Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Даўыссыз [д], [т]
- Даўыссыз [з], [с]
77 Қарақалпақ тилинде тил алды даўыссыз фонемалары [т], [д], [с], [з], [ш], [ж], [н], [л], [р], [c], [č] болып, олардың соңғы екеўи тек орыс тилинен кирген сөзлерде ғана жумсалады. Даўыссыз [д], [т]- тил алды, жабысыңқы, аўызлық, шаўқымлы фонемалар: [д]-үнли, [т]-үнсиз. Артикуляциялық жақтан тилдиң алдыңғы бөлиминиң, таңлайдың алдыңғы бөлимине жабысыўы, тил ушының үстиңги тислердиң түбине тирелиўи ҳәм жумсақ таңлай көтериңки ҳалда болып, мурын жолының жабылыўы менен жа- салады. Тил ушының жағдайына қарай булар апикаль даўыссызлар болады. Бул даўыссызлар аўызлық сеслер қатарына жатады. Палатограммада тилдиң ал- дыңғы бөлиминиң алвеольға тийип, таға тәризли қалдырған изи анық көринеди. (22- сүўрет). Буўынның сыпатына қарай бул даўыссызлар төрт түрли реңклерде жумсалады:[д, д', д ° д '° ], [т, т', т ° т '° ] 22- сүўрет. Даўыссыз т сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. Сөздиң барлық жағдайларында булар жабысыңқы болады. Даўыслылардың алдында күшли жарылыў арқалы, ал даўыссызлардың алдында жарылыўсыз ай- тылады. Мысалы: [тас], [дар], [ата], [ада], [атқар], [жеткер], үнли [д] сеси сөздиң ақырында үнсизленеди. Мысалы' яд[ят], бәд [бәт]. Сондай-ақ [т] сеси сөздиң пүткиллей соңында факультатив түринде жабысыўшы (имплозив), бирде жары- лыўшы (эксплозив) реңклеринде жумсалады. Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан [д] үнли болғанлықтан шаўқым менен бирге даўыс қатнасады. Әсиресе, даўыстың басымырақ қатнасы даўыс- лылар аралығында келген реңкинде анығырақ сезиледи. Даўыссыз [т] үнсиз жа- бысыңқы болғанлықтан тек шаўқымнан ибарат болады. Даўыссыз [з], [с] - тил алды, жуўысыңқы, шаўқымлы, аўызлық фонема- лар; [з]-үнли, [с]-үнсиз. Артикуляциялық жақтан тилдиң алдыңғы бөлиминиң, анығырағы оның еки қапталының, таңлайдың алдыңғы бөлими, үстиңги тислердиң түбине тийиўи, тил ушының алдыңғы тислер түбине тирелиўи ҳәм ортада дөңгелек наўаша тәризли саңлақ пайда етилиўи арқалы жасалады. Сондай-ақ жумсақ таңлай көтериңки ҳалда болып, мурын жолын жаўып турады. Сонлықтан да бу- лар аўызлық сеслер қатарына жатады. Тил ушының төменги тислердиң түбине тирелгенликтен булар дорсаль даўыссызлар делинеди. (23-сүўрет). Басқа даўыссыз фонемалар сыяқлы булардың жуўан реңкин айтқанда тилдиң артқы бөлими, ал жиңишке реңкин айтқанда тилдиң ортаңғы бөлими көтериңки ҳалда болады; еринлик реңкин айтқанда еринлер алға үйириледи, езиўлик реңкин айтқанда еринлер ашық ҳәм бийтәреп ҳалында болады. Буўынның сыпатына қарай төрт түрли реңкте жумсалады: [з, з', з ° з '° ], [с, с', с ° с '° ]. Сөздиң барлық |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling