- Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанлары ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емес екенлиги беккемленбекте ҳәм т.б.
Өзбекстан – халықшыл мәмлекет
Жаңаланып атырған Конституция халықшыл мәмлекет қурыў мақсетинде күшли парламент, ықшам ҳәм жуўапкерли ҳүкимет, ғәрезсиз ҳәм әдалатлы суд системасын қурыўға қаратылған.
1. Парламент палаталарының ўәкилликлери қайта көрип шығылмақта. Сол себепли, Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың ўәкилликлери сезилерли дәрежеде кеңеймекте, еки палата жумысындағы қайталаныўлар сапластырылып, ҳәр бириниң жуўапкершилик тараўы анық белгиленбекте.
Атап айтқанда, Нызамшылық палатасының айрықша ўәкилликлери әмелдеги 5 тен 12 ге, Сенатта болса
14 тен 18 ге көбеймекте.
Ҳүкиметти қәлиплестириў ҳәм оның жумысын қадағалаў, мәмлекет бюджети орынланыўына байланыслы мәселелер, Нызамшылық палатасының ўәкиллигине, аймақлар мәпи ҳәм оларды раўажландырыў, жаңа министрликлер шөлкемлестириў ҳаққындағы пәрманларды тастыйықлаў мәселелери болса Сенат ўәкилликлери шеңберине тийисли екенлиги беккемлениў усылар қатарына киреди.
2. Сенат алдына қойылып атырған жаңа ўазыйпалардан келип шығып, оны ықшам, халықшыл ҳәм аймақлар мәпин гөзлейтуғын уйымға айландырыў бойынша нормалар Конституцияда нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда, Сенаторлар санын ҳәзирги 100 ден 65 ке түсириў, бунда ҳәр бир аймақтан тең рәўиште 4 тен сенатор сайланыўы, президент тәрепинен сайланатуғын саны болса 16 дан 9 ке кемейтирилмекте.
3. Парламенттиң төменги палатасы тәрепинен киргизилген нызамлар Сенатта 60 күн ишинде көрип шығылыўы, мүддет өтип кетсе, усы нызам мақулланған деп есапланыўы ҳәм қол қойыў ушын Президентке жибериў бойынша норма киргизилмекте.
5. Парламенттиң суд ҳәм қадағалаў уйымлары, ҳуқықты қорғаўшы уйымлар ҳәм арнаўлы хызметлер жумысы үстинен қадағалаў функциялары күшейтилмекте.
Жаңа Конституцияда Бас прокурор, Есап палатасы басшылығына талабанлар дәслеп Сенатта көрип шығылып, кейин Президент тәрепинен тайынланыўы, сондай-ақ Монополия комитети ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги басшылары Сенат тәрепинен сайланыўы әмелиятын енгизиў усыныс етилди.
Do'stlaringiz bilan baham: |