ғалы, салы болып жазылыўы да, ғарға, ғалы, ша- мал, шалы болып жазылыўы да дурыс болып саналады. Ал имласы (орфографи- ялық) жағынан олардың биреўиниң (әўелгисиниң) алыныўы тийис. Сондай-ақ латын жазыўы тийкарындағы жаңа қарақалпақ әлипбеси дүзил- генде де қарақалпақ тилиниң айрықшалықларына байланыслы болған қосымша таңбаларды қабыл етиўге туўра келеди. Мәселен, қарақалпақ тилиндеги айы- рым жиңишке даўыслыларды аңлататуғын арнаўлы таңбалар болмағанлықтан ол ушын әлипбесиндеги сәйкес ҳәриплерге (а, о, у) қосымша белигилери қойы- лып, бул жетиспеўшилик толықтырылады. Солай етип жуўан даўыслыларды аңлатыў ушын алынған а, о, у ҳәриплерине қосымша белги қойыў арқалы жиңишке даўыслылар - ә, ө, ү аңлатылады. Ал қарақалпақ тилиндеги қысық, езиўлик, жиңишке даўыслыны аңлатыў ушын әлипбесиндеги и ҳәриби қабыл етилген болса, ол даўыслының жубайын аңлатыў ушын латын әлипбесинде болмаса да, ы таңбасы алынды. Солай етип қарақалпақ тилиндеги жуўан ҳәм жиңишке жубайлас даўыслыларды қосымша таңбалар айырып туратуғын бол- ды: а-ә, о-ө, у-ү, ы-и. Бул теориялық жақтан да оғада дурыс шешим еди. Сондай-ақ жазылыўы жағынан Халқабад, педагок болып, айтылыўы бойынша жазылғаны да дурыс. Бирақ имла қәделери бойынша педагог, халқабад болып 136 жазылыўы керек. Айтылыўы менен жазылыўы сәйкес келмесе де, соңғысы ду- рыс деп есапланыўы тийис. Солай етип жазыў (графикалық) қәделери менен биргеликте имла қәделери де болады екен. Имла графикалық жазыўға тән болған жазыўдың бир түрли ны- замлы түрде қабыл етип алады ҳәм оны имла қәделерине сәйкес дурыс деп еса- планады. Демек, имла жазыўда графикалық қуралларды жолға салып, нызамлы ҳалға келтирип, тастыйықлап отырады. Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling