Абатбай дәЎлетов


Увуляр-латынша uvula сөзинен келип шығып, «кишкене тил» деген мәни аңлатады. 2 Фарингаль


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet39/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

Увуляр-латынша uvula сөзинен келип шығып, «кишкене тил» деген мәни аңлатады.
2
Фарингаль-латынша fhаringеs болып, «тамақ» деген мәни аңлатады.
3
Аффрикат-латынша afrikate сөзи болып, «қырып өтиў» деген мәни аңлатады.


73 
даўыс қатнаспайды, өкпеден шыққан ҳаўа ағымы жүдә күшли болып, үнсизлер 
тек шаўқымнан пайда болады. 
Даўыссыз сеслердиң көпшилигиниң жасалыўында аўыз қуўыслығы резе-
натор хызметин атқарса, гейпара даўыссызларды айтқанда мурын қуўыслығы 
да резенатор хызметин атқарады. Қарақалпақ тилинде [м], [н], [ң] сеслери - му-
рынлық даўыссызлар. Бул сеслердиң үшеўи де мурынлық даўыссыз сеслер 
болғаны менен бириншиси еринлик, екиншиси тил алды, үшиншиси кишкене 
тиллик болып, жасалыў орны жағынан олар бир-биринен айрылып турады. 
Сонлықтан мурынлық даўыссызларды айтқанда да аўыз қуўыслығының қай 
жеринде тосқынлық пайда етилиўи айрықша әҳмийетке ийе болады.
Даўыссыз фонемалардың жасалыўы орнын анықлаўда тийкарынан ҳәре-
кетшең сөйлеў ағзаларынының хызмети есапқа алынды ҳәм даўыссызлар жаса-
лыў орны жағынан сол ағзалардың аты менен аталынды. Мәселен, еринлик, тил 
алды, тил ортасы ҳәм т.б. Солай етип даўыссыз фонемалардың ҳәр бирине ар-
тикуляциялық ҳәм акустикалық сыпатлама берилди. 
Көпшилик түркий тиллердеги сыяқлы ҳәзирги қарақалпақ тилинде де 
даўыссыз фонемалардың жуўан ҳәм жиңишкелиги, еринлик ҳәм езиўлик екен-
лиги фонемалық хызмет атқармайды, яғный сөзлердиң мәнисин өзгертпейди. 
Керисинше, фонетикалық жағдайға байланыслы, яғный қурамындағы даўыслы-
ның сыпатына қарай ҳәр бир даўыссыз фонема қатаң түрде төрт түрли реңклер-
де жумсалады. Жуўан езиўлик даўыслылар менен бир буўында келгенде даўыс-
сыз фонема жуўан езиўлик реңкинде, жиңишке езиўлик даўыслылар менен кел-
генде даўыссыз фонема өзиниң жиңишке езиўлик реңкинде жумсалады. Син-
гармонизмге муўапық бул қубылыс қатаң сақланады. 
Ҳәр бир даўыссыз фонеманың тийкарғы артикуляциясы болыўы менен 
бирге сингармонизмге муўапық буўынның жағдайына қарай жуўан езиўлик, 
жиңишке езиўлик, жуўан еринлик, жиңишке еринлик болып айтылыўын тәмий-
инлеўши қосымша артикуляциясы да болады. Қосымша артикуляция арқалы 
даўыссыз фонемалардың фонетикалық реңклери пайда етиледи. Ал тилде фо-
неманың жасаўы тек оның реңклери арқалы иске асатуғынын есапқа алсақ, қо-
сымша артикуляцияның да қаншелли дәрежеде әҳмийетли екенин түсиниўге 
болады. Мәселен, [т] фонемасының тил алды, жабысыңқы, үнсиз, аўызлық бо-
лыўын оның тийкарғы артикуляциясы десек, буўынның жағдайына қарай жуўан 
езиўлик, жиңишке езиўлик, жуўан еринлик, жиңишке еринлик болыўын тәмий-
инлеўши артикуляциясын бул фонеманың қосымша артикуляциясы деп 
есаплаймыз. Даўыссыз фонемалардың бундай қосымша артикуляциясы тил ме-
нен еринлердиң қосымша ҳәрекети арқалы әмелге асады. Даўыссыз фонемалар-
дың жуўан реңкин айтқанда тилдиң артқы бөлими, ал жиңишке реңкин айтқан-
да тилдиң ортаңғы (ямаса алдыңғы) бөлими көтериңки ҳалда болыўы талап 
етиледи. Даўыссызлардың еринлик реңкин айтқанда еринлер жақынласып үйи-
рилиўи, езиўлик реңкин айтқанда еринлер ашық ҳәм бийтәреп ҳалда болыўы 
талап қылынады. Буннан тысқары жуўан даўыссыз фонема я еринлик, я езиўлик 
түрде ғана жумсалады; жиңишке даўыссыз да тап сондай, я еринлик, я езиўлик 
түрде ғана жумсала алады.


74 
Солай етип ҳәзирги қарақалпақ тилинде даўыссыз фонемалардың жуўан 
езиўлик, жиңишке езиўлик, жуўан еринлик, жиңишке еринлик реңклерде 
жумсалыўы олардың сөйлеў ағымындағы тәбийғый ҳалындағы артикуляциялық 
ҳәм акустикалық өзгешеликлерин аңлататуғын болғанлықтан бул белгилер 
жөнинде ҳәр бир даўыссыз фонеманың тусында қысқаша сөз етиледи. 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling