Әдебий ағымлар ҳәм жөнелислер Жоба


Download 36.05 Kb.
bet1/2
Sana01.03.2023
Hajmi36.05 Kb.
#1242635
  1   2
Bog'liq
Ад.агымлар


Әдебий ағымлар ҳәм жөнелислер


Жоба


1.Жаңа эстетикалық идеялар ҳәм оның әдебиятқа тәсири
2.Әдебий ағымлар, жөнелислер, методлар туўралы түсиник
3.Классицизмниң көркемлик талаплары
4.Сентиментализм туўралы түсиник
5.Романтизм ағымы туўралы
7.Натурализм. Турмыста болған ўақыялардың барлығын сол турысына сүўретлеў тенденциясы
8. Модернизм. Модернизмниң жөнелислери
9. Әдебий метод туўралы. Критикалық реализм – турмысты көркем сәўлелендириўдиң бир усылы. Реализм методы
Дүньяның уллы жазыўшы ҳәм шайырларының көпшилигиниң дөретиўшилиги өзине тәнлиги, тәкирарланбас көркем мазмуны ҳәм формасы менен айрықшалыққа ийе. Олардың гейпараларының тек ғана дүньятанымлары емес, ал турмысты сүўретлеў принциплериниң де бири екиншисине уқсайтуғын тәреплерин көриўимиз мүмкин. Олардың өзлери жасап турған жәмийетке көзқарасларында (идеялық) ҳәм образларды жасаў усылларында (эстетикалық талғамларында) бири бирине жақын келетуғын таманларын ушырастырамыз. Әдебий процестеги бундай қубылысларды, яғный жақынлықларды ҳәм өзгешеликлерди әдебий ағымлар, жөнелислер, методлар, стиллер деп атаў қәлиплескен. Дүньядағы үлкен тарыйхый-сиясий ҳәм социаллық-жәмийетлик өзгерислер, инсан турмысының барлық тараўларындағы түпкиликли бурылыслар жәмийетшиликтиң алдынғы ақыл-ой ийелери санасында жаңа эстетикалық идеялардың туўылыўына негиз жасап береди, бул әлбетте өз гезегинде көркем өнердиң барлық түрлерине, соның ишинде әдебиятқа да өз тәсирин тийгизеди. Усындай объектив ҳәм субъектив себеплерге бола, әдебият майданында дүньяны образлы қабыллаў ҳәм сүўретлеў принциплери жағынан бири екиншисине жақын келетуғын жазыўшылар пайда болады. Егер олар саналы түрде биригип, өзлериниң поэтикалық концепцияларын ислеп шықса, онда бул топар қандай да бир әдебий ағымның яки жөнелистиң қәлиплесиўин жүзеге асырыўы мүмкин. Дөретиўшилик жоллары бири екиншисине уқсас жазыўшылар өз шығармаларындағы жақынлық тәреплерин оншама биле бермеўи мүмкин. Әдебий раўажланыўдың ерте дәўир басқышларында олардың көпшилиги өзлериниң дөретиўшилик жолына оншама итибар бермеген. Ўақыттың өтиўи менен, яғный эстетикалық илимниң үлкен табысларға ерисиўи нәтийжесинде көркемлик көзқараслары бойынша бири бирине жақын жазыўшылардың топарлары бирлесип, әдебий ағымлар пайда бола баслаған. Бирақ олардың дүньятанымлары бәрқулла сәйкес болмаған.
Әдебий ағым, жөнелис, метод, стиль терминлериниң анықламасы ҳәм қолланылыўы бүгинги күни де ҳәрқыйлы. «Гейде олар синонимлер сыпатында қолланылады, бази бир пайытларда ағымлар дегенимиз әдебий мектеплер ямаса топарлар, ал жөнелис дегенимиз көркем метод яки стиль»1, деп түсиндириледи. Г. Н. Поспеловтың пикиринше, «Әдебий жөнелис қайсы бир елдеги яки дәўирдеги жазыўшылар топары қандайдур дөретиўшилик программа тийкарында бирлессе ҳәм оның қағыйдларын жетекшиликке алып өзлериниң шығармаларын дөреткен гезде пайда болады. Усындай жазыўшылар дөретиўшилигине «әдебий жөнелис деген терминди қолланған мақсетке муўапық»2, деп жазады ол. Ал, тек идеялық-көркемлик улыўмалыққа ийе жазыўшылар топарының дөретиўшилигин ғана әдебий ағым деп атаған мақул3, деген жуўмаққа келеди Г. Н. Поспелов. Әдебиятшы Н. А. Гуляевтың әдебий жөнелис туўралы көзқарасы Г. Н. Поспеловтың пикирине сәйкес келеди. Ол көркемлик түсиниклери уқсас жазыўшылар топарының бирлесиўин әдебий жөнелис деп, ал, белгили бир жағдайларда бир әдебий жөнелистиң рамкасында эстетикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий көзқараслары бойынша жазыўшылар топары пайда болса, оны әдебий ағым4, деп есаплайды.
Әдебий процесстиң нызамлылықлары әдебий ағымлар ҳәм жөнелислердиң өзара гүреслеринде ҳәм орын алмасыўларында анық көзге тасланады. Ағымлар ҳәм жөнелислер, методлар ҳәм стиллер туўралы көз қараслар ҳәм түсиниклер ҳәрқыйлы болғанлықтан бул мәселелерге ҳәзирги дәўир көзқарасынан жантасқан мақсетке муўапық болады. Рус әдебиятшылары ағымды – течение (өзбеклерде оқим), жөнелисти – направление (өзбеклерде йуналиш), деп атаў қәлиплескен. Ағым – бәрқулла ҳәрекеттеги, жаңаланып, тазарып туратуғын қубылыс. Бир сораў туўылыўы мүмкин; Әдебий ағым жөнелистен келип шығады ма, яки әдебий жөнелис ағымнан келип шығады ма? Бул сораўдың жуўабын табыўды жеңиллестириў ушын дәрьяның ағысынан тийкар излеймиз. Ҳәрекет жоқ жерде – бағдар жоқ. Демек, ҳәрекет дегенимиз – дәрьяның ағысы, деп түсинсек, ағым жоқ жерде жөнелистиң де болыўы мүмкин емеслигин түсинемиз. Усы логикаға негизлене отырып, ағымлардан жөнелислер келип шығады, деген жуўмақ жасаўымыз мүмкин.
Дүнья әдебияттаныў илиминдеги базыбир жетекши илимпаз-теоретиклер әдебий ағымлардың классицизм, сентиментализм, романтизм, натурализм, модернизм деп аталған түрлери бар деп тастыйықлайды, ал гейпаралары романтизмди, реализмди, критикалық реализмди ҳәм социалистлик реализмди әдебий ағымлар деп те, әдебий методлар деп те түсиниклер берген. Солардың бири – классицизм.
XVII әсирдиң басында Францияда классицизм әдебий ағымы дүньяға келди ҳәм Батыс Европаның басқа еллерине де кеңнен жайылды. Бул дәўирде Францияда үлкен сиясий-жәмийетлик, мәдений-тарыйхый ўақыялар пайда болған еди. Корол Людовик XIVтиң ҳүкимдарлық еткен дәўиринде Францияда абсолют монархия гүллениў басқышларына көтерилди. Бири бирине бағынбай жүрген феодаллардың ерки басқарыў ҳуқуқы шекленбеген бир королдың қолына өтиўи «абсолютизм» деп аталады. Феодаллардың ҳәддинен асқан езиўшилик ҳәм тонаўшылық ҳәрекетлери француз дийханларын ҳәм қала халқын миллий бирлесиў зәрүрлигине алып келди. Феодаллық зорлық-зомбылықты жеңип шығыў идеясы Францияда бирден-бир мәмлекеттин тиклениўин, яғный бир абсолют монархтың – бир королдың ҳүкимдарлығын керек етти. Людовик XIV күтә үлкен күш салыўлар нәтийжесинде ҳәм аяўсыз гүреслер жүргизиўлер жуўмағында жүдә асқынып кеткен феодаллардың дизгинин тартып қойыўға еристи. Бул жылларда Францияда мәмлекетшилик пафосы дәўирдиң негизги мазмунына айналды. Турмыстың барлық салаларында қатаң тәртиплилик турақласты. Ҳәр бир адамнан ол ким болмасын, мәмлекетлик ўазыйпаны орынлаў талап етилди. Философияда, искусствода, оның бир түри болған көркем әдебиятта жеке адамдағы ямаса пүтин бир халықтағы «ақылға муўапық емес», деп табылған ҳәрекетлерди басып, женшип таслаў тенденциясы ҳүкимдарлық етти. Франциядағы жоқарғы қатламдағы адамлар арасында усындай еткен жағдайда ғана халық арасында социаллық гармония қәлиплеседи, деген сана жетекши болды.
Классицизм теориясын ислеп шыққан француз ақыл-ой ийелери антик (әййемги) дәўирдиң жазыўшылары болған Гомердиң, Эсхилдиң, Софоклдың ҳәм басқалардың шығармаларында идеал гөззаллық, абсолют талғампазлық бар деп есаплады. XVII әсирдеги Европа сөз шеберлери өз дөретиўшилигинде оларды ҳәмметаманлама үлги тутты, еликледи ҳәм классиклер деп аталды. «Классицизм» деген сөз латынша – classicus деген сөзден келип шыққан: қарақалпақша мағанасы – биринши дәрежели, үлгили. Бул әдебий ағымның эстетикасы жазыўшыға әпиўайы халықтың тиришилигин, ғалмағалларын, күнделикли турмыслық ўақыяларды сүўретлеў шәрт емес, деп қатаң талап қойды. Гейпара әдебий жанрлардың мүмкиншиликлерин шегаралады, тил нормаларының шәртлерин ислеп шықты, дөретиўшилик процести тәртипке бағындырды, талант ийелериниң искерлигин қатаң қағыйдаларға бағынышлылықта услап турды.
Классицизм ағымы теоретиклери жазыўшыларға төмендегидей қатаң ўазыйпаларды жүкледи, яғный олар белгиленген қағыйдалардан шықпаўы шәрт деп ўазыйпаларын белгилеп берди:
1.Бәрше жанрларды дөретиў процессинде тек антик (әййемги) әдебиятқа ғана еликлеў;
2. Көркем шығармаларды тек конкрет қағыйдаларға ғана тийкарланып жазыў;
3. Шығарма ушын персонаж (қаҳарман) таңлаў қағыйдасына бағыныў. Мәселен, эпос, драма ҳәм трагедияда тек уллы тарыйхый тулғалардың, ақсүйеклердиң образларын ғана, ал комедияда болса тек әпиўайы адамлардың образларын дөретиў.
Сол дәўирдеги көркем өнер ийелери усындай тәртип-қағыйдаларға бағындырылды, себеби, классицизм жетекшилериниң талабы бойынша, искусстводағы ҳәр бир ҳәрекет мәмлекет мәпине хызмет етиўи шәрт еди. Классицизм трагедиясы үш бирликке тийкарланылатуғын еди. Бириншиси; мәкан бирлиги – ўақыя-ҳәдийселер бир жерде болады, екиншиси; ўақыт бирлиги – ўақыялар 24 саат ишинде болып өтеди, үшиншиси; ҳәрекет бирлиги – пьесанның мазмунында тек бир ўақыя ғана болады.
Классицизм әдебий ағымының ири ўәкили Пьер Корнелдиң (1606-1684) «Сид» (1637), «Гораций» (1640), «Цинна ямаса Августтың қайырхомлығы» (1640), «Азап шеккен Полиевит» (1643) трагедиялары француз классикалық трагедиясының ең бәлент шоққылары болды. «Сид» трагедиясының бас қаҳарманлары – Испанияның миллий қаҳарманы Родриго ҳәм гөззал Химена. Корнел бул пьесаның мазмунын испан драматургы Гильена де Кастроның «Сиддиң жаслығы» пьесасынан алған. Пьесада Корнел феодаллардың еркинлигине қарсы келеди. Себеби ол абсолют монархияның тәрепдары болды. Сонлықтан бул шығармада мәмлекет ҳәм ўатан темасы жоқары пафос пенен сөз етиледи.
Корнел трагедияларының қаҳарманлары «полат жүрекли» адамлар тәризинде сүўретленеди. Оларға қайғы-уўайым жат нәрселер, олар тек мәмлекетке ғана хызмет етиўди ең жоқары ўазыйпамыз деп түсингенликтен өзлериндеги тәбийий адамгершилик сезимлерин де женшип жибере алады. Корнелдиң «Гораций» деп аталған трагедиясының бас қаҳарманы Гораций Куриация үстинен жеңиске ерискен ўақытта, жеңилген душпанды қайғырып жылап-сықлаған өзиниң қарындасы Камилланы қанжары менен сойып таслайды. Горацийдиң әкеси де сондай, яғный Горацийдиң Камилланы өлтиргенин ол дурыс деп есаплайды. Камилла мәмлекетлик сиясатқа қарсы образ тәризинде сүўретленеди ҳәм оның өлтирилгени дурыс деп есапланылған.
Француз ақыл-ой ийелериниң бири Никола Буало Депрео (1663-1711) – классицизмниң ең абыройлы теоретиклериниң бири еди. Буало Францияның миллий бирлесиўи ҳәм раўажланыўы абсолют монархияда деген исенимде болды. Ол 1674-жылы «Поэтикалық искусство» деген поэма жазды. Көпшиликке белгили болған поэма өз ишине төрт дүркин қосықларды қамтыйды. Оның бириншисинде поэзияның (әдебияттың) шәртли принциплери, қосық қурылысы, композициясы, стили сөз етиледи. Екинши дүркинде поэзия жанрлары идиллия, элегия, ода, сонет, эпиграмма, сатира, рондо, баллада ҳәм мадригалға сыпатлама береди (идиллия – буколикалық поэзияның жанрлық формасы; буколикалық поэзия – шопан қосықлары, әййемги эллин ҳәм рим поэзиясы жанры (б. э. ш. 3-әсир б. э. 5-әсирлер), баянлаў яки диалог формасындағы шопанлардың тыныш турмысы сүўретленетуғын кишигирим қосық. Рондо – французша шеңбер дегенди билдиреди, рондо – 15 қатарлы қосық, уйқас тәртиби – аабба – аббв – ааббав. Мадригал – ески латын тилинен алынған, мағанасы – ана тилиндеги қосық, формасы еркин, кейинала ышқы-муҳаббат мазмунында жазыла баслаған – Б. Г.). Үшиншиси трагедия, комедия ҳәм эпикалық поэмаға арналған. Төртиншисинде шайырлар ийелеўи зәрүр болған әдеп-икрамлылық ҳәм тәлим-тәрбия мәселелери сөз етиледи.
Буало «Поэтикалық искусство» поэмасында шайырлардың ҳәммеси де қатаң шәртлерге бағыныўы тийис, деп тастыйықлайды. Ол эпикалық поэманы ҳәмме жанрлардан жоқары қояды, трагедияны екинши орынға қояды. Буало рационалист болғанлықтан ақыл-ой айрықша шешиўши әҳмийетке ийе деп есаплаған. Оның пикиринше, пәм менен пикир поэзияның тийкары, ҳақыйқатлықты ашыўға тек ақыл-ес ғана уқыплы, ҳақыйқатлық – сулыўлықтың тийкары. Буалоның пикиринше, искусство өзгермели қәсийетке ийе, сонлықтан ол реал өмирден бет бурыўы керек, ол гөззаллық ҳәм гармония әлеминде өзи менен өзи қалыўы тийис, ол мәңги сулыўлықтың ишинде жасаўы зәрүр.
Буало билимли аристократты (ақсүйекти) ғана искусствоның билгири ҳәм пәкизе талғамға ийе адамы, деп есаплады. Ол жеңил (жайдары) мазмунлы комедияны – фарсты (фарс – латын сөзи, қарақалпакша мәниси – баслайман, 14-16-әсирлердеги батыс Европа еллериндеги (әсиресе Францияда) халық театры ҳәм әдебиятындағы түр. Фарс қаҳарманлары қала адамлары болған) ҳәм басқа да халық дөретиўшилигиндеги шығармаларды айыплады. «Поэтикалық искусство» сол дәўир жазыўшыларына күшли тәсир жасады. Буалоның бул шығармасы француз әдебияты сол дәўирлерде қайсы бағдарда раўажланыўы кереклигин анықлап берди. Ўақыттың өтиўи менен дәўирдиң талапларына жуўап бере алмағанлықтан классицизм әдебият майданынан кетип, оның орынына сентиментализм келди.
Франциядағы абсолют монархия XVIII әсирдиң басында жәмийеттеги жетекшилик ролин жоғалтқан еди. Бул дәўирде дүньяға келип атырған жас буржуазияның халық пенен аўқамласыў процесси басланды. Олар феодаллық дүзимниң қалдықларына қарсы гүрести. Сол замандағы алдынғы ой-пикир ийелерин ағартыўшылар5, деп атаў қәлиплескен. Ағартыўшылар дәўиринде феодаллық жәмийет кризиске ушырады, буржуазиялық қатнасықлар тез пәт пенен раўажланды. XVIII әсирдиң екинши ярымында Батыс Европа еллеринде ағартыўшылық дәўириниң әдебий қубылысы – сентиментализм ағымы дүньяға келди. Әдебиятшылардың көпшилиги сентиментализмниң туўылған жери Англия деген пикирди қуўатлайды.
Сентименталистлердиң көзқарасынша, адамның ақыл-санасы дүньяны өзгертиўге уқыплы емес. Сентименталистлер ақыл-ойдан сезимди жоқары қойды. Олар инсанның руўхый дүньясын үйрениўди баслы мақсетимиз деп есаплады. «Сентиментализм» деген сөз французша – sentiment – сезим дегенди аңлатады. Сентименталистлер классицизмниң шекленген, қатып қалған тематикасынан шығып кете алды, көркем дөретиўшилик шегараларын кеңейтти, дийханның сезим ҳәм туйғыларын ақсүйек пенен тең қойды, жәмийетшиликтиң санасында өзин өзи аңлаўды оятты, инсанның намыс ҳәм ҳүжданын тәрбиялады. Сентименталист жазыўшылардың гейпараларының шығармаларында гүресшеңлик руўх сезилсе, базыбиреўлериниң дөретпелеринде тәғдирге тән бериў, үмитсизлик, исенимсизлик руўхы үстем болды. Руссо ҳәм оның пикирлеслери сентиментализмниң гүресшең тәрепинде болса, Стерн, Голдсмит, Грей ҳәм оның әтирапындағы көркем сөз шеберлери руўхы түсиңки кейпияттың жетегинде қәлем тербетти. Усындай принципиал себеплерине бола базыбир әдебиятшылар Голдсмит ҳәм Грейди романтизм ағымы ўәкиллери сыпатында да таныйды. Сентименталистлер өз дөретпелеринде жәмийетти қайта қурыў мәселелерин ортаға қойды.
Сентиментализм түсиниги аса кеткен сезимталлық пенен байланыслы. Бирақ рус сентименталисти Карамзин «сезимге берилиўшиликтеги» ҳәдден тысқарылықты сынға алды. Ол сентиментализмниң салқын қанлылығына да, сентиментализмниң жылайманлығына да оншама берилмеди. Карамзин талант – тәбияттың саўғасы, деп түсиндирди. Оның пикиринше, «Россиядағы талантлар тосаттан пайда болып ҳәм стихиялы раўажланып атыр…, талантлардың аз болыў себеплери тәбияттың қандай екенлигине байланыслы емес, ал пухаралардың турмыс шараятларының төменлигинен»6.
Карамзинниң эстетикалық көзқараслары Себастьен Мерсье ҳәм Якоб Ленцтиң пикирлери менен сәйкес келеди. Мерсье сентименталистлерге «Гений (аса талантлы) өзиниң қағыйдасын өзи жасап алады», деп шақырық таслады. Ленцтиң пикиринше, гений қудайдың образы, ол – бәрқулла еркин. Ленц «Шайырға не керек?» деген сораўға, «алаңғасарлық ҳәм илҳам» деп жуўап береди. Классизмге қарсы қаратылған Мерсье ҳәм Ленцтиң жаңа көзқараслары ҳәм терең мағаналы концепциясы Карамзинге унайтуғын еди. Карамзинниң пикиринше,шайырдың сезимлерин қоршаған орталықтағы гепара затлар яки ўақыялар тутандырыўы мүмкин. Сентименталист жазыўшылардың дөретиўшилиги және бир әдебий ағым романтизмниң пайда болыўына тийкар жасады.
Европада романтизм әдебий ағымы XVIII әсирдиң соңы XIX әсирдиң биринши шерегинде қәлиплесе баслады. Бул ағымның ўәкиллери өзлерин «романтиклер» деп атамаған. «Романтизм» деген термин менен атаў соңғы дәўирлердеги әдебияттаныў искерлеринен келип шыққан. Европадағы сол жыллардағы үлкен сиясий реакциялық жағдайлар, экономикадағы күтилмеген алға илгерилеўлер, инсаният жәмийетиндеги бурын көрилмеген өзгерислер романтиклерге үлкен тәсир жасаған. Уллыбритания романтиклери буржуазиялық цивилизацияның дәслепки қәдемлерине, өндирислик техниканың тез пәт пенен раўажланыўына, сиясий аўдарыспақларға гүманлы көзқарасларда болды, өлип баратырған ески Англияның соңғы демлерине қапа болды, өз сезимлерин китапқумарларға шығармалары арқалы жеткерип бериўге умтылды. Романтизм ағымын арнаўлы изертлеген илимпазлар бул терминниң жуўмақланған анықламасын еле толық ислеп шықпағанлығы мәлим. Көпшилик жағдайларда «романтика» дегенде мәртлик жеңислерге толы саяхатларды, жақсылық ислеўге бәрқулла талпыныўшы әрманлар түсинилди.
Өтмиштеги қаҳарманлардың мәртликлерин әрман етип, оларға сүйсиниў, руўхый толғаныслар ҳәм муңлы уўайымларға шүмип өз заманынан түңилиў, тунжыраған әжайып тәбиятты сүўретлеў, егитилип-елжиреў ҳәм ғамлы кейпият романтиклерге тән өзгешликлердиң бири. Э. Юнгтың «Зарланыў ямаса түнги ойлар» деп аталған мазар элегиясында ҳәм «Оригинал дөретиўшилик ҳаққында пикирлер» (1759) деген шығармасындағы өзгеше көриниске ийе көркем пикирлеўдиң жаңа түри сол замандағы әдебиятшылар топары ушын бағдарлама функциясын атқарды. Юнг әййемги әдебиятқа уқсатып жазыўға, басқа авторларға еликлеўге қарсы шығады. Ол сыйқағы шыққан тайын жолдан қашыўға шақырады, оригинал дөретиўшиликти оған қарсы қояды.
Романтизм ўәкиллери Грей ҳәм Голдсмит өз идеалларын өтмиштеги патриархал Англия аўылларынан изледи, өз заманындағы адамлардың тәғдирин терең қайғырыў менен жырлады. Саути ҳәм оның менен пикирлес шайырлар утопиялық әрманларға берилди, олар Америка ямаса дүньяның басқа бир таманында, қандайдур атаўларда азат мәмлекет, яки диний-мистикалық жәмийет қурып алыў идеалларын жырлады.
Немец романтиклери Новалис (Ф. Гарденберг), Л. Тик, В. Ваккенродер, Л. Арн, К. Брентано, Ф. Гелдерлин, француз романтиклери Ф. Шатобриан, А. Ламартин, В.Гюго, А. де Мюссе, орыс романтиклери Жуковский, Пушкин, Лермонтов ҳәм басқалар өз дөретиўшилиги арқалы дүнья әдебиятының раўажланыўына үлес қосты. Романтизм эстетикалық көзқараслардың және жоқары басқышларға көтерилиўине тәсир жасады.
Әдебиятшы-теоретиклердиң тастыйықлаўынша, буржуазиялық мәденияттың жемиси натурализм әдебий ағымы XIX әсирдиң 60-80-жылларында қәлиплести. Натурализмниң қәлиплесиўинде тәбияттаныў илимлериниң табыслары, әсиресе, тәбийий қубылысларды илимий емес методларға тийкарланып үйрениўши экспериментлерге қарсы шыққан физиологлардың роли айрықша болды. Натурализм (французша naturalisme, латынша natura - тәбият) әдебий ағымы Европа ҳәм АҚШта XIX әсирдиң соңғы отыз жыллығында қәлиплести. Натурализмниң теориясы менен оның бағдарламасы Францияда дүньяға келди ҳәм ислеп шығылды.
Натуралислер өзлерин искусствоның жаңа түрин биринши дөретиўшилермиз, деп жәриялады. «Олардың пикиринше, егер, буған шекемги барлық искусство тек гөззаллыққа ғана хызмет еткен болса, ал жаңа искусство тек шынлыққа ғана хызмет етиўи керек еди»7. Натурализмниң баслаўшылары Шанфлери, Л. И. Дюранти, Г. Флобер, ағайинли Эмил ҳәм Жюл Гонкурлар, Э. Золя еди. XIX әсирдиң 70-жыллары орталарында Золяның әтирапында Ги де Мопассан, Ж. К. Гюисманс, А. Сеар, Л. Энник, П. Алексис, А. Доде ҳәм басқа да жаңаша көзқарастағы жазыўшылар жыйналып, натурализм мектебин пайда етти. Натурализм антисоциаллық характерге ийе болды, ол инсан турмысын сүўретлеўге биологиялық қубылыс сыпатында қатнас жасады. Жазыўшы натуралистлер турмыслық ўақыяны қалай болса солай, оған ҳеш қанай баҳа берместен, ҳеш қандай эстетикалық нормаларға бағынбастан, тап өзи қандай болса солайынша сүўретлеўди тийкарғы ўазыйпамыз деп белгилеп алды. Мәселен, ағайинли Гонкурлар «Жерминал Лесарте» романында бир күнликши ҳаялдың анормал қылықларын «муҳаббат клиникасында» сүўретлейди.
Натурализм ағымының теориялық тийкарларын француз жазыўшысы Эмил Золя (1840-1902) өзиниң «Экспериментал роман» (1880), «Театр натурализми» (1882), «Романшы – натуралистлер» (1881) мийнетлеринде ислеп шықты. Золяның натурализм бойынша тенденциясы тийкарынан үш бағдарда болды: бириншиден, сөз шебери реал фактлерди сүўретлегенде ҳәрқандай баҳалаў критерияларынан бас тартыўы, ҳешкимниң тәрепинде болмаўы, абсолют объективизмди сақлаўы; екиншиден, «қадаған етилген» нәрселерге нәзерди қаратыўы, сөз усталары патологияны (денедеги кеселликти үйренетуғын илим) үсүк-түсүгине шекем шарлап шығыўы зәрүр (Золя, оннан кейин басқа да жазыўшылар толып атырған клиникалық изертлеўлер жазды); үшиншиден, адамзат жәмийетиниң тарыйхына бәринен бурын физиологиялық процесс тәризинде қараў ҳәм ол қандай көринисте болса, оны искусствода тап солай сүўретлеў талап етилди. Физиология, патология, нәсилге тартыўшылық темалары Золяның «Ругонлар – Маккарлар» роман эпопеясында кең панорамалы сүўретлениўине ийе болды. Бул эпопея «Ругонлар ҳәмелдарлығы» (1871), «Олжа» (1871), «Париж қурсағы» (1873), «Уллы дәрежели Эжен Ругон» (1876), «Дузақ» (1877), «Нана» (1880), «Қатыўаш» (1882), Ҳаял бахыты» (1883), «Жерминал» (1885), «Жер», «Адам ҳайўан» (1890), «Қыйралыў» (1892), «Доктор Паскал» (1893) «Пуллар» (1895) деп аталған он төрт китаптан ибарат. Биологизмге бейимлилик, эротикалық стихияға көп орын ажыратыўлары, турмыстағы ипласлықларды сүўретлеўге қуштарлық сыяқлы кемшиликлерине қарамастан Золя дүнья әдебияты тарыйхында пүтин бир дәўирдиң реал көринисин сүўретлеген уллы сөз шебери болып қалды.
«1830-жылларға шекем жазыўшы ҳәм сыншыларда көркем реализм туўралы түсиниклер жоқ еди. Кейинала ол қәлиплесип ғана шекленбеди, ал дөретиўшиликтиң программаласқан жаңа принцибине айналды»8. Әдебияттаныўдың тарыйхына нәзер салсақ, әдебий айланысқа «реализм» деген терминди биринши рет француз натуралист жазыўшылары Дюранти ҳәм Шанфлери алып киргенине көзимиз түседи. Олардың екеўи де «реализм» дегенде турмыслық реал фактлерди майда-шүйде болса да тынбастан жыйнаў ҳәм әдебий искерликте пайдаланыў деп түсинди. Олар реал фактлерден шығып кете алмаймыз, илимпазлар сыяқлы биз жазыўшылар да «инсан ҳүжжетин» үйренемиз, деп жәриялады. Золя олар екеўин «натурализмниң пионерлери» деп баҳалаған еди. Шанфлери ҳәм Дюранти реализмниң принциплерин «Реализм» (1857) деп аталған топламда, буннан соң «Реализм» (1857) деген атамадағы журналда жәриялады. Шанфлери романтиклерге тән болған өтмиштеги ўақыяларды жазыў менен шуғылланыўдан, улыўма өтмиш темасынан жазыўшылардың бас тартыўын талап етти. Шанфлеридиң пикиринше, жазыўшы-реалист өзи ҳәзир жасап турған турмысты сүўретлеўге ғана дыққатын қаратыўы тийис еди.
Ҳәзирги ўақытта Батыс Европа әдебиятшылары арасында реализмниң гөнергенлиги туўралы да көзқараслар бар. Европаның көпшилик әдебиятшылары турмысты реалистлик сүўретлеўди қыялый нийет деп есаплайды. Реализмниң мүмкиншиликлерин жүдә асырып баҳалаўлар да ушырасады. Әдебиятшы-теоретик Р. Гародидиң пикиринше, «реализмниң белгили бир шеги, шети жоқ». Усындай тартыслардың барысында дүнья әдебиятшылары арасында «реализм», «критикалық реализм», «социалистлик реализм» деген түсиниклер пайда болды ҳәм ҳәрқыйлы дәрежеде түсинилди.
Критикалық реализм жөнелисиндеги жазыўшылар раўажланыў жолына түскен буржуазиялық жәмийет инсанның қутқарыўшысы емес, ал керисинше инсаниятты апатқа ийтермелеўшиси деген көзқарасты сүўретлеўди өзлериниң әдиўли ўазыйпасы деп билди. XX әсирдиң 20-жылларында Россиядағы социалистлик жәмийет әдебиятының гейпара табыслары менен бир қатарда оның жетискенликлерин баҳалап барыўшы әдебий-критикалық ой пикирлер пайда болды. Социалистлик жәмийеттеги әдебий ҳәрекеттиң раўажланыўын тәмийинлеўге умтылған Россия пролетар жазыўшыларының ассоциациясы (РАПП) бул жылларда үлкен активлик көрсетти. Олар усы мақсетке жетиўи ушын философия илиминен өзлестирген «дөретиўшилик метод» деген терминди өзлериниң әдебиятына енгизди. РАПП критиклери усының арқасында басқа «жолшыбай» жазыўшылардан «пролетар» жазыўшыларының дөретиўшилик парасатының күшлилигин ҳәм тереңлигин көрсетиўге урынды. Соңынан олар «пролетар» жазыўшылар «диалектикалық материализм»ниң тийкарында өз шығармаларын дөретеди деген уйғарымға келди. Бирақ бул көзқарас көпке узамай сынға алынды ҳәм социалистлик әдебият ушын өзине тән – «социалистлик реализм» термини әдебияттаныўға енгизилди. «Социалистлик реализм» деген терминниң өзи биринши ирет 1932-жылы «Литературная газета»ның 23-май санында көринди.
1934-жылы бурынғы кеңес ҳүкиметиниң Жазыўшылар аўқамы дүзилди. Оның 1-съездинде М. Горький социалистлик реализм гуманистлик идеяларды жүзеге асырыўға бағдарланған дөретиўшилик программа туўралы метод деп жәриялады. Съезддеги «Совет әдебияты» деп аталған баянатта «социалистлик реализм»ниң «дөретиўшилик метод» түриндеги айрықшалығына биринши ирет улыўма сыпатлама берилди ҳәм «социалистлик реализм методы» деген термин пайда болды.
Белгили әдебиятшы-теоретик Г. Н. Поспелов реалистлик әдебиятты метод сыпатында емес, ал ағым тәризинде түсиндиреди: «1890-жыллардың соңында рус сөз өнеринде социал-демократиялық ҳәрекетлердиң…, революцияшыл рабочийлардың идеялық мәплерин ҳәм идеалларын сәўлелендирген ҳәм буннан кейинирек «социалистлик реализм әдебияты» деп аталған әдебий ағым пайда болды»9. Әдебияттағы социалистлик реализм методы туўралы көзқарас бурынғы кеңес ҳүкимети дәўиринде XX әсирдиң 90-жылларына шекем жасап келди. Коммунистлик идеология диктаторлық еткен бул мәмлекет тарқалып, миллий республикалар өз ғәрезсизлигине ерискен жыллардан баслап-ақ «социалистлик реализм методы» туўралы гүманлы көзқараслар күшейип кетти.
Себеби, көркем метод (дөретиўшилик метод) (грекше methodos – изертлеў жолы) XX әсирдиң 20-жылларында кеңес әдебияттаныўы ҳәм искусствотаныўында қәлиплескен, соң бир неше мәрте қайтадан көрип шығылған марксистлик эстетикалық категория. Кеңес ҳүкиметиниң идеологиясы үстемлик еткен дәўирде усы жәмийет әдебиятының артықмашлығын дәлийллеў ушын реализм методы, социалистлик реализм методы деген терминлер актив қолланылды. Метод, методика, методология деген терминлер сап илимий-изертлеў ҳәм педагогикалық искерликке тийисли: мәселен – илимий метод, педагогикалық методика, изертлеў методологиясы ҳ. т. б. Сонлықтан, «метод» терминин бүгинги күн көзқарасынан қайта көрип шығыў зәрүрлиги пайда болмақта.
XIX әсирдиң соңы XX әсирдиң басында турмыс тәшўишлеринен түңилиў сезимлерин сүўретлеў, жалғызлыққа умтылыў кейпияты басым қаҳарманлар образын жасаў, инсанның үмитсизлик руўхындағы турмысын баслы тема етип алыўшы шығармалар дүньяға келе баслады. Бундай әдебият ўәкиллерин декадентлер (декадент деген сөздиң өзи французша – dekadence, ески латын тилиндеги мәниси – қулаў) деп атаў қәлиплескен. Европа, Америка ҳәм орыс әдебиятындағы бул қубылыс модернизм әдебий ағымының дүньяға келиўине тийкар жасап берди. Модернизмниң ең тийкарғы принциплериниң бири – ол өзин өтмиш искусствосының дәстүрий формаларына ҳәм эстетикасына қарсы қояды. Модернизм (французша modern, қарақалпақша мәниси – жаңаша, заманагөй) әдебий ағымының философиялық сағасы ҳәм концепциясы Ф.Ницше, А. Бергсон, Э. Гуссерл, З. Фрейдтен басланады.
Модернизм ағымының символизм, футуризм, дадаизм, сюрреализм, экзистенциализм ҳәм басқа да жөнелислери бар. Символизм диний-мистикалық дуализм идеяларын жырлайды. Дуалистлердиң тастыйықлаўынша, өмир еки бөлимнен ибарат – реал ҳәм идеал. Символистлер шайырлардың жәмийеттеги орынын күтә жоқарыға қояды. Олардың көзқарасынша, шайыр – пәклик ҳәм гөззаллықтың периштеси, әўлийеси, шайыр ушын улыўма инсанларға тән болған реал тәшўишлер ҳеш нәрсе емес. Француз философы Анри Бергсонның пикиринше, «…реал дүнья субъектив сезиўлердиң комплексинен қурылған. Инсан тек интуицияның көмеги менен ғана ақыл-ой аңлай алмаған объектив шынлықты түсинип алыўға жақынласыўы мүмкин». Символистер өз шығармаларында реал турмыста ушыраспайтуғын, ал тек ақылда ғана сәўлеленетуғын гөззаллық ҳәм пәклик образларын дөретти. Символистлердиң шығармаларында еки тәреплеме мазмун болады – анық ҳәм жасырын. Олар турмыстың әпиўайы картинасын сүўретлесе де, онда салмақлы мазмун жасырынып жатады. Символистлердиң шығармаларында «Көркем образ символға айналады, көп мәнилилик оның специпикалық өзгешелигин қурайды, ол өзинде… анықлықты ҳәм қупыялықты, шекленгенликти ҳәм шексизликти жәмлеген болады»10. Символистлер дүньяўий затларға ҳәм қубылысларға илаҳий дүньядағы көринислердиң символы сыпатында мағана жүкледи. Орыс символист шайыры Константин Бальмонт (1869-1942) поэзиясына усындай поэтикалық руўх тән. Ол «Ай нуры» деп аталған қосығында былай деп жазды:

Маған қәдирданлар алыс ғамлардан,


Гүреслерге толы Жер маған өгей.
Мен – самал демимен, мен – Еркин бултпан.

Символизм поэзиясы тәбият сырларында илаҳий мазмун жасырынғанлығын оқыўшыға аңлатыў керек, деген поэтикалық концепция менен әдебият тарыйхында айрықша орынды ийеледи.


1909-жылы италиялы эстетик Маринетти футуризм әдебий жөнелисиниң манифестин шығарды (футуризм деген сөздиң өзи латынша futurum, мағанасы – келешек). «Футуризм манифести» деп аталған мийнетинде ол өтмиштиң ҳәм өз заманының «диңкеси қурыған» мәдениятын масқаралап күлди, заманласларын библиотека ҳәм музейлерди қыйратыўға шақырды. Халықты күшли, қуўатлы ҳәм қатал болыўға үндеди. Футуристлер капиталистлик гиддиман қалалардың турмыс ритмин йошып жырлады. Олар ҳәмме нәрседе авангард болыўға умтылды (авангардизм термини усыған байланыслы келип шыққан), инсанды ҳүрмет етиўди ҳәм ҳаялларға муҳаббатты күлкиге алды. Футуристлер синтаксисти қыйратыўға ийтермеледи, шығармаларда иркилис белгилери шәрт емес деп есаплады, гәптеги келбетликлер, рәўишлер зәрүр емес, деген пикирди ортаға таслады, атлықлардың «жалаңаш» ҳалында ҳешқандай теңеўлерсиз ҳәм эпитетлерсиз қолланылыўының тәрепдарлары болды.
Россия әдебиятындағы футуризм XX әсирдиң 10-жылларында қәлиплести. Орыс футуристлери гөззаллықты улыўма бийкарлады, сезимлердиң қопаллығын мақтады, оқыўшыларды өзлериниң өрескиллиги менен таң қалдырыўға талпынды. Олар өзлериниң «Жәмийетлик талғамға шапалақ», «Өлген ай» деп аталған футуристлик топламларының айырым бетлеринде обой-қағазлардың жуллықларын, кишигирим қалташалардың сүўретлерин желимлеп бастырып шығарды. Орыс футуристи Д. Бурлюк ҳақыйқый гөззаллықты былғаншық етип сүўретлеўде «шыңларды ийеледи». Бурлюктың сүўретлеўинше:

Поэзия – тозған қызалақ,


Ал, гөззаллық – қорлаўшы ләтте.

Ямаса, «аспан – өлик, ҳеш нәрсе емес», «жулдызлар – думанға мәс болған қуртлар». Деген менен, футуризмниң тәсири нәтийжесинде «Көркем пикирлеўдиң жаңаша қашырымлары пайда болды»11. Футуристлик поэтиканы қоллап-қуўатлаған Н. Ф. Федоров өзиниң «Музей ҳәм оның мағанасы» деп аталған мақаласында: «Көркем өнер дегенимиз жаңа өмирдиң проекти»12, деп футуристлик искусстводан келешектиң мазмунын изледи. Орыс футуристлериниң басым көпшилиги усындай концепцияда қәлем тербетти.


Футуризмге жақын әдебий жөнелислердиң бири – дадаизм. Дадаизм dada деген француз сөзи болып, оның мағанасы бала шүлдирлиси дегенди билдиреди. Дадаист сөз усталарының концепциясында традиционализмге ҳәм буржуазиялық искусствоға абсурд нәрселерди (абсурд – латынша absurdus, қарақалпақша – мәниссиз, ақылға муўапық емес дегенди билдиреди) алогиялық (алогизм – грекше сөз, қарақалпақша – логикалық емес, логикаға қарсы келеди дегенди билдиреди) қарсы қойыў арқалы гүресиў принциплери жетекшилик етти.. Дадаизм 1916-жылы Щвецария әдебий орталығында дүньяға келди. Алогиялық усыл жетекшилик ететуғын дадаизм тәбияты бойынша гиперболаға жақын:

Аўыл жүрип өтти,


Дийхан тусынан.

Рус шайыры Маяковскийдиң базыбир қосықларында алогизмлик қатарларды ушырастырамыз:


«О, егер мен жарлы болсам!


Миллионерге уқсап!»

«О, егер мен


мөмин болсам,
гүлдирмамадай».

XX әсирдиң 20-жылларында дадаизм жөнелиси әсте-ақырын тоқтады. Оның орнына сюрреализм жөнелиси кирип келди. Сюрреализм (французша surrealisme, қарақалпақша мәниси – реализмнен тысқары, шынлықтан сырта) XX әсирдиң 10-20-жылларында Франция әдебиятында пайда болған жөнелис. Сюрреализмниң тийкарын салыўшылар «Сюрреализм манифести»ниң авторы А. Бретон, оның пикирлеслери Л. Арагон, Ф. Супо, П. Элюар, А. Арто, Р. Витрак, Т. Тцара ҳәм басқалар болды. А. Арто ақылға муўапық емеслик пенен реаллықтың бири екиншисине тутастырылыўын «нағыз шынлық» деп есаплады. Сюрреализм жөнелисиндеги жазыўшы-шайырлар турмыстың мазмунына реаллықтан тыс мүмкиншиликлер жәрдеминде кирип барыўды нийет етти. Олар өзлериниң шығармаларында ойына келген биринши сөзди таң қаларлық күтилмегенлиги менен, ақылда сәўлеленген көринислерди бөрттирилген ҳалында қағазға «автоматласқан хат» ҳалында түсириўге умтылды. Өзлериниң ҳақыйқатлық туўралы түсиниклерин өзгеше, басқаша жоллар менен сәўлелендириўди баслы мақсет етип қойды.


Модернизмниң және бир жөнелиси болған экзистенциализм жаңа әдебий қәсийетлери менен емес, ал әдебий – философиялық мағанасы менен өзгешеликке ийе13. Экзистенциализм сөзи латын тилинен алынған болып, оның қарақалпақша мәниси – жасаў, тиришилик етиў, тиришилик түри дегенди аңлатады. Бул жөнелис Франция әдебиятында өзиниң айрықша белгилери менен екинши жер жүзилик урыстан бурын көрине баслады. Философ-экзистенциалист жазыўшылар Г. Марсел, Ж. П. Сартр, Де Бевуар, А. Камю көзқараслары бул жөнелистиң қәлиплесиўине үлкен тәсир жасады. Олардың көпшилиги усы дүньядан басқа дүньяны мойынламады, олар тек адам түсиниўи мүмкин ҳәм билиўи мүмкин дүньяны ғана мойынлады.
Экзистенциализм теоретиклериниң тастыйықлаўынша, бул астан-кестен дүньяны ҳеш қандай күш пенен, ҳеш қандай ақыл менен шөлкемлестирип, тәртипке түсириў мүмкин емес. Олар адамның дүньяға келиўин қандай да бир мақсетке бағдарланғанлықтан емес, ал тиришилик етиўдиң, тиришиликтиң усылынан, жасаўдың түринен келип шыққан, деп түсиндиреди. Экзистенциалислер бәрше турақлы коллективлескен бирлесиўлерге унамсыз көзқараста болды, әсиресе, олар анық программаласқан ҳәрекетлерге өз ағзаларының сөзсиз бағыныўын талап еткен сиясий партияларға қарсы болды. Олар қәлеген қәлипке салыўшылықты (нормативликти) бийкарлады. Экзистенциалистлер инсан әдеп-икрамлылық қатнасықларында ҳәмме нәрсеге еркли, деп есаплады.
Француз әдебиятында А. Мальро, Б. Виан, А. Френо, Ж. Ануй, испан әдебиятында Унамуно, америка әдебиятында Н. Мейлер, Дж. Болдуин, инглиз әдебиятында А. Мердок, У.Голдинг, немец әдебиятында Х. Э. Носсак, А. Делин, япон әдебиятында Абэ Кобо экзистенциализм жөнелисиндеги уллы сөз шеберлери сыпатында дүньяға танылды. Өзбек әдебиятында Рауф Парпи, Баҳрам Рўзимуҳаммад, Хосият Рустамова, қарақалпақ поэзиясында Сағынбай Ибрагимов ҳәм Жийенбай Избасқановтың гейпара қосықларында модернистлик сүўретлеўдиң белгилери ушырасады.



Download 36.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling