Синтетик α1, α2- адреноблокатор препаратлардың атамалары. Фентоламиниң тәсирлери.
|
Синтетик α1, α2- адреноблокатор препаратларға Фентоламин, тропафен киреди.
Фетоламин (регитин)- имидазолин өними. Күшли, бирақ қысқа ўақыт α- адреноблоклаўшы тәсир көрсетеди (вена ишине жиберилгенде 10-15 мин.). α- адреноблоклаўшы ҳәм миотроп спазмолитик тәсири себепли қан басымды төменлетеди. Тахикардия келтирип шығарады (себеби пресинаптик α2- адренорецепторларды блоклайды, нәтийжеде нораденалиниң ажыралыўы жоқарлайды ҳәм олар жүректиң β1-адренорецепторларын қозғатады). АИТ мотроикасын жоқарлатады, асқазан безлери секрециясы асады.
Адреналиниң гипергликемик тәсирин тоқтатпайды. АИТ дан жақсы сорылады. Фентоламин ҳәм оның метаболитлери бүйреклер арқалы шығады.
|