Адренорецепторларды блоклаўшы затлар


Талиналол (корданум), атеналол (


Download 99 Kb.
bet5/7
Sana09.03.2023
Hajmi99 Kb.
#1256368
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
1. Сорау-жууап адреноблокатор

Талиналол (корданум), атеналол (тенормин), бисопролол (конкор) таңлап β1 адренорецептор-ларды блоклайды. Тәсир етиў даўамлығы бойынша төмендегише жайласады: бисопролол (t2/1= 10-12 саат) ˃ атеналол (t2/1= 6-9 саат) ˃ талиналол (t2/1= 6,6 саат) ˃ метапролол (t2/1= 3-3,5 саат). Солай етип, ең узақ тәсир етиўши (24 саат) бисопролол болып табылады, оны күнине 1-рет қабыл қылады, ал басқа препаратларды күнине 2-3 рет қабыл етиў керек.
Тийкарғы қасийетлери, қолланылыўы, кери тәсирлери метапрололға уқсас.
β1 адреноблокаторларға небивалол (небилет) киреди, ол қан тамырларды кеңейтириўши тәсирге ийе. Артериал гипертензияда қолланылады.
β-адреноблокаторлар (тималол, левобуналол) ашық мүйешли глаукоманы емлеўде үлкен әхмийетке ийе. Жергиликли қолланғанда көз иши суйықлығының пайда болыўын төменлетеди, нәтийжеде көз иши басымы түседи.

  1. α ҳәм β адрено-рецепторларды блоклаўшы затларға харатеристика бериң.

Барлық түрдеги адренорецепторларды (β1, β2, α1) блоклаўшы затларға лабеталол (трандат) киреди. Ол улыўма қан тамырлар қарсылығын түсиреди. Энтерал қолланғанда жақсы сорылады. Көпшилик бөлими баўырдан биринши өткен ўақтында ақ тарқалып кетеди. Препарат 8-10 саат тасир көрсетеди. Бүйреклер арқалы (тийкарынан метаболит түринде) шығады. Тийкарынан антигипертензив зат сыпатында қолланылады.
Аралас типтеги адреноблокаторларға Карведилол (дилатренд) киреди. Ол β ҳәм α1 адренорецептор-лардың антагонисти. β адренорецепторларды α1- адренорецепторларға қарағанда 10-100 есе күшли блоклайды (лабеталолда 1,5-3 есе). Буннан тысқары күшли антиоксидант тәсирге ийе. Қан тамырларды кеңейтиўши тәсири улыўма периферик қан тамырлар қарсылығын төменлетиўи менен байланыслы. Рениниң ислеп шығыўын төменлетеди. Жүрекке болған алдыңғы ҳәм соңғы жүклеме төменлейди. Шеп қарыншаның гипертрофиясына тосқынлық етиў қәсийетине ийе. Ишиўге бериледи, жақсы сорылады. Гипотензив тәсир даўамлығы 15 сааттан жоқары болады.
Қолланылыўы: артериал гипертензия, жүрек коронар жетиспеўшилиги, хроник жүрек жетиспеўшилиги.
Кери тәсири: бас айланыў, бас аўрыўы, бронхоспазм, шаршаў, териде таспалар.

  1. Симпатолитиклерге улыўма характеристика.

Симпатолитиклер адренергик талалардың варикоз кеңеймелеринде қозыўдың өтиўин бузады, яғный пресинаптик тәсир етеди. Адренорецепторларға тәсири жоқ. Бул затлардың тәсиринде туўры адреномимтеиклердиң эффектлери төменлемейди, ҳәтте жокарлап кетеди. Солай етип, адреноблокаторлар ҳәм симпатолитиклер нерв импульслериниң адренергик өтиўиниң ҳәр-түрли басқышларына тәсир етеди.
Симпатолитклерге октадин, резерпин, орнид киреди. Бул дәрилик затлар, нерв импульси келгенде адренергик нерв талаларының варикоз кеңеймелеринен ажыралып шығатуғын медиатор-норадреналиниң муғдарын кемейтеди.

  1. Октадиниң тәсир механизми, фармакологиялық эффектлери, қолланылыўы, кери тәсирлери


Download 99 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling