Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet41/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
 
 
 
19-
сүўрет. Даўыссыз ў сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 
 
Даўыстың ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан [ў] фонемасы сонор даўыссыз 
болғанлықтан шаўқымға қарағанда даўыс басымырақ айтылады. Бул, оның, 
әсиресе, буўынның ямаса сөздиң ақырында жумсалатуғын реңкинде анық сези-
леди.
Даўыссыз [м]-қос еринлик, жабысыңқы, сонор, мурынлық фонема. 
Артикуляциялық жақтан еки еринниң бир-бирине жабысыўы ҳәм жумсақ 
таңлай түсиңки ҳалда болғанлықтан, мурын жолының ашылыўы нәтийжесинде 
өкпеден шыққан ҳаўа ағымының мурын бослығынан өтиўи арқалы жасалады. 
(20-
сүўрет). Сонлықтан да бул фонема мурынлық даўыссыз болып, қарақалпақ 
тилиндеги басқа мурынлық даўыссызларды айтқанындай аўыз бослығында [м] 
сесин айтқанда еринлердиң тусында, [н] сесин айтқанда тилдиң алдындағы 
бөлиминиң тусында, [ң] сесин айтқанда кишкене тил менен тилдиң артқы 
бөлиминиң тусында жабысыў пайда етилип турған пайытта мурын жолынан 
ҳаўа ағымы үзликсиз шығып та турады, солай етип мурын бослығы жаңғырық 
хызметин атқарады. Сонор [м] сеси сөздиң барлық жағдайында (басында, орта-
сында, ақырында) жабысыңқы болыў менен бирге, сөздиң ақырында жа-
бысыўшы және жарылыўшы болып, еки түрли реңкте жумсалады. Бул фонема-
ның жабысыўшы реңки басымырақ. Мынадай сөзлер салыстырылады: [там], 
[жем] - бирде жабысыўшы, бирде жарылыўшы, [қамба], [қумбул], -
жабысыўшы; [қамты], [жамғыр] - бирде жарылыўшы, бирде жабысыўшы. 
Буўынның сыпатына қарай бул фонема [м, м',м
°


] реңклеринде жумсалады. 
 


76 
 
 
 
20-
сүўрет. Даўыссыз м сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан [м] фонемасы сонор даўыссыз 
болғанлықтан шаўқымға қарағанда даўыс басымырақ қатнасады. Әсиресе, еки 
даўыслының арасында акустикалық сыпатламасы жағынан ол даўыслыларға 
усап кетеди.

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling