Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Халықтың турмыс дәрежесин баҳалаўшы көрсеткишлер, бундай көрсеткишлердиң өзгериў динамикасы


Download 2.93 Mb.
bet79/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   75   76   77   78   79   80   81   82   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

15.3.Халықтың турмыс дәрежесин баҳалаўшы көрсеткишлер, бундай көрсеткишлердиң өзгериў динамикасы.


Халықтың турмыс дәрежесин баҳалаўда олардың, турақ-жайлар менен тәмийинленгенлиги,комуналлық хызметлердиң сапасы,мектепке шекемги билимлендириў мекемелериниң саны, санатория-профилактикалардың ҳәм туристлик хызметлердиң көлеми әҳмийетли роль ойнайды. Қала ҳәм аўыллар ортасындағы, турмыс дәрежесиндеги айырмашылықларды азайтыў ҳәм барлық аймақларда жасаў жағдайларын теңлестириў ҳәм олардыпрогнозлаўда төмендеги көрсеткишлерден пайдаланылады (халықтың жан басына салыстырғанда).10мың адамға туўры келетуғынврачлардың қатнасы, қала ҳәм аўыл халқының узақ мүддетли турмыслық-техника қураллары менен тәмийинлеиў дәрежеси 100 шаңараққа ҳәм 1000 адамға туўры келиўи арқалы есапланады.
Социаллық раўажланыўды ҳәм халықтың турмыс дрежесинпрогнозлаўда төмендеги көрсеткишлерден пайдаланылады. Үй хожалықларында узақ мүддетлирационал пайдаланылатуғын үй буйымларының ҳәр бир 100 шаңараққа қатнасы анықланады, кейнинен прогноз исленген талапқа қарап усы буйымларды жетистириў ушын кереклиресурсларажыратылады.Раўажланыўды жобаластырыўда, өндирис тараўы ҳәм тармақларын раўажландырыўдың ең мақул болған факторларын анықлаў тийис, ол халықтың турмыс дәрежесин жокарылатыўға хызмет етиўи керек.
Прогноздыңдинамикасын иске асырыў ҳәм өндирислик емес тараўдағы жамғарманың муғдары ҳәм дүзилисин анықлаўда төмендеги экономикалық математикалық моделлер прогнозлатырыўда пайдаланылады. Өндиристежамғарманың нормасын, тутыныў ресурсларының өсиў пәтлериниң нормадағы муғдарлары ҳәм өндирислик емес тараўдағы қурылыс, өндирислик емес фондлардыңдинамикасы ҳәм өндирислик емескапиталқойылмаларды айланысқа шығарыўмоделлери үлкен әҳмийетке ийе.
Бул моделлер иске асырылатуғын есап-санақлардың логикалық избе-излигин тәмийинлейди.Мәселен өндирис жамғармасыныңдинимикасын анализ ислеў, прогноз ўақтында халықтың турмыс дәрежесиниң жокарылаўына тәсирин ттйгизеди, ҳәмде миллий дәраматта, өндирислик жамғарманың үлесин, тутыныў ресурсларының өсиў пәти ҳәм өндирислик емес қурылысты анықлайды.
Прогнозластырыўда шешимлерди көплегенин вариантларда көрип шығыў керек. Өндирислик емес жамғармалар ҳаққындағыахборот, өндирислик емес фондлардыңдинимикасын дүзиў, өндирислик емес тараўдағыкапиталқойылмалардыпрогнозлаўға имкан береди.
Социаллық тараўғаажыратылған ғәрежетлерден нәтийжели пайдаланыў, келешекте халықтың турмыс дәрежесин белгилеўде үлкен әҳмийетке ийе. Ол төмендегилерге байланыслы: мәденияттың раўажланыўы, ден-саўлықты сақлаў, билимлендириў тараўы, халыққа пуллы хызмет көрсетиў ҳәм тағы басқалар.
Өндирислик күшлердиң раўажланыўы, халықтың реал дәраматларының көбейиўине, пүткил социаллық инфраструктураның жедел раўажланыўына тийкар болады. Соның ушын прогнозлаўда халықтың тутыныўының бәрҳәма жокарылап барыўы есапқа алыныўы керек.
Социаллық раўажланыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин прогнозлаўда,экономиканың басқа да көрсеткишлерин прогнозлаўда олардың өз-ара байланысын есапқа алыў тийис болады.



Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   75   76   77   78   79   80   81   82   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling