Адренорецепторларды блоклаўшы затлар


Октадиннин тасир механизми


Download 99 Kb.
bet6/7
Sana09.03.2023
Hajmi99 Kb.
#1256368
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
1. Сорау-жууап адреноблокатор

Октадиннин тасир механизми:
-варикоз кеңеймелерде норадреналиниң муғдары еле азаймаған ўақытта, пресинаптик мембрананы блоклап, НАнин ажыралыўын бузады.
- Әсте-ақырын октадиниң тәсиринде варикоз кеңеймелерде норадреналин муғдары азаяды, себеби норадреналиниң нейронал кайта сорылыуына тоскынлык етеди ҳәм октадиниң өзи нейронларға қайта сорылады. Интранейронал депода октадин норареналиниң орнын ийелейди.
-Везикула мембраналарын бузып, НАнин деполаныуын токтатады, натийжеде МАО тасиринде НА таркалады ҳәм бир бөлими өзгермеген ҳалда синапс аралығына шығады;
-варикоз кенеймелерде октадиниң топланып қалыўы себепли, НАнин муғдары әдеўир кемейеди;
-Нәтийжеде нерв импульси келгенде жуўап ретинде синапс аралығына шығатуғын норадреналиниң муғдары кемейеди, бул болса эффектор ағзалардың реакциясының төменлеўине алып келеди. Жүрек, қан тамыр, ҳ.б. ағза ҳәм тоқымаларда норадреналин муғдары кемейеди.
Фармакологиялық эффектлери:
Октадиннин тийкаргы эффекти артериал басымды тусириўи болып табылады. Бул тәсирдиң келип шығыў себеплери: журек искерлигиниң томенлеўи, брадикардия, прессор рефлекслердиң төменлеўи ҳәм узақ қолланғанда улыума перифериялык карсылыктын томенлеуи менен байланыслы. Тәсири әсте басланады (бир-неше күн ишинде). Гипотензиядан алдын бир-неше минуттан - 1саатқа шекем болған қан басымның көтерилиўи болады, себеби адренергик тала ақырларынан норадреналин ажыралып, жүректиң қысқарыў күшин асырады ҳәм қан тамырларды тарайтады.
ОНСке тасир етпейди.
Козге тасири: миоз хам КИБ тусиреди( көз иши суйықлығының агып кетиўин асырады ҳәм көз иши суйықлығының пайда болыўын кемейтеди).
АИТ моторикасы кушейеди (адренергик иннервацияны блоклағаны ушын). Нерв-мускул өткезиушеңлиги төменлейди.
Фармакокинетикасы: ишиўге бериледи, 50% сорылады. ГЭТ ден өтпейди. Баўырда биотрансформацияға ушырайды. Өзгермеген ҳалад ҳәм метаболитлери бүйрек арқалы шығады.
Қолланылыўы:Гипертония кеселлиги, глаукомада;
Кери тәсири:
- Диарея, асказан бези секрециясынын кушейиуи;
- Брадикардия;
- Кулак атирапындагы безде аурыу;
- Мурын силекей кабатынын исип кетиуи;
- Ортостатик коллапс (октадинди колланганда);
- организмде суйықлықтың усланып қалыўы;

  1. Резерпиниң тәсир механизми, фармакологиялық эффектлери, қолланылыўы, кери тәсирлери


Download 99 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling