Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet38/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
§ 29. 
Даўыссызлардың артикуляциялық ҳәм
акустикалық сыпатламасы 
Тил сеслери сөйлеў ағзаларының ҳәрекети арқалы жасалатуғынлығы 
мәлим. Сеслердиң жасалыўында ҳәрекетшең сөйлеў ағзаларының хызмети ай-
рықша әҳмийетке ийе. Сонлықтан даўыссыз фонемалардың жасалыўы жөнинде 
сөз болғанда сөйлеў ағзаларының қайсылары ҳәрекетке келеди, қандай қәлипте 
болады, даўыс қатнаса ма, жоқ паЎ деген сыяқлы мәселелер көзде тутылады. 
Сондай-ақ ҳәрекет етпейтуғын сөйлеў ағзалары да сеслердиң жасалыўы ушын 
белгили дәрежеде хызмет атқарады. Олар ҳәрекетшең сөйлеў ағзаларына тире-
2
Сонда, 128-б.
1
Даулетов А. Дисстрибуция консанатних сочетаний в каракалпакском языке и их фонемно-
фонетический анализ. Журнал “Вестник КК ФАН Уз ССР”, 1983, №3, 67-б.


72 
ниш болыў менен бирге жаңғырық хызметин атқаратуғын аўыз ҳәм мурын 
бослықларының дийўаллары ўазыйпасын атқарады. 
Тил сеслериниң жасалыўы ушын ҳаўа ағымы ҳәм ўақыт бирлиги керек. 
Ўақыт бирлиги ҳәм ҳаўа ағымы менен бирге даўыссыз сеслердиң айтылыўында 
сөйлеў ағзаларының бир жеринде тосқынлықтың пайда етилиўи зәрүр. Солай 
етип артикуляциялық жақтан даўыссызларға улыўма нәрсе-оларды айтқанда 
өкпеден шыққан ҳаўа ағымы аўыз қуўыслығында тосқынлыққа ушырай оты-
рып, даўыслылар ушын керекли болған шаўқымды пайда етеди. Даўыссызлар-
дың жасалыўында бөлеклене ҳәрекет етип, тосқынлықты пайда етиўши бир 
ҳәрекетшең сөйлеў ағзасына ғана күш түсип, сол сөйлеў ағзасының хызмети 
айрықша болады. Дәл тосқынлық пайда етилген орын даўыссыз сестиң жасалыў 
орны болады. Мысалы, [т] ҳәм [с] даўыссызлары жасалыў орны жағынан тил 
алды фонемалары болып саналады. Себеби оларды айтқанда тилдиң алдыңғы 
бөлими менен альвеол ортасында тосқынлық пайда етилип тур. Даўыссыз [й] 
сесин айтқанда тилдиң ортаңғы бөлими менен таңлайдың ортаңғы бөлими ара-
сында, [к] ҳәм [г] сеслерин айтқанда тилдиң артқы бөлими менен артқы 
(жумсақ) таңлай арасында тосқынлық пайда етиледи. Сонлықтан [й] сеси тил 
ортасы даўыссызы, ал [к], [г] сеслери тил арты даўыссызлары деп айтылады. 
Жасалыў орны жағынан [т], [с] даўыссыз сеслериниң тил алды, [й] сесиниң тил 
ортасы, [к], [г] сеслериниң тил арты деп аталыўында ҳәрекетшең сөйлеў ағзасы 
болған тилдиң қайсы бөлиминиң ҳәрекетке келип, тосқынлық пайда етиўи 
есапқа алынады. Сондай-ақ жасалыў орны жағынан [п], [б] сеслериниң еринлик, 
[қ], [ғ] сеслериниң кишкене тиллик ямаса увуляр
1
, [ҳ] сесиниң көмекей ямаса 
фарингаль
2
деп айтылыўында ҳәрекетшең сөйлеў ағзаларының хызмети есапқа 
алынады. Ҳәркетшең сөйлеў ағзасының ҳәрекетке келмейтуғын сөйлеў ағзасы-
на жабысыў (тийиў) арқалы, жуўысыўы (жақынласыўы) арқалы, бирден жа-
бысыўы ҳәм кейин ала ақырын жаздырылыўы арқалы ямаса ҳәрекетшең сөйлеў 
ағзасының (тил ушының) дирилдеўи арқалы тосқынлық пайда етилиўи мүмкин. 
Даўыссыз сеслердиң артикуляциясында тосқынлықтың бундай түрли усыл ме-
нен пайда етилиўи даўыссызлардың жасалыў усылы болады. Мысалы, жасалыў 
усылы жағынан [т], [к], [г] сеслери жабысыңқы, [с] [й] сеслери жуўысыңқы, [р] 
сеси дирилдеўик, ал [т] [щ] сеслерин айтқанда дәслеп жабысыў, изин ала 
жуўысыў пайда етилип, олар бирикпели ямаса аффрикат
3
 
фонемалар деп атала-
ды. 
Даўыссыз сеслер даўыстың (даўыс шымылдығының) қатнасы жағынан ҳәм 
ҳаўа ағымының пәти жағынан биргелки болмайды. Сонорларды айтқанда даўыс 
қатнасады ҳәм ҳаўа ағымы күшсиз, өлпең болады. Ҳаўа ағымы ҳәлсиз 
болғанлықтан сонорлардың жасалыўында даўыс шаўқымнан басым еситиледи. 
:нли даўыссыз сеслерди айтқанда даўыс қатнасады ҳәм ҳаўа ағымы күшли бо-
лады. Ҳаўа ағымы пәтли болғанлықтан үнлилерди айтқанда сонорларға 
қарағанда шаўқым басым болып келеди. Ал үнсиз даўыссыз сеслерди айтқанда 
1

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling