Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк
Download 2.93 Mb.
|
Макро экономикалык анализ 23
- Bu sahifa navigatsiya:
- Таяныш сөзлер
- Жобасы
- 15.1 Социаллық процесслердиң өзгешеликлери ҳәм оларды анықлаўшы көрсеткишлер.
Қадағалаў ушын сораўлар:
Илимий техникалық раўажланыў процессин прогнозлаўдың өзгешеликлери ҳәм прициплери. Илимийтехникалық раўажланыўдыпрогнозлаўусыллары нелерден ибарат? Фундаментал изертлеўлердипрогнозлаўдақайсы жағдай анализ исленеди? Илимийтехникалық раўажланыўқандайдәрежедеги процесс болып есапланады? Илимийтехникалық раўажланыўға тәсир етиўши факторларға нелер киреди? Илимий раўажланыўконцепциясықандайөзгерислерди талап етеди? Таяныш сөзлерИлимий изертлеўдиң нәтийжелери прогнозлаў объекти ретинде. Илимий-техникалық изертлеўлердиң өзгешеликлери, қурамалығы, күтилмегенлик дәрежесиниң жокарылығы. Илимий изертлеўлердиң түрлери.Фундаментал изертлеўлер, олардың өзине тән өзгешеликлери, нәтийжелигин объективбаҳалаўусылы ҳәм улыўма изертлеўдеги үлеси.Илимий-техникалық раўажланыў процессин прогнозлаўдың өзгешеликлери ҳәм принциплери.Илимий-техникалық раўажланыўдың прогнозусыллары, эвристик-логистикалық усыллар. Инновациялық изертлеў жойбарлары ҳәм олардың нәтийжелерин прогнозлаў0. 15-БАП. СОЦИАЛЛЫҚ ПРОЦЕССЛЕР ҲӘМ ХАЛЫҚТЫҢ ТУРМЫС ДӘРЕЖЕСИНИҢ ЖОҚАРЫЛАЎЫНПРОГНОЗЛАЎ Жобасы:Социаллық процесслердиң өзгешеликлери ҳәм оларды анықлаўшы көрсеткишлер. Социаллық тараўларды прогнозлаў усыллары ҳәм моделлери, олардың өзине тән өзгешеликлери Халықтың турмыс динамикасын баҳалаўшы көрсеткишлер ҳәм усы көрсеткишлердиң өзгериўиниң динамикасы. 15.1 Социаллық процесслердиң өзгешеликлери ҳәм оларды анықлаўшы көрсеткишлер.Тийкарғы социаль-экономикалық раўажланыўдың дәрежелери халықтың турмыс дәрежеси арқалы анықланады,бунда адамлардың материаллық ҳәм руўхый жақтан қанаатланыўы түсиниледи. Жәмийеттиң социаль-экономикалық раўажланыўын прогнозлаўдың тийкарғы ажыралмас бөлеги бул, тутыныўдың муғдарын баҳалаў ҳәм илимийтехникалық раўажланыўдың орнын анықлаў боып есапланады Тутыныўдың жоқарылаўын анализ ислеў, халықтың турмыс дәрежесин белгилеўши тийкарғы факторлардың биринен есапланады. Халықтың тутыныў көлеминен келип шығып, оларға тәсир етиўши факторларды анықлаў, факторлар ҳәм тутыныўдың өз-ара тәсириниң себеплерин анықлаў, усы ўақытқа шекемги болған тутыныў көлеминиң өзгериўининиң себеплерин анализ ислеў,прогноз исленип атырған тийкарғы көрсеткишлерди анықлаўда мәмлекеттиң социаллық раўажланыўы ҳәм халықтың турмыс дәрежеси үлкен орын ийелейди31. Бул тараўды прогнозластырыўдың тийкарғы ўазыйпасы ең дәслеп, халықтың келешектеги тутыныўын анықлаў ҳәм оларды қанаатландырыў мүмкиншиликлерин излеп табыўдан ибарат.Мәселен: жоқары сапалы ҳәм ҳәр қыйлы азық-аўқат өнимлери,хызметлер, турақ-жайлар ҳәм басқалар. Қолайлы жағдайда инсан ҳәр тәреплеме раўажланар екен, оның тек ғана материаллық емес ал руўхый талабыда жоқарылап барады. Инсан раўажланыўы аркалы өзи жақсы жумыс жағдайын шөлкемлестириўге, медициналық хызметлерди ҳәм дем алыў жағдайларын жақсылаўға ҳәрекет етеди. Базар экономикасы жағдайында халықтың тутыныў дәрежесиниң жоқарылаўынпрогнозластырыў үлкен әҳмийетке ийе болады, себеби усы арқалы келешектеги тутыныў көлеминиң раўажланыўтенденциясын билиў мүмкин. Download 2.93 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling