Адренорецепторларды блоклаўшы затлар


Download 99 Kb.
bet1/7
Sana09.03.2023
Hajmi99 Kb.
#1256368
  1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
1. Сорау-жууап адреноблокатор


Тема: Адренорецепторларды блоклаўшы затлар

Сораўлар

Жуўаплар

  1. α- адреноблокатор-ларға улыўма характеристика

Дәрилик затлардың α- адреноблоклаўшы тәсириниң бар екенлигин, олардың адреналиниң прессор тәсирин төменлетиўи яки оның қан басымды түсирип жибериўи қәбилиетинен билиўге болады. Адреналин α- адреноблокаторлар менен бирге қолланылылғанда артериал басымды жоқарлатпайды, ал керисинше төменлетеди. Себеби α- адренорецепторлар блокланса адреналин қан тамырлардың β- адренорецепторларын қозғатады, нәтийжеде қан тамырлар кеңейеди (тегис булшық етлердиң тонусы төменлейди) ҳәм қан басым түседи.

  1. Синтетик α1, α2- адреноблокатор препаратлардың атамалары. Фентоламиниң тәсирлери.

Синтетик α1, α2- адреноблокатор препаратларға Фентоламин, тропафен киреди.


Фетоламин (регитин)- имидазолин өними. Күшли, бирақ қысқа ўақыт α- адреноблоклаўшы тәсир көрсетеди (вена ишине жиберилгенде 10-15 мин.). α- адреноблоклаўшы ҳәм миотроп спазмолитик тәсири себепли қан басымды төменлетеди. Тахикардия келтирип шығарады (себеби пресинаптик α2- адренорецепторларды блоклайды, нәтийжеде нораденалиниң ажыралыўы жоқарлайды ҳәм олар жүректиң β1-адренорецепторларын қозғатады). АИТ мотроикасын жоқарлатады, асқазан безлери секрециясы асады.
Адреналиниң гипергликемик тәсирин тоқтатпайды. АИТ дан жақсы сорылады. Фентоламин ҳәм оның метаболитлери бүйреклер арқалы шығады.

  1. Тропафенге тән болған қәсийетлер


Download 99 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling