Абатбай дәЎлетов
Метатеза - грекше metathesis – «орын алмастырыў» дегенди аңлатады. 119
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
Метатеза - грекше metathesis – «орын алмастырыў» дегенди аңлатады.
119 буўын қурайтуғын сес делинеди ҳәм ол буўынды шөлкемлестириўши, буўын- ның орайы болады. Ал аз күш жумсалатуғын, мускуллардың босаңласыўы арқалы жасалатуғын сес (даўыссыз сес) буўын қурай алмайтуғын сес делинеди ҳәм ол даўыслы сестиң жетегинде буўынның қурылысында келеди. § 50 . Буўынға бөлиў Ҳәр бир буўын артикуляциялық жақтан үш басқыштан турады; биринши күш жумсаўдың кем-кем өсип барыў басқышы; екинши, күш жумсаўдың шыңы; үшинши, күш жумсаўдың пәсеңлеп барыў басқышы. Даўыссыз сеслер буўын- ның орайы болған даўыслы сестиң алдында ямаса соңында келип, күштиң кем- кем өсиў ямаса пәсеңлеп барыў басқышына туўра келеди. Егер буўын тек жалғыз даўыслы сестен ибарат болса, ол даўыслы сес үш басқышты да толық бастан кеширеди. Буны графикалық усыл арқалы толқын тәризли иймек сызық пенен көрсетиў мүмкин: Буўынның шыңы (екинши басқыш) иймек сызықтың ең дөңис бөлиминде жайласады; дөңистиң еки қапталында биринши ҳәм үшинши басқыш жайласа- ды; буўынлардың шегарасы төменги ойыста болады. 1 Мускуллардың босаңласыўы менен қайтадан керилип, қатая баслаўының аралығынан буўынның шегарасы өтеди. Буўынның шегарасында ҳаўа ағымы аз ўақытқа бөлинеди. Буўынның шегарасындағы даўыссыз сестиң алдыңғы ҳәм кейинги бөлимлери биргелки айтылмайды. Егер де буўын даўыссыз сестен басланса, яғный буўынның ишинде даўыссыздан кейин даўыслы келсе, онда ол даўыссыздың соңғы бөлими қатты айтылады. Егер де буўын даўыссызға та- мамланса, онда ол даўыссыз сестиң алыңғы бөлими қатты айтылады. Бул әси- ресе, жабысыңқы даўыссыз сеслердиң соңғы - жарылыўшы бөлиминиң айты- лыўында анық көринеди. Мәселен, тас сөзиндеги т сесиниң соңғы жарылыўшы бөлими анық ҳәм күшли айтылады, ал ат сөзиндеги т сесиниң жарылыўшы бөлими жүдә өлпең айтылады ямаса гейде айтылмай да (жарылыў пайда етил- мей) қалады. Сондай-ақ, тат, қақ сыяқлы сөзлердиң басындағы ҳәм ақы- рындағы биргелки фонемаларды салыстырсақ та бул қубылысты аңлаймыз. Со- лай етип буўынның ишиндеги даўыссыз сестиң даўыслыға жақын бөлими қат- тырақ айтылады. Сөзлерди буўынларға бөлиў паўза ҳәм пәт пенен тығыз байланыслы бола- ды. Сөздиң соңында келетуғын даўыссыз сес паўзаның алдында келгенде бир буўынға (алдыңғы буўынға), сөйлеў ағымының ишинде - сөз дизбегиндеги сөзлердиң шегарасында келгенде екинши (соңғы) буўынға қараслы болады. Мысалы: Ўақыт өтиў менен жас та қартаяр. Бул гәпте жас сөзи баслаўыш бо- лып, оннан кейин паўза исленеди. Ал ол-жас ағаш деген гәпте ол сөзи баслаўыш болып, оннан кейин паўза исленеди. Жас ағаш - анықлаўшы ҳәм анықланыўшылық қатнастағы сөз дизбеги болып, олардың арасында паўза ис- ленбейди. Сонлықтан жас сөзиндеги пәт көмескиленеди ҳәм ол пүтинлигин 1 Л.Р.Зиндер. Общая фонетика Л., 1970, 283-бет. 120 жоғалтып, соңғысы с сеси келеси сөздиң биринши буўыны менен қосылып, жа- са-ғаш түринде айтылады. Сөйлеў ўақтында сөзлердиң жеке-жеке сеслерге бөлиў тек лингвистикалық тийкарда ғана мүмкин болады. Бир-бирине өтлесип кеткенликтен сөйлеў ағы- мына артикуляциялық белгилер тийкарында сеслерди бөлип ала алмаймыз. Сөйлеў ағымы артикуляциялық жақтан дара-дара сеслерге емес, ал буўынларға бөлинеди. Сөйлеўдиң ең киши артикуляциялық бирлиги буўынлар болады. Сонлықтан сөзлер морфологиялық қурылысына қарай түбир ҳәм қосымталарға бөлинсе, фонетикалық қурылысына қарай олар буўынларға бөлинеди. Бирақ сөзлердиң буўынларға бөлиниўи менен морфемаларға бөлиниўи мудамы сәйкес келе бермейди. Мәселен, ат-лар, айт-ты, бас-ла сыяқлы сөзлерде буўынның ше- гарасы менен морфеманың шегарасы бир жерден өтип, сәйкес келип тур; ал са- нас, келе, үйрете сөзлери морфологиялық жақтан сан-а, ке-ле, үй-ре-те болып буўынларға бөлинип морфеманың шегарасы менен буўынның шегарасы сәйкес келмейди. Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling