Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet42/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   38   39   40   41   42   43   44   45   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

Даўыссыз [в], [ф] - еринлик-тислик, жуўысыңқы, шаўқымлы, аўызлық 
фонемалар: [в]- үнли, [ф]- үнсиз.
Артикуляциялық жақтан астыңғы еринлер менен үстиңги тислер ара-
сындағы саңлақ қалдырылыўы арқалы ҳәм жумсақ таңлай көтериңки болып, 
мурын жолының жабылыўы менен жасалады. (21-сүўрет).
 
 
 
 
21-
сүўрет. Даўыссыз в сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 
 
Бул даўыссызлар мурынлық емес, аўызлық болып табылады. Ал тилдиң 
жағдайы қурылысындағы даўыслы фонеманың жуўан, жиңишкелигине қарай 
өзгереди. Жуўан даўыслылар менен қоңсылас келип, жуўан реңкте айтылғанда 
тил түсиңки ҳалда, ал жиңишке даўыслылар менен қоңсылас келип, жиңишке 
реңкин айтқанда тил көтериңки ҳалда болады. Еринлик даўыслылар менен 
қоңсылас болып еринлик реңкин айтқанда еринлер жақынласып үйирилиўи 
арқалы жасалады, ал езиўлик даўыслылар менен келип, езиўлик реңкин айтқан-
да еринлер әдеттеги бийтәреп қәлпине жақын болады. Солай етип, олардың ҳәр 
қайcысы теориялық жақтан төрт түрли реңклерде жумсалыўы мүмкин болғаны 
менен әмелий жақтан қарақалпақ тилинде үнли [в] фонемасы жуўан езиўлик 
(вагон түриндеги сөзлерде), жиңишке езиўлик (в'ин
°
о түриндеги сөзлерде), 
жуўан еринлик (в
°
ол 
°
га түриндеги сөзлерде) даўыслылар менен үш түрли (в в' 
в
°
) реңклеринде ғана жумсалады. Ал үнсиз [ф] төрт түрли реңклерде жумса-
лыўы мүмкин. Жиңишке еринлик даўыслылар рус тилинен кирген сөзлерде
жумсалмайтуғын болғанлықтан оның жиңишке еринлик реңки [в

] жумсал-
майды. 
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан [в] үнли даўыссыз болғанлықтан 
оны айтқанда шаўқым ҳәм даўыс тең қатнасады, ал [ф] үнсиз болғанлықтан 
шаўқым қатнасады. 
§ 31
. Тил алды даўыссыз фонемаларының 
сыпатламасы

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   38   39   40   41   42   43   44   45   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling