Тропафен- тропиниң қурамалы эфири. α- адреноблоклаўшы тәсири күшли ҳәм азмаз атропинсыман тәсиргеде ийе, сонлықтан қан басымды түсиреди ҳәм тахикардия келтирип шығарады. α- адреномиметиклердиң антагонисти есапланады. α- адреноблоклаўшы тәсириниң жүдә даўамлылы болыўы менен парықланады (бир-неше саат) ҳәм бул менен фентоламин, қарамық алкалоидларынан үстин турады.
Ярымсинтетик α1, α2- адреноблокатор препаратлардың атамалары ҳәм тәсир механизмлери
|
Ярымсинтетик препаратларға қарамықтың дигидрирленген алкалоидлары- дигидроэрготоксин ҳәм дигидроэрготамин киреди. Қарамықтың тәбийий алкалоидларына салыстырғанда қарамықтың дигидрирленген алкалоидларының α- адреноблоклаўшы тәсири күшли, миометрия тонусына тәсири жоқ ҳәм кем зәҳәрлилиги менен парықланады.
|
α1, .α2- адреноблокатор препаратлардың қолланылыўы.
|
Қолланылыўы:
-α1, α2- адреноблокатор препаратлар медицина әмелиятында кем қолланылады.
α- адреноблокаторлардың тийкарғы эффекти периферик қан тамырларды кеңейтиўи есапланады, сонлықтан төмендеги жағдайларда қолланылады:
- ҳәр-қыйлы перифериялык қан айланыс бузылған жағдайларда- эндоартериит, Рейно кеселлиги;
- геморрагик, крдиоген шокта (себеби шок ўақтында артериолалар спазмы келип шығады.
-базыда гипертоник кризде;
- феохромоцитомада (бүйрек үсти безиниң мий бөлиминде қаўипли емес өспе болып, адреналиниң ажыралыўы күшейип кетеди ҳәм қан басым жоқарлаўына алып келеди. Қан тамырлар интимасындағы α2- адренорецепторларды α- адреноблокатор-лар блоклап, адреналиниң тәсирин төменлетеди ҳәм қан басымы түседи).
|
α1, .α2- адреноблокаторлардың кемшилиги.
|
α1, .α2- адреноблокатор препаратлар пост ҳәм пресинаптик α- адренорецепторларды (α1, .α2) блоклайды. Пресинаптик .α2- адренорецепторлар блокланса медиатор норадреналиниң ажыралыўының физиологиялық ауторегуляциясы бузылады. Нәтийжеде норадреналин ажыралыўы күшейеди ҳәм адренергик өткезиўшеңлик тикленеди. Бул болса α1, .α2- адреноблокаторларды қолланғанда постсинаптик α1- адренорецепторлардың блокланыўының қысқа мүддетли болып, тәсириниң тез тоқтап қалыўына алып келеди. Күшли тахикардияда норадреналиниң ажыралыўының күшейип кетиўи менен байланыслы болады. Усы көз қарастан медицина әмелиятында таңлап постсинаптик α1- адренорецепторларды блоклаўшы затлар үлкен әҳмийетке ийе. Себеби пресинаптик .α2- адренорецеп-торлар ислеп турса, норадреналиниң көп ажыралыўы болмайды. Нәтийжеде постсинаптик α1- адренорецепторлардың блокланыў ўақты даўамлы болады ҳәм күшли тахикардия келип шықпайды.
|
Таңлап постсинаптик α1- адренорецепторлардың блокаторы- Празозиниң фармакологиялық қәсийетлери.
|
Таңлап постсинаптик α1- адренорецептор-лардың блокаторына празозин препараты киреди. α1- адреноблоклаўшы тәсири фентоламинен 10 есе жоқары.
Празозиниң тийкарғы эффекти- бул артериал басымды түсириўи.
|