Август 2020 8-қисм


Download 1.81 Mb.
Pdf ko'rish
bet24/87
Sana13.04.2023
Hajmi1.81 Mb.
#1352207
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   87
Bog'liq
8.Adabiyot 1 qism

Август 2020 8-қисм
Тошкент
ҒАЛЫМ СЕЙТНАЗАРОВ ГҮРРИҢЛЕРИНИҢ ИЗЕРТЛЕНИЎИ
Бекбергенова Абадан Утеповна
ӨЗРИАҚҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлери илим-изертлеў
институтының киши илимий хызметкери
Телефон: +998(97) 787 05 72
bekbergenova_abadan@mail.ru
Аннотация: Мақалада белгили илимпазлар М.Нурмухамедов, С.Ахметов, 
С.Баҳадыровалар тәрепинен илимий анализге тартылған жазыўшы Ғ.Сейтназаровтың 
гүрриңлериниң турмыстағы тутқан орны ҳәм оның әҳмийети ҳаққында сөз жүритиледи.
Калит сўзлар: проза, гүрриң, жанр, сюжет, характер, идея, очерк, эпизод.
1960-жыллары қарақалпақ прозасының гүрриң жанрының раўажланыўына үлкен үлес 
қосқан жазыўшылардың бири Ғалым Сейтназаров болып есапланады. Жазыўшының 
гүрриңлери ҳәм очерклери оның «Қызыл қум новелласы» деген топламында 1962-жылы 
жәрияланды. Академик М.Нурмухамедов «Ғалым Сейтназаровтың гүрриңлери» де-
ген мақаласында[1, 100-103] жазыўшының гүрриңлерине әдебий сын пикирлерин бил-
дирип өткен еди. Илимпаз жазыўшының жоқарыда көрсетилген топламдағы «Мениң 
сүйиклим» деген гүрриңинде сүйиўшилик ҳәм садықлық темасы күтә өткир түрде ортаға 
қойылғанын, жас тракторшының атынан гүрриң етилген, бул жигит Ақгүриш деген қыз 
бенен ушырасқанын, буннан кейин қыз Нөкиске оқыўға кетип, бирақ үйине совхозға басқа 
жигит пенен қайтып келиўи, гүрриңдеги образлы сүўретлеўлер, психологиялық пайтлар 
аз, бирақ тез, экспресс сюжет ҳәм өткир тема, ҳәзирги заман қаҳарманлары ҳәм қыздың 
ушқалақ жеңил минез – қулқын кем сөзли қаралаў оқыўшының дыққатын өзине аўдарады 
– деп пикирин жуўмақлайды. Жазыўшының «Ышқыпаз» деген гүрриңинде усы темада 
жазылғанын, гүрриңниң үш беттен ибарат екенлигин, соған қарамастан онда көп нәрселер 
айтылғанын, барлығы есте сақланып қалатуғынын, ондағы ҳәмме нәрсе табийғыйлығын, 
бирақ турмыстың бир кишкене бир бөлшеги болған картина көз алдыңда елеслейтуғынын, 
ал үйинен алысқа кетип «қыдырыўды» көксеп жылмақайланып күлип турған Байжанды 
қасыңда тап өзи турғандай болып сезилетуғынын, автордың оқыўшыға ўақыяны жыллы 
сөз бенен баянлап, пикирлерин ашық айтыўы қысқаша сюжет екенлигин, баян етилип 
отырған қубылыс туўралы ойландырыў, ўақыяны оқыўшының баҳа бериўине жиберип 
қойыў бул гүрриң ушын характерли қәсийет екенлигин айтып өтеди. Соның менен бирге, 
проф. С.Баҳадырова «Шеберликтиң сырларына» деген мақаласында [2, 125] «Ышқыпаз» 
гүрриңиндеги характер жасаўдағы шеберлигине итибар қарата отырып, «Жазыўшының 
жетискенлиги қаҳарманның исте, ҳәрекетте көрсетеди, усыннан автордың гөзлеген 
мақсетиндеги қаҳарман характери жасалған – деген пикирди айтып өтеди. Сондай-ақ, 
әдебиятшы алым М.Нурмухамедов жазыўшының мухаббат темасында 1961-жылы жазылған 
«Сен қайтып келесең Гулжан» гүрриңинде жазыўшының семья проблемасын көтергенин, 
бир семьяның бузылыў тарийхын баянлағанын айтып өтеди. Илимпаз гүрриндеги токарь 
жигит Сабырдың өз семьясының аўҳалы ҳаққындағы ашық, исенимли әңгимеси оқыўшыны 
өзине тартатуғынын, автор гүрриңде ҳеш нәрсеге шақырмайтуғынын, бирақ ески реакция-
шыл көз қарастағылардың бузақылық ҳәрекети исенимли түрде көрсетилгенин, жазыўшы 
ҳәзирги заманның семья қатнасықларын шеберлик пенен жақлағанын, гүрриңде ўақыя 
кеўилсизлик жағдай менен аяқланса да, бирақ Гулжанның өзин өзи жеңип, өз анасының 
тәсирин жеңип өзиниң сүйип қосылған күйеўине қайтып келетуғынына исеним билдиреди. 
Бул гүрриңге критик С.Абдуллаевта «Қызылқум новелласы» топламына жазылған рецен-
зиясында «Сен қайтып келесең Гулжан» («Совет Қарақалпақстаны», 1963-жыл, 14 апрель) 
өз пикирин айтып өтеди. Сондай-ақ, әдебиятшы М.Нурмухамедов жазыўшының ең жақсы 
гүрринлериниң бири «Қызылқум новелласы» гүрриңи екенин айтып өтиў менен бирге 
гүрриңниң еки бөлимнен туратуғынлығын ҳәм бунда еки гүрриң бар екенин, өткендеги ҳәм 
ҳәзирги турмысты салыстырыў усылы булар жаңа усыл емес екенин, бирақ сүўретленип 
атырған эпизод шөлистанлықтағы еки өмирди салыстырыў қарақалпақ прозасындағы жаңа 
тема екенлигин, жазыўшының жолаўшылардың шөлден қыйналыўын, қысқа, бирақ мий-
римсиз саўашты ҳәм әсиресе тилсиз шөлде Сапардың азап шегип өлиўин күтә жақсылап 


25

Download 1.81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   87




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling