Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet71/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   67   68   69   70   71   72   73   74   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
§ 54
. Айырым даўыслы сеслердиң айтылыўы 
Даўыслы сеслер қоңсылас даўыссыз сеслердиң тәсири нәтийжесинде бел-
гили дәрежеде өзгерислери менен айтылады. Мысалы: қағаз-канал, қамал-
канал, қақ-шаш, қар-яр, аға-айа жубайлас сөзлериниң алдыңғыларындағы 
(қағаз, қамал, қақ, қар, аға) даўыслы а фонемасы қоңсылас кишкене тиллик қ, ғ 
даўыссызларының тәсири нәтийжесинде терең тил арты реңкинде айтылады. 
Ал, соңғы сөзлерде а фонемасы (канал, камал, шаш, яр, айа) тил ортақ реңкинде 
айтылады. Әлбетте, бул жерде жиңишке а фонемасына айланып кетпеген ҳал-
дағы а фонемасының реңкин түсинемиз. Қоңсылас сеслердиң бундай тәсири тек 
ғана а сесине емес, сондай-ақ тил арты басқа даўыслыларына да (о, у, ы) тийис-
ли болады.
Жуўан а фонемасының жиңишкерек реңкинде айтылыўына қоңсылас 
буўындағы даўыслының жиңишке болып келиўи үлкен тәсир етеди. Мысалы: 
рахмет, мақсет, илаж, инта, бийдай, дәрҳал, мәрдикар, жулўа тағы басқа сөзлер-
де а өзиниң әдеттеги қәлпинен жиңишкерек болып айтылады. Орыс тилинен 
кирген сөзлерди а даўыслы қоңсылас келген даўыссызлардың жиңишке бо-
лыўына ямаса қоңсылас буўынның жиңишке болыўына байланыслы жиңишке а 
сеси сыяқлы болып айтылады. Мысалы: альбом (әлбом), асфальт (әсфалт), арт-
лея (әллейа), газета (гәзета), кабинет (кәбинет), лагерь (ләгер), пакет (пәкет). 
Сондай-ақ орыс тилинде пәтсиз буўында о ҳәриби менен жазылып жүрген сес 
қарақалпақ тилинде ә сеси сыяқлы болып айтылады. Мысалы: колхоз-кәлхоз, 
концерт-кәнсерт, конгресс-кәнгрес, конференция-кәнфересийе. Орыс тилинен 
кирген сөзлер орыс тилиниң орфоэпия ҳәм имла қәделерине бағынған ҳалда ай-
тылады ҳәм жазылады.
Даўыслы е, о, ө сеслери сөзлердиң ҳәр түрли жағдайларында жумсалыўы 
жағынан шекленген болады.


130 
Даўыслы е фонемасы орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден 
кирген сөзлерде түпкиликли сөзлердегиге қарағанда ашығырақ реңкте айтыла-
ды. Орыс тилинен кирген сөзлерде пәтли буўынларда ғана о сеси айтылады. Ал 
пәтсиз буўынларда о ҳәриби жазылған менен олар бирде а түринде (каператип-
коператив), бирде а түринде (кәлхоз), бирде ы түринде (редактыр) айтылады. 
Даўыслы ө сеси негизинен түпкиликли сөзлердиң биринши буўынында жумса-
лады. Бирақ үнлеслик нызамы бойынша биринши буўында ү ямаса ө еринлик 
даўыслылардың бириниң келиўи нәтийжесинде екинши буўындағы е сеси ө се-
сине айланып айтылады. Соның есабынан еринлик ө сесине айланып айтылады. 
Соның есабынан еринлик ө сеси екинши буўында да жумсалады. Мысалы: бөле, 
гөне, шөрек, төле айтылыўы бөлө, гөнө, шөрөк, төлө т.б. 
Ҳәр қыйлы фонетикалық жағдайларға байланыслы барлық даўыслы 
сеслердиң созымлылығы өзгериске ушырап отырады. Бул өзгерис, әсиресе, 
қысық даўыслылар болған ы, и, у, ү сеслеринде күшлирек болады. Олар редук-
цияға ушыраған реңклери менен редукцияға ушырмаған реңклери ортасында 
айырмашылықты анық сезиўге болады. Мысалы: жыл, жырақ, биз, дизим, жул, 
жүр сөзлеринде даўыслылар өзлериниң тәбийий ҳалына, тийкарғы реңкине 
жүдә жақын айтылса, қысқарт, кисен, қутқар, күткен сыяқлы сөзлерде ы, и, у, ү 
даўыслылары күшли редукцияға ушырап жүдә қысқа айтылады. Даўыслы 
сеслердиң үнлеслик нызамы бойынша биринши буўында о ямаса ө еринлик 
даўыслыларының биреўи келсе, екинши буўындағы ы сеси у сесине айланып, 
биринши буўында ө ямаса ү сеслериниң биреўи келсе, екинши буўындағы и се-
си ү сесине айланып айтылады. Даўыслылардың булай айтылыўы орфоэпиялық 
қәдеге сәйкес болып табылады.



Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   67   68   69   70   71   72   73   74   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling