»
Уснатдинов
Шарап
1942
Шарап Уснатдинов 1942-жылы Кегейли районында туўыл-
ған. 1958-жылы Шоманай районында орта мектепти питкер-
геннен кейин Тақыятас каласындағы еки жыллық курылыс
училищесин, сон Өзбекстан
Миллий университетинин жур-
налистика факультетин питкерген. Дәслегжи мийнет жолын
ҳәзирги “ Карақалпақстан жаслары” газетасында әдебий хыз-
меткерликтен баслап, 30 жыл даўамында баспа сөз ҳәм ғалаба
хабар куралларында түрли лаўазымларда иследи.
Ш. Уснатдинов 1974-76-жыллары “ Кдракалпакстан жасла-
ры”
газетасынын бас редакторы, 1978-83-жылларда Карақал-
пақстан мәмлекетлик телерадио комитети баслығынын теле-
видение бойынша орынбасары, 1985-88-жыллары “Карақал-
пақстан” баспасынын директоры, 1988-90-жыллары Область-
лыкпартия комитетинин хаткери, 1976-78 хәм 1983-85-жыл-
лары “ Еркин Қаракалпақстан”
газетасы бас редакторынын
орынбасары, ал 1988 хәм 1990-1992-жыллары
усы газетаныц
бас редакторы болып иследи.
Ол 1992-жылы пайтахтымыз Нөкис қаласыньщ хәкими
болып сайланды.
1994-95-жыллары Өзбекстан Республикасы Мәденият ис-
лери бойынша минисгринин орынбасары, 1995-2002-жыллар-
да Кдрақалпақстан Республикасы Коммуналлыкхызмет көрсе-
тиў министри, 2002-2007-жыллары “ Коммуналлық ыссылық
орайы” ААЖ баслығы, 2007-2009-жыллары Карақалпақстан Рес-
публикасы Министрлер Кенеси Баслығынын баспа сөз хатке-
ри, 2009-жылдан бери Қаракалпакстан Республикасы Руўхый
үгит-нәсият орайынын басшысы лаўазымында ислеп атыр.
Шарап Уснатдиновтын сонғы жыллар ишинде “Кимге кеш,
кимге тан сәҳәр”, “Көргенлерим, кеўилдегилерим”, “Мәнаўият
210
I
www.ziyouz.com kutubxonasi
сабаклары”, “ Исбилерменликке мирәтнама” китаплары бас-
падан шықты. Ол 45 жыллык дөретиўшилик мийнети дәўи-
ринде бир неше жүзлеген мақала, очерк ҳәм гтублицистикалар
жазып, кеннен танылган жазыўшы-журналист.
Шарап Уснатдинов — Жазыўшылар ҳәм Журналистлер
аўкдмларыньщ ағзасы, “Кдракдлпаксганға мийнети синген жур-
налист”.
Do'stlaringiz bilan baham: