Таңлап постсинаптик α1- адренорецептор-лардың блокаторы – Тамсулозин, теразозин, альфузозинге тән болған тәсирлер.
|
α1-адреноблокаторлар Тамсулозин, теразозин, альфузозин простата безиниң қәўипли емес гиперплазиясында қолланылады. Тамсулозин простата безиниң α1а- адренорецепторларына таңлап тәсир көрсетеди. Басқа α1- адреноблокаторлардан парқы системалы гемодинамикаға тәсир етпейди.
α1- адренорецепторлардың ҳәр-қыйлы түрлери бар: α1А, α1В, α1Д,- адренорецепторлар. α1А-адренорецепторлар тийкарынан простата безиниң тегис булшық етлериниң қысқарыўын, ал α1В- қан тамырлардың тегис булшық етлериниң қысқарыўын басқарыўда қатнасады. Простата безиндеги барлық α1-адренорецепторлардан α1А-адренорецепторлар 70% қурайды. Тамсулозиниң α1В-адренорецепторларға қарағанда α1А-рецепторларына сезиўшеңлиги 7-38 есе жоқары болады. α1А-адренорецепторларының блокланыўы простата безиниң тегис булшық етлериниң тонусын, қуўықтың мойнының ҳәм уретранын простата бөлиминин тонусын төменлетеди. Бул болса сидик ағыўының тезлигин ҳәм қуўықтан сидиктиң шығыўын асырады.
Тамсулозинди күнине 1-рет қабыл етеди. Толық сорылады. Баўырда метаболизмге ушырайды. Препарат ҳәм метаболитлери бүйрек арқалы шығады (тек 10% өзгермеген ҳалда). t2/1=12-19 саат. Кери тәсирлери: бас айланыў, эякуляцияның бузылыўы, бас аўрыў, жүректиң тез урыўы.
|