Абатбай дәЎлетов


§ 33 . Кишкене тиллик-тил арты даўыссыз фонемаларының сы-


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet49/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

§ 33
. Кишкене тиллик-тил арты даўыссыз фонемаларының сы-
патламасы 
 
Даўыссыз [ғ/г], [қ/к] - кишкене тиллик - тил арты, аўызлық шаўқымлы 
фонемалар; [ғ/г] - үнли, [ғ] -реңки жуўысыңқы, [г] -реңки жабысыңқы; [қ/к]- 
үнсиз, жабысыңқы. 
Артикуляциялық жақтан [ғ/г] ҳәм [қ/к] даўыссыз фонемаларының реңклери 
жасалыў орынлары жағынан үлкен айырмашылыққа ийе: [ғ], [қ] -кишкене тил-
лик, [г], [к]- тил арты. Бул фонемалар сәйкес тил арты реңклери болған бул фо-
немалардың [г] ҳәм [к] сеслерин айтқанда тилдиң артқы бөлими жумсақ 
таңлайға жабысыўы тилдиң алдыңғы бөлиминиң түсиңки ҳалда болыўы, тил 
ушының шегиниўи, жумсақ таңлайдың артқы даўамы болған кишкене тилдиң 
көтерилип, мурын жолын жаўып турыўы арқалы жасалады. (31-сүўрет). Ал 
аталған даўыссыз фонемалардың [ғ] ҳәм [қ] реңклери тилдиң көтериңки
31-
сүўрет. Даўыссыз к сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 
 
ҳалда турған артқы бөлимине кишкене тилдиң жақынласыўы (ғ реңкин айтқан-
да) ямаса жабысыўы (қ реңкин айтқанда), тилдиң алдыңғы бөлими түсиңки 
ҳалда болыўы, тил ушының тағы да шегине отырып алдыңғы тислерден 
қашықласыўы, кишкене тилдиң көтерилип, мурын жолын жаўып турыўы 
арқалы жасалады (32-сүўрет). Буўынның сыпатына қарай [ғ/г], [қ/к] даўыссыз-
ларының ҳәр бири төрт түрли реңкте жумсалады; [ғ, г, г

, г
°
]; [қ, к, қ
°
, к
°
]. 
 
 
32-
сүўрет. Даўыссыз қ сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 


83 
:нсиз [қ/к] даўыссыз фонемасы сөздиң ортасында, әдетте еки даўыслының 
арасында жуўысыңқы түринде гезлеседи. Әсиресе оның кишкене тиллик реңки 
болған [қ] көбирек жуўысыңқыға айланады. Солай етип үнсиз кишкене тиллик 
[қ] өзиниң бул қәсийет бойынша үнли кишкене тиллик жубайы болған [ғ] се-
сине усайды. Сондай-ақ [қ/к] фонемасы сөздиң ақырында факультатив түрде 
бирде жабысыўшы, бирде жарылыўшы реңклеринде жумсалады.
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан[ғ/г] фонемасы шаўқым ҳәм 
даўыстан ибарат болып, ҳаўа ағымы өлпең болыўы ҳәм даўыстың басымырақ 
қатнасы даўыслылардың арасында келгенде анығырақ сезиледи. Даўыссыз [қ/к] 
фонемасы үнсиз болғанлықтан ҳаўа ағымы пәтли болады ҳәм барлық фонетика-
лық жағдайларда да тек шаўқым қатнасады.  

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling