Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Демографиялық процесслерди характерлеўши көрсеткишлер ҳәм оларды анықлаўшы факторлар


Download 2.93 Mb.
bet82/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   78   79   80   81   82   83   84   85   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Демографиялық процесслерди характерлеўши көрсеткишлер ҳәм оларды анықлаўшы факторлар


Бир тутас халықтыңпрогноздағы саныструктурасы дәслеп сыртқымиграцияны есапқа алмаған түрде иске асырылады, себеби оның үлеси оншама үлкен емес,бирақ аймақлар ушындемографиялықпрогнозлар, халықтыңмиграциясын есапқа алған түрде дүзилиўи тийис. Миграция тек ғана халықтың улыўма санына тәсир етпестен, ал оның салыстырмалы жасструктурасын да өзгертеди. Соның ушын бул фактор туўылыўшылық пенен бирқатарда тийкарғы фактор болып есапланады.Миграцияныңкоэффициентин есаплаў ушын дәслеп аймақтың ҳәр1000 адамына туўры келетуғын көшип келиўлердиң орташа санына тең болған, көшип келиўкоэффициентин есаплаў тийис.Ҳәр1000 адамға аймақтан көшип кетиў ҳәм көшип келиўлеркоэффициенти анықланады. Кейнинен көшип кетиўлер ҳәм көшип келиўлер ортасындағы парық есапланады.Бул парық тазамиграциякоэффициенти ямасамиграциясольдосыныңкоэффициентин қурайды.
Демографиялық прогнозлар халықтың ҳәрекетин ҳәм мийнет ресурсларыныңтәкирар жетистирилиўи, мийнетке жарамлы халықтың бәнтлик дәрежеси, оның маманлық ҳәм кәсиплик дүзилисин өз ишине қамтыйды. Демографиялық прогноз халықтың динамикасын оның жынысы ҳам жасы бойынша дүзилиси, туўылыўы ҳәм өлиўи, халықтың аймақлық жайласыўы бойынша мағлыўматлар тийкарында үйрениледи.Демографиялықпрогноз, шаңарақтың күтилип атырған саны, оның орташа муғдары, халықтың миграциялық дәрежеси ҳәминтенсивлиги, актив мийнет ҳәрекетиниң даўамлылығы, мийнет ҳәрекетиниң басланыўы ҳәм тамамланыўы, напақаға шығыўдың орташа жасы, орташа турмыс кешириў ҳаққында прогнозлықахборотты алыўға мүмкиншилик береди.
Демографиялық прогноз тийкарында халықтың социаллық мүтәжликлериниң муғдары ҳәм дүзилиси, жеке тутыныў өнимлерин жетистириў, халық билимлендириўи, ден-саўлықты сақлаў тараўының раўажланыўы ҳәм тағы баскалар жобаластырылады. Демографиялық прогнозлар, социаллық раўажланыўпрогнозлары ҳәм турмыс дәрежесин жақсылпў менен тығыз байланыслы болады.
Қадағалаў ушын сораўлар:

  1. Демографиялық процесслердипрогнозлаўға тәсир етиўши факторлар?

  2. Халықтыңмиграциясы мийнетресурсларына қандай тәсир етеди?

  3. Халықтыңмиграциясынпрогнозлаўдақандай факторларды есапқа алыў керек?

  4. Мийнетресурсларынпрогнозлаўға қандай факторлар тәсир етеди?

  5. Демографиялық процесс пенен халықтың турмыс дәрежеси ортасындағы байланыс нелерде көринеди?

  6. Өзбекстандағы мийнетресурсларының дүзилисин түсиндирип бериң.

23
Таяныш сөзлер
Прогнозлаўобъекти,демографиялық процесслердиң өзгешеликлери, өзгериў тенденциясы, өсиў динамикасы. Мәмлекет халқының структурасы. Халықтың миграциясы, структуралық өзгериси. Жумысшы күши, олардын кала ҳәм аўыллардағы дүзилиси.Демографиялық процесслерди характерлеўши көрсеткишлер ҳәм оларды анықлаўшы факторлар. Халықтың санын прогнозлаў,демографиялык көрсеткишлердипрогнозлая усыллары ҳәммоделлери. Өзбекстандағы мийнет ресурсларының дүзилиси ҳәм оларды прогнозлаўдың өзине тән өзгешеликлери.


Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   78   79   80   81   82   83   84   85   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling