Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet40/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
§ 30. 
Еринлик даўыссыз фонемалардың сыпатламасы 
 
Қарақалпақ тилинде еринлик даўыссызлар фонемалар [б], [п], [ў], [м], [в], 
[ф] болып, олардың соңғы екеўи тек сырттан кирген сөзлерде ғана жумсалады. 
Даўыссыз [б], [п] - қос еринлик, жабысыңқы, аўызлық, шаўқымлы фоне-
малар; [б] - үнли, [п] - үнсиз. 
Артикуляциялық жақтан еки еринниң өз ара жабысыўы кейин бирден 
ажырасыўы нәтийжесинде пайда етилген жарылыў арқалы, сондай-ақ жумсақ 
таңлай көтериңки ҳалда болып, мурын жолының жабылыўы менен жасалады. 
Сонлықтан да бул даўыссызлар мурынлық емес, ал аўызлық фонемалар болады. 
(18-
сүўрет). Жуўан даўыслылар менен келгенде жуўан реңкин айтқанда тилдиң 
артқы бөлими, ал жиңишке даўыслылар менен келгендеги жиңишке реңкин 
айтқанда тилдиң ортаңғы бөлими көтериңки ҳалда болады; еринлик даўыслы-
лар менен келгендеги еринлик реңкин айтқанда еринлер алға үйирилиўи арқалы 
жасалады; езиўлик даўыслылар менен келгендеги езиўлик реңкин айтқанда 
еринлер әдеттеги ашық, бийтәреп қәлпинде болады. Солай етип ол даўыссыз 
фонемалардың ҳәр бири төрт түрли реңкте жумсалады: [б, б', б
°
, б

]
, [п, п' п
°

п

. Cөздиң басында ҳәм ақырында (сөз ақырында тек [п] жумсалады) жа-
бысыңқы реңки, ал еки даўыслының ортасында ҳәм жуўысыңқы даўыссызлар 
менен қоңсылас жағдайда жуўысыңқы реңклери жумсалады.
 
 
18-
сүўрет. Даўыссыз п сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 
Мысалы: [бас], [пал], [тар] сөзлеринде-жабысыңқы реңклер; [түфле], 
[ғүфш'ек], [тава], [афа] сөзлеринде жуўысыңқы реңклер. :нсиз [п] сеси сөздиң 
ақырында бирде жабысыўшы (имплозив), бирде жарылыўшы (эксплозив) 
реңклеринде айтылады. Мәселен, [тап], [сеп] түриндеги сөзлерден соң сөйлеў 
ағымы даўам етпей, аўыздың жабық ҳалында қалыўы арқалы жабысыўшы 
реңки айтылады. Ал сөйлеў ағымы даўам етилип, еринлердиң ендиги сести ай-
тыўға бейимлесип ашылыўы арқалы оның жарылыўшы реңки айтылады. 
Даўыссыз [б] үнли болғанлықтан шаўқым менен бирге даўыстың қатнасы-
нан, ал [п] үнсиз болғанлықтан тек ғана шаўқымның қатнасынан жасалады.
Даўыссыз [ў]- қос еринлик, жуўысыңқы, сонор, аўызлық фонема.
Артикуляциялық жақтан еки еринниң алға қарай үйирилип, дөңгелек 
саңлақ пайда етилиўи нәтийжесинде ҳәм жумсақ таңлай жоқары көтерилип, му-


75 
рын жолының жаўып турыўы арқалы жасалады. Ҳаўа ағымы аўыз арқалы 
өткенликтен ол аўызлық фонема болып табылады (19-сүўрет). Еринниң 
жағдайы даўыслыларды айтқандағыға усайды. Басқа барлық даўыссызлар фо-
нетикалық жағдайдың себебинен, яғный еринлик даўыслылар менен бир 
буўында келгени себепли еринлик реңклерине ийе болса, еринлик [ў] фонемасы 
мудамы тек ернлик реңклеринде ғана жуўан ҳәм жиңишке түринде жумсалады. 
Солай етип бул фонема мудамы я жуўан еринлик, я жиңишке еринлик реңклери 
арқалы көринеди де, ал басқа даўыссыз фонемалар сыяқлы оның жуўан езиўлик 
ҳәм жиңишке езиўлик реңклери болмайды. Басқа даўыссыз фонемалардан тағы 
бир айрықшалығы [ў] даўыссызы, сондай-ақ тил ортасы [й] даўыссызы да, 
сөздиң (ямаса буўынның) басында бир түрли, сөздиң (ямаса буўынның) ақы-
рында басқа түрли реңклеринде жумсалады. Сөздиң (буўынның) басында жаса-
лыў орнындағы сөйлеў ағзаларының тосқынлығы күшлирек болып, даўыссыз 
сеске тән артикуляцияға ийе болады. Ал сөздиң (буўынның) ақырында 
тосқынлық өлпең болып, даўыслыға тән артикуляцияға ийе болады. Салысты-
рың: [ўаз]- [таў]. [ке-ўил]- [кеў-ди]. 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling