Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
131
§ 55 . Айырым даўыссыз сеслердиң айтылыўы Даўыслы сеслерге қарағанда да даўыссыз сеслер қоңсылас сеслердиң тәси- рине көбирек ушырайды. Даўыссыз сеслер қоңсылас келген даўыслылардың ыңғайына қарай бирде жуўан, бирде жиңишке, бирде жуўан ҳәм еринлик, бирде жиңишке ҳәм еринлик болып айтылады. Мысалы: тас-тес, тор-төр, тыс-тис, тус- түс сөзлерин салыстырыңыз. Бул мысалларда даўыссызлардың ҳәр түрли реңклеринде айтылыўы фонетикалық жағдайларға (қоңсылас даўыслылардың жуўан, жиңишке ямаса еринлик болыўына) байланыслы болып отыр. Сон- лықтан да даўыссызлардың жуўан, жиңишкелиги ямаса еринлик болыўы қарақалпақ тилинде фонетикалық хызмет атқамайды, ал олар тек бир фонема- ның ҳәр түрли реңклери болып саналады. Орыс тилинде даўыссызлардың жуўан я жиңишкелиги фонетикалық жағдайға байланыслы болмайды ҳәм ол өз- гешелик (даўыссызлардың жуўан я жиңишкелиги) сөзлердиң мәнисин өзгер- тиўге себепши болып, фонематикалық хызмет атқарады. Солай етип орыс ти- линде даўыссыздың жуўан ҳәм жиңишке болып айтылыўы ҳәр түрли фонема- ларды пайда етеди. Мысалы: брат-брат', вес-вес' сөзлериниң ақырындағы м ҳәм с сеслериниң бирде жуўан (брат, вес сөзлеринде), бирде жиңишке (брат', вес' сөзлеринде) айтылыўына себепши боларлықтай ҳеш қандай фонетикалық жағдай жоқ. Даўыслылардың жуўан я жиңишкелиги фонетикалық жағдайлар- дан ғәрезсиз болып, ол орыс тилиниң дәстүрине байланыслы болады. Даўыссыз сеслердиң дурыс айтылыў қәдеси жөнинде сөз болғанда олар- дың үнлеслик нызамы да сөзсиз есапқа алыныўы керек. (бул жөнинде 52-53-54 параграфларда айтылғанлықтан, бул жерде арнаўлы тоқтамаймыз). Сондай-ақ даўыссыз сеслер сөзлердиң қайсы позициясында (басында, ортасында, ақырын- да) келиўине қарай өзлериниң өзгешеликлери менен айтылыўы мүмкин. Мәсе- лен, айырым даўыссыз сеслер өзлериниң жабысыңқы болыўына қарамастан сөздиң ортасында, әсиресе еки даўыслының арасында келгенде жуўасыңқы түрде айтылады. Мысалы: апа, таба, кепек, себеп, ақыл, сақал т.б. сөзлерде п, б, қ фонемаларының тийкарғы реңклери жабысыңқы болыўына қарамастан, олар жуўысыңқы түрде айтылады. Даўыссыз сеслердиң ишинде в, ф, с (ч) тс сеслериниң айтылыўы айы- рықша итибарға ылайық. Олар сырттан кирген сөзлерде жумсалады: в, с, ц орыс тилинен кирген сөзлеге, ф сеси орыс тилинен ҳәм араб-парсы тиллеринен кир- ген сөзлерде ушырасады. Ол сеслер ҳәзирги қарақалпақ әдебий сөйлеў тилинде орыс тилиниң орфоэпиялық қәдесине жақын түрде айтылады. Орыс тилиндеги- дей етип айтыў қарақалпақ тилиниң орфоэпиясы ушын қәде етип қабыллаған. Бирақ имла қәделеринен шетлеўшилик, солай етип в, ф, тс сеслерин сәйкес б, п, с, ш түринде айтыў елеге шекем қарақалпақ тилинде сөйлеўши халықтың әдеўир бөлегинде ушырасады. Мысалы: вагон, фартук, цек сыяқлы сөзлерди ба- гон, партук, ямаса партөк, сех, түринде айтады. Сөздиң ақырында үнли в сеси- ниң орнына ф сесиниң айтылыўы орфоэпиялық қәдеге сәйкес келеди деп сана- лады. Мысалы: коллектив-коллектип, актив-актип, Иванов-Иваноп. Сөзлердиң ақырында үнлилердиң орнына үнсиз даўыссызлардың алмасып айтылыўы орыс 132 тили ушын да тән. Қарақалпақ тилинде бундай сөзлерге қосымтаның үнсиз даўыссызлардан басланған вариантлары жалғанады: коллективке, коллективге (емес), активтиң, активдиң (емес), Ивановқа, Ивановға (емес). Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling