Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары
А. Турдымуратова 2005-жылдан Жазыўшылар аўқамынын
Download 5.91 Mb. Pdf ko'rish
|
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)
А. Турдымуратова 2005-жылдан Жазыўшылар аўқамынын
ағзасы. 207 www.ziyouz.com kutubxonasi Турымбетов Әбитай 1912-1972 Әбитай Турымбетов — шайыр. Ә. Турымбетов 1912-жылы Кубла Қазақстаннын Қаратас районы, Жанабазар аўылында туўылған. Ол ата-анасынан жаслай жетим қалып Ташкенттеги бала- лар үйинде тәрбияланады. Самарқандтағы университетти питкереди, сонынан Қарақал- пақстан Жазыўшылар аўқамында ислейди. Жазыўшы екинши жәхән урысы фронтларына қатнасты. Ол жердеги “Ўатан ушын”, “Душпанға қарсы алға” деген өзбек тилинде шығатуғыи газеталарда хабаршылық етги, урыс- тан кейинги жыллары ишки ислер министрлигинде, сонынан өмиринин акырына шекем Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында мәсләхәтши болып иследи. Шайырдын дәслепки қосыкдары 30-жылларда жазылған. Оньщ “Жанла сестим” (1954), “Жайнаған келешек” (1959), “Менин Республикам” (1958), “ Пәрўаз” (1967), “Ашшыкөл” (1971), “Қорыкпайтуғын бала” (1974) атлы топламлары қара- қалпақ хәм өзбек тиллеринде жәрияланды. Ә. Турымбетов Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республи- касы Жоқарғы Қенесинин Ҳүрмет жарлыклары менен сый- лыкданған. Ә. Турымбетов 1953-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. 208 www.ziyouz.com kutubxonasi Турсынова Гүлайым 1954 Гүлайым Турсынова —жазыўшы. Г. Турсынова 1954-жылы 10-апрельде Тәжикстаннын, Хо- жент областында туўылған. Орта мектепти питкергеннен кейин “Ж еткиншек” газе- тасында, Қарақалпакстан Жазыўшылар аўкамында жумыс иследи. Ол 1978-жылы Москвадағы әдебият институтын тамам- лап, “Әмиўдәрья” журналында проза бойынша редактор болды. Хәзир Республикалык жас тамашагөйлер театрынын әдебий бөлимин баскарады. Г. Турсынованын биринши топламы “Шуғла” 1975-жылы басылып шыкты. Онын 1980-жылы “Минез”, “Адамлар” атлы гүрринлер топ- ламлары, 1990-жылы “Сүлдер” повести, 1992-жылы “Мүсәпир” атлы повестьлер жыйнағы, балаларға арналған “Анызға толы аўылым” (2006) гүррин хәм повестьлер китабы, орыс тилин- де “Урок” (Санк-Петербург, 2008) гүрринлер китабы басылып шықты. Г. Турсынованьщ драмагургия тараўында “Мухаббатым— өмирим” (2003) драмасы Ташкент каласындағы драмалар бой- ынша танлаўында женимпаз болды хәм театр сахналарында кой- ылды. “Сынақ” (2004) ҳәм “Тентек маймыл” (2005) музыкалы драмалары, “Қыянет етпе достына” (2008) драмасы Жас тама- шагөйлер театрында қойылса, “Бахытлы болғым келеди” видео- фильми Кдракалпақстан телеканалынан көрсетилди. Download 5.91 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling