Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet45/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

24-
сүўрет. Даўыссыз ш сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 
 
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан [ж] үнли болғанлықтан шаўқым 
менен бирге даўыс қатнасады. Даўыслылар аралығында ҳәм сонорлар менен 
қатара келгенде мудамы үнли түринде келеди, ал басқа жағдайларда үнсиз 


79 
реңкинде жумсалыўы да мүмкин. Даўыссыз [ш] сөзлердиң барлық жағдайла-
рында тек шаўқым арқалы жасалады. 
Даўыссыз [л] - тил алды, жуўысыңқы (қаптал жуўысыңқы), аўызлық, со-
нор фонема. Артикуляциялық жақтан тил ушы менен бирге алдыңғы бөлими 
үстиңги тислердиң түбине (альвеолға) жабысыўы ҳәм тилдиң еки тәрепи 
түсиңки бола отырып, еки қапталдан саңлақ пайда етилиўи арқалы жасалады. 
Жумсақ таңлай көтерилип, мурын жолын жаўып турады. Солай етип өкпеден 
шығып киятырған ҳаўа ағымы ортадан емес, ал тилдиң еки қапталынан (айы-
рым адамлардың сөйлеўинде бир қапталынан) шығады. Тилдиң ушы көтери-
лип, үстиңги тислер түбине тийип турғанлықтан бул апикаль даўыссызлар 
қатарына жатады (25-сүўрет). 
25-
сүўрет. Даўыссыз л сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 
 
Жуўысыңқы [с], [з], [ш], [ж] сеслерин айтқанда тилдиң еки тәрепи қаптал-
дағы тислерге жабысып, саңлақ дәл ортада болса , [л] сесин айтқанда, керисин-
ше, орта жабық болып, тилдиң еки тәрепи ашылып, саңлақ қапталдан пайда 
етиледи. Сонлықтан да [с], [з], [ш], [ж] орта жуўысыңқы болса, [л] қаптал 
жуўысыңқы даўыссызы болып саналады. Буўынның сыпатына қарай ол фонема 
[л, л', л
°
,
л

] реңклеринде жумсалады. 
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан [л] фонемасы сонор даўыссыз 
болғанлықтан шаўқымға қарағанда даўыс басымырақ қатнасады ҳәм ҳаўа ағы-
мы өлпең болады. Бул әсиресе еки даўыслының аралығындағы реңкинде анық 
сезиледи.
Даўыссыз [н] - тил алды, жабысыңқы, мурынлық, сонор фонема. 
Артикуляциялық жақтан тилдиң алдыңғы бөлиминиң таңлайдың алдыңғы 
бөлимине жабысыўы, тил ушының үстиңги тислердиң түбине тирелиўи ҳәм 
жумсақ таңлай түсиңки ҳалда болып, мурын жолының ашылыўы арқалы жаса-
лады. Сонлықтан да бул фонема мурынлық даўыссыз болып табылады. Тил 
ушының жағдайына қарай - апикаль. (26-сүўрет). Буўынның сыпатына қарай [н] 
фонемасы төрт түрли реңклерде жумсалады: [н, н', н
°
,
н

]. 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling