Август 2020 8-қисм


Download 1.81 Mb.
Pdf ko'rish
bet25/87
Sana13.04.2023
Hajmi1.81 Mb.
#1352207
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   87
Bog'liq
8.Adabiyot 1 qism

Август 2020 8-қисм
Тошкент
көрсеткенлигин, гүрриңде арнаўлы жар салыўлардың, дәбдебе сөзлердиң жоқлығы, 
сүўретленип отырған ўақыялардың тәбийийлығы ҳәм көркемлик жағынан исенимлилиги 
оқыўшыны гүрриңниң идеясына исениўге мәжбүрлейтуғынын – бул жазыўшының жети-
скенлиги деп есаплайды. Ал, «Үлкен орынға» гүрриңиниң төрт беттен ибарат болыўына 
қрамастан акуталь темаға қурылғанын, үлкен орынға көтерилгеннен соң бул жоқары орын 
дүняда барлық нәрседен абзал деп санап өзиниң интеллектлик ҳәм мәдений раўажланыўын 
умытып кететуғын адамлардың бири көз алдымызда толық елеслеп туратуғынын айтқан. 
Жазыўшының «Жулдызлар» деген гүрриңинде аўылдың электрлестирилиўин образлы 
сүўретленгенин, ўақыялар исенимли берилгенлигин, сондай-ақ, анонимщик жалахордың 
автобиографиясына арналған «Аразбектиң тәўбеси» атлы сатиралық гүрриңиниң өзине 
тән өзгешеликке ийе екенлигин айтып өтеди ҳәм жақсы гүрриңлер қатарына киргизе-
ди. Жазыўшының майда темаға арналып жазылған «Жаңабай», «Ким аўырады», «Жүрек 
буйырады» деген гүрриңлери онша исенимсиз шыкканын атап өтеди. Критик С.Ахметов 
тәрепинен Ғ.Сейтназаровтың «Бизиң аўыл» деген гүрриңи «Қарақалпақ прозасында бүгинги 
күнниң қаҳарманы» деген мақаласында [3] жоқары баҳаланады. Жазыўшының «Ышқыпаз» 
деген гүрриңин кишкене болыўына қарамастан онда көп нәрселер айтылғаны, барлығы есте 
сақланып қалатуғыны, ондағы ҳәмме нәрсе тәбийғыйлығы, бирақ турмыстың бир кишкене 
бир бөлшеги болған картина көз алдыңда елеслейтуғыны, ондағы Байжан образын жазыўшы 
тәрепинен шебер, жанлы, берилгени илимпаз тәрепинен дурыс айтылған. «Сен қайтып
келесең Гулжан» гүрриңинде жазыўшының семья проблемасын көтергенин, гүрриңдеги 
ўақыялар, Сабыр, Гулжан, оның анасының образлары жақсы, исенимли шебер берилгенин, 
әсиресе, гүрриң жаман аяқлансада, жақсылықтан үмит етиўге болатуғын қатарлары жазыўшы 
тәрепинен шебер берилгенин илимпаз дурыс баҳалаған. Ҳәзирги дәўир көз қарасынан да 
бул гүрриң шын турмыстан алынған қаҳарманлардың ишки сезимлери, ҳәрекетлери арқалы 
оқыўшыда келешекте бахытқа умтылыў исенимди күшейтеди. Илимпаз «Қызылқум но-
велласы» гүрриңиниң табыслы шыққанын айта отырып, әсиресе ондағы Сапардың азап 
шегип өлиўин күтә жақсылап көрсеткенлигин, гүрриңде арнаўлы жар салыўлардың, 
дәбдебе сөзлердиң жоқлығы, сүўретленип отырған ўақыялардың тәбийлығы ҳәм көркемлик 
жағынан исенимлилиги оқыўшыны гүрриңниң идеясына исениўге мәжбүрлейтуғынын 
– бул жазыўшының шеберлигинен ибарат деп дурыс айтып өтеди. Ал, «Үлкен орынға» 
гүрриңиниң акуталь темаға қурылғанын, жоқары орын дүньяда барлық нәрседен абзал деп 
санап өзиниң интеллектлик ҳәм мәдений раўажланыўын умытып кететуғын адамлардың 
бири көз алдымызда толық елеслеп туратуғынын айтқан. Алым бул пикирлери арқалы 
гүрриңниң жақсы, исенимли, шебер жазылғанлығын, жазыўшының «Жулдызлар» деген 
гүрриңиндеги образлы сүўретлеўлер, ўақыялар исенимли берилгенлигин, ал, «Аразбектиң 
тәўбеси» атлы сатиралық гүрриңиниң өзине тән өзгешеликке ийе екенлигин айтып өтеди. 
Жазыўшының майда темаға арналып жазылған «Жаңабай», «Ким аўырады», «Жүрек буйы-
рады» деген гүрриңлери онша исенимсиз шыкканын дурыс атап өткен.
Пайдаланған әдебиятлар
1. Нурмухамедов М. // «Әмиўдәрья» журналы, №9. – 1965.
2. Баҳадырова С. // «Әмиўдәрья» журналы, №11. – 1971.
3. Баҳадырова С. // «Әмиўдәрья» журналы, №6. – 1964.


26

Download 1.81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   87




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling