Адренорецепторларды блоклаўшы затлар


Download 99 Kb.
bet3/7
Sana09.03.2023
Hajmi99 Kb.
#1256368
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
1. Сорау-жууап адреноблокатор

Тәсир механизми: постсинаптик α1- адренорецепторларды блоклап, артерия қан тамырларының тонусын төменлетеди. Кемирек дәрежеде вена қан тамырларының тонусын түсиреди ҳәм жүрекке келетуғын қанның көлемин төменлетип, жүректиң жумысын жеңиллестиреди. Жүректиң урыў жийилигине онша өзгермейди (азмаз тахикардия бериуи мүмкин).
Фармакокинетикасы: Ишиўге берилгенде эффекти жақсы. Тәсири 30-60 минуттан басланады, 6-8 саат даўам етеди.
Қолланылыўы: гипертония кеселлигинде ишиўге бериледи.



  1. Таңлап постсинаптик α1- адренорецептор-лардың блокаторы – Тамсулозин, теразозин, альфузозинге тән болған тәсирлер.

α1-адреноблокаторлар Тамсулозин, теразозин, альфузозин простата безиниң қәўипли емес гиперплазиясында қолланылады. Тамсулозин простата безиниң α- адренорецепторларына таңлап тәсир көрсетеди. Басқа α1- адреноблокаторлардан парқы системалы гемодинамикаға тәсир етпейди.
α1- адренорецепторлардың ҳәр-қыйлы түрлери бар: α1А, α1В, α1Д,- адренорецепторлар. α-адренорецепторлар тийкарынан простата безиниң тегис булшық етлериниң қысқарыўын, ал α- қан тамырлардың тегис булшық етлериниң қысқарыўын басқарыўда қатнасады. Простата безиндеги барлық α1-адренорецепторлардан α-адренорецепторлар 70% қурайды. Тамсулозиниң α-адренорецепторларға қарағанда α-рецепторларына сезиўшеңлиги 7-38 есе жоқары болады. α-адренорецепторларының блокланыўы простата безиниң тегис булшық етлериниң тонусын, қуўықтың мойнының ҳәм уретранын простата бөлиминин тонусын төменлетеди. Бул болса сидик ағыўының тезлигин ҳәм қуўықтан сидиктиң шығыўын асырады.
Тамсулозинди күнине 1-рет қабыл етеди. Толық сорылады. Баўырда метаболизмге ушырайды. Препарат ҳәм метаболитлери бүйрек арқалы шығады (тек 10% өзгермеген ҳалда). t2/1=12-19 саат. Кери тәсирлери: бас айланыў, эякуляцияның бузылыўы, бас аўрыў, жүректиң тез урыўы.

Download 99 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling