Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
ОРФОЭПИЯ §53 . Орфоэпия ҳаққында түсиник Әдебий тил ҳәм оның тараўлары қәлиплескен және ҳәммеге ортақ қабыл етилген қәделерине ийе болады. Әдебий тилдиң грамматика тараўында да, лек- сикасында да, сондай-ақ аўызша сөйлеўде де белгили бир нормаларға, қағыйда- ларға тийкарланыўшылықты көремиз. Бул нормалардың бузылыўы, бул қағый- далардан шетлеў - әдебий тилде сөйлеўден шетлеў деген сөз. Тилдиң сөзлик фондын қурайтуғын сөзлер, тилдиң грамматикалық қурылысы сол тилде сөй- леўши халық ушын ортақ болатуғыны сыяқлы, олардан сол тилде сөйлеўшилер теңдей пайдаланады. Тил сеслеринен пайдаланғанда ҳәр қыйлылыққа, нормадан шетлеўге жол қойыўға болмайды. Әдебий тилде дурыс сөйлеў нормаларының жыйнағы фонетиканың орфо- эпия 2 тараўында изертленеди. Әдебий тилдиң орфоэпиясы жеке сеслер ҳәм сес дизбеклериниң дурыс айтылыўын үйрениў менен бирге сөзлер ҳәм сөз диз- беклериниң дурыс айтылыўын да изертлейди. Ҳәр бир сес өзиниң артикуляциялық айрықшалығына ийе болатуғыны мәлим. Соның менен бирге бир сестиң жеке турғандағысы менен басқа сеслер дизбегинде, сөз ишинде жумсалғандағысы ортасында артикуляциялық жақтан айырмашылығы бар. Белгили бир сес сөзлерде жумсалғанда ҳәр түрли тәсир- лердиң себебинен фонетикалық жағдайларға байланыслы мәлим дәрежеде өз- гешеликлери менен айтылады. Пүткил адамзаттың сөйлеў ағзаларының қурылысы анатомиялық, физио- логиялық жақтан биргелки болады. Бирақ барлық тиллерде сөйлеў ағзаларының ҳәммесиниң атқаратуғын хызмети бирдей бола бермеўи мүмкин. Бираз тиллерде сес пайда етиў ушын сөйлеў ағзасы актив қатнасса, басқа тиллерде ол сөйлеў ағзасы пассив қатнасыўы мүмкин. Демек, физиологиялық жақтан сөйлеў ағзалары ҳәммеде бирдей ал олардан пайдаланыў белгили бир тилдиң нызамлылығына, дәстүрине байланыслы болады. Ҳәр бир тилдиң өзине тән артикуляциялық базасы болады. Бирақ сөйлеўши сөйлеў ағзаларынан мақсетке муўапық пайдаланса, узақ көнлигиўлердиң нәтийжесинде қайсы тил- диң сеслик системасындағы сеслерди болса да, дурыс айта алады. Мәселен, 2 Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling