Доксазозин (кардура, тонокардин) простата безиниң гиперплазиясын емлеўде қолланылатуғын α1-адреноблокатор. Бул топардың басқа препаратларына салыстырғанда узақ тәсир көрсетеди. Тәсир даўамлығы 36 саат. α1-адренорецепторлардың басқа типлерине таңлап тәсир көрсетпейди.
β1 ҳәм β2 адреноблокатор препаратлардың атамалары, оларға тән болған фармакологиялық қәсийетлери.
|
Анаприлин (пропранолол гидрохлориди, индерал, обзидан) кең қолланылатуғын β-адреноблокатор. Ол β1 ҳәм β2 адренорецепторларды (жүрек ҳәм қан тамыр, бронх, АИТ ҳ.т.б.) блоклайды. Жүректиң
β-адренорецепторларын блоклап брадикардия келтирип шығарады ҳәм жүректиң қысқарыў күшин төменлетеди, сонлықтан жүректен шығатуғын қан көлеми төменлейди. Препарат атриовентрикуляр өткезиўшеңликти ҳәм миокардтың автоматизмин төменлетеди. Артериал басымды төменлетеди, әсиресе узақ ўақыт даўамында қолланғанда. Бул тәсири тийкарынан жүректиң қанды айдаўшы күшиниң төменлеўи менен байланыслы болады. Улыўма перифериялық қан тамырлар қарсылығы дәслеп жоқарлайды, бирақ кейин төменлейди. Анаприлиниң гипотензив тәсири ренин пайда болыўының төменлеўи менен де байланыслы. Анаприлин бронхлар тонусын асырады ҳәм бронхоспазм келтирип шығарады (бронхлардың β2-адренорецептор-ларын блоклағаны ушын). Адреналиниң гипергликемик ҳәм липолитик тәсирине антагонист болады.
Фармакокинетикасы: Анаприлин АИТ дан толық сорылады. Көпшилик бөлими баўырда метаболизмге ушырайды, 90-95% плазмадағы белок пенен биригеди. t2/1= 4 саат. Анаприлин ҳәм оның метаболитлери бүйреклер арқалы ажыралады.
Қолланылыўы:
- стенокардияны емлеўде (себеби жүректиң β-адренорецепторларын блоклап, жүректиң жумысын төменлетеди ҳәм миокардтың кислородқа болған талабы төменлейди);
- суправентрикуляр аритмияда, мысалы жүрек болмешесиниң титраксыман аритмиясында (себеби жүректиң β-адренорецепторларын блоклап,автоматизмди төменлетеди ҳәм жүректе бөлмешеден қарыншаларға қозыўдың өтиў ўақтын жоқарлатады);
- гипертония кеселлигинде (препарат узақ ўақыт даўамында қолланылыўы артериал басымның әсте ақырын ҳәм турақлы төменлеўине алып келеди);
- ҳәр-қыйлы этиологиядағы тахикардияда (митрал стеноздағы, тиреотоксикоздағы);
- адреномиметиклер яки дигиталис гликозидлери келтирип шығарған аритмияларда.
Кери тәсирлери:
-жүрек жетиспеўшилиги;
- жүрек блокадасы;
- периферик қан тамырлар қарсылығы жоқарлаўы;
- бронхоспазм.
Қантлы диабетте абайлап қолланыў керек, себеби дарилердиң гипогликемик тәсирин узайтып жибереди.
β1 ҳәм β2 адренорецепторлардың блокаторларына Окспреналол (тразикор) ҳ.б.да препаратлар киреди.
|
β1 –адренорецептор-ларға таңлап тәсир етиўши препарат-лардың атамалары.
Метапрололға характеристика бериң.
|
Таңлап β1 адренорецепторлардың блокаторларына метапролол, талиналол, атеналол, бисапролол киреди.
Метапролол (корвитол, эгилок). Таңлап β1 адренорецепторларды блоклайды.
Бронх, қан тамырлардың β2-адренорецепторларға тәсири төмен.
Фармакокинетикасы: метапролол ишектен жақсы сорылады. Бирақ баўырда көпшилик бөлими тарқалады. Максимал тәсири 1,5 саатттан басланып, 5-6 саатқа шекем даўам етеди. Тийкарынан метаболитлер түринде бүйреклерден ажыралады.
Қолланылыўы: артериал гипертензия, жүрек аритмиясы, стенокардия.
Кери тәсири: бас аўрыўы, шаршаў, уйқының бузылыўы. Бронхиал астмада метапролол бронхлар тонусын бираз асырады.
|
Таңлап β1 адреноблокатор препаратлар талиналол, атеналол, бисопролоға характеристика бериң.
|
|
Do'stlaringiz bilan baham: |