Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet60/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
§ 42
. Диссимиляция қубылысы 
 
Сөзлердеги сингармонизм қубылысы бойынша усас емес сеслер өз ара усас 
ямаса бирдей сеслерге айланса, керисинше сеслердиң диссимиляция қубылысы 
бойынша усас ямаса бирдей болған еки сестиң биреўи белгили дәрежеде өзге-
риске ушырап, өз ара усамайтуғын сеслерге айланады. Солай етип артикуляци-
ялық жақтан бирдей ямаса усас болған еки сестиң ҳәр қыйлы сеслерге ямаса аз 
дәрежеде усас болған еки сеске айланыўы диссимиляция
1
қубылысы делинеди. 
Диссимилияция қубылысы басқа түркий тиллердеги сыяқлы қарақалпақ 
тилинде жүдә көп таралмаған. Қоңсылас болып келген сеслер ортасында ҳәм 
тиккелей қоңсы болып келмей, араларында басқа сеслер жумсалған қоңсылас 
буўынлардағы сеслер ортасында диссимилияция қубылысы болыўы мүмкин; 
сондай-ақ сеслердиң өз ара усаслығын жоғалтыўы прогрессивлик ҳәм регрес-
сивлик диссимиляция түринде болыўы мүмкин. Қоңсылас сеслердиң өз ара 
усаслығын жойтылыўын контактлы
1
 
диссимиляция деп, ал араларында басқа 
сеслер жумсалған қоңсылас буўынлардағы сеслердиң өз ара усаслығын жойыл-
тыўын дистактлы
2
 
диссимиляция деп атайды. 
1
Диссиимиляция - латынша dissimilаtiо «усамаў», сәйкелеспеў деген мәнини билдиреди.
1
Контактлы - латынша sоntаktus – «тийип турған» деген мәниде. 22-301
2
Дистактлы - латынша distаstus – «ажырасып турған» деген мәниде.


113 
Қоңсылас сеслердиң өз ара усаслығын жойылтыўына, яғный контактлы 
диссимиляцияға төмендеги фактлерди келтириў мүмкин:
1. Даўыстың қатнасы бойынша гейпара қоңсылас сеслер өз үнлеслигин 
жоғалтып айтылады. Мысалы: кетпен, батпан, душпан, тәрептар, өйткени 
сыяқлы сөзлердиң сөйлеў тилинде кетбен (кетмен), батбан (батман), душпан 
(душман), тәрепдар, өйтгени болып айтылыўы прогрессивлик диссимиляция 
болады. Өйткени қатар келген үнсиз даўыссызлардың соңғысы үнлиге (ямаса 
сонорға) айланып тур. 
2. Аўыз ямаса мурын бослығының резонатор хызметин атқарыўы бойынша 
гейпара қоңсылас сеслер өз үнлеслигин жоғалтады. Мысалы: таңнай-таңлай, 
маңнай-маңлай, миннет-миндет, каммағал-кәмбағал сөзлеринде қатар келген 
еки мурынлық даўыссызлардың соңғысының өзгериўи менен прогрессивлик 
диссимиляция қубылысы пайда болып тур. 
3. Жасалыў орны бойынша айырым қоңсылас сеслер өз ара усаслығын 
жоғалтыўы мүмкин. Мысалы: трамвай -транвай, бомба-бонба, гүмбез-гүнбез, 
қамба-қанба (ылай мәнисинде), танбады (тамшыламаў мәнисинде), Алламберг-
ен - Алланберген, т.б. Бул мысалларда қатар келген м ҳәм мб еринлик сеслер-
диң дәслепки (м сеси) тил алды н сесине айланып айтылып, регрессивлик дис-
симиляцияны пайда етеди. 
4. Сондай-ақ табыс сеплигиниң сонор даўыссыздан басланған ны, ни 
жалғаўлары бир қатар түркий тиллерде алдында келетуғын сонор даўыссызлар 
менен үнлесип, прогрессивлик ассимиляция нызамы бойынша (қаўынны, аўыл-
ны, әлемни түринде) жумсалатуғын болса; қарақалпақ, қазақ, қырғыз тилинде 
олар (ны, ни) үнли даўыссыздан басланып, ды, ди түринде жумсалады. 
3
Мысалы: қаўынды, аўылды, әлемди т.б. Бул мысаллардағы сонор менен үнли 
даўыссызлардың қатар келиўи прогрессивлик ассимиляция болыў менен бирге 
басқа бираз тиллердеги сонордан басланатуғын (ны, ни) қосымталардың 
қарақалпақ тилинде үнлиден басланатуғын (ды, ди) болып жумсалыўы регрес-
сивлик диссимиляцияның нәтийжеси болыўы керек. 
Түрк тилинде айырым фонетикалық жағдайларда с (ч), дж аффрикатлары-
ның алдыңғы жабысыңқы т, д элементлери түсирилип, жуўысыңқы ш (ш), ж 
сеслерине айланыўын диссимиляция қубылысы деп санайды. 
Мысалы: гесмек, гасты, усқын сөзлериниң гешмек, қашты, ушқун болып 
айтылыўы с сесиниң диссмиляцияға ушыраўы болады; едждат (ата-бабалар), 
тедждит (жаңалаў), еджнас (туқым, сорт) сөзлериниң еджат, тәждит ежнас бо-
лып айтылыўы түрк тилинде дж аффрикатының диссимиляцияға ушыраўы бо-
лады.
1
Өзбек ҳәм басқа да бир қанша тиллерде кести, қасти, усқун сыяқлы сөзлер-
де жабысыңқы даўыссызлардың алдында жумсалып турған аффрикат с (ч) се-
синиң қарақалпақ тилинде ш (ш) сеси менен алмасып қолланыўының өзи де 
(қарақалпақ тилинде) қашты, кешти, ушқын (регрессивлик диссимиляция менен 
байланыслы фонетикалық қубылыс болып саналады. 
3
К.Аханов. Тiл бiлiмiнiң негiздерi, Алма-ата, 1963, 318-б.
1
Э.В.Севортян, Фонетика турецкого литературного языка. М. 1955,53 б.


114 
Қоңсылас емес сеслердиң усаслығының жоғалыўына, яғный дистактлы 
диссимиляцияға орыс тилинен кирген коридор сөзиниң колидор болып айты-
лыўы (алдыңғы р сесиниң л сесине айланыўы), (латынша фебруариус) сөзиниң 
феврал болып (соңғы р сесиниң л сесине айланыўы) қәлиплесиўи мысал бола 
алады. Сондай-ақ ески орыс тилиндеги велблюд усындай диссимиляцияның 
нәтийжесинде верблюд болып қәлиплескен.
2
Алдыңғы л сеси соңғы л сесинен 
қашықласып, р сесине айланған.  

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling