Экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў


Download 189.6 Kb.
bet2/7
Sana31.01.2024
Hajmi189.6 Kb.
#1833067
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
1. Консституция тезис (07.03.2023) КК

ХАЛЫҚ КОНСТИТУЦИЯСЫ
Конституцияныӊ тексти илимпазлар ямаса қәнигелер тәрепинен кабинетлерде жазылмады. Ал, дәслеп халқымыздыӊ пикири, усыныслары 2 басқышта үйренилди, соннан кейин Конституция жойбары таярланды. Алдынлары Конституцияны қабыл етиўде дәслеп жойбары ислеп шығылып, соӊынан халықтыӊ додалаўына қойылған.
биринши басқышта Конституцияныӊ жойбарын қәлиплестириў ушын адамларымыз 60 мыӊнан зыят усынысларды берди. Усы усыныслардыӊ ҳәр төртеўинен биреўи жойбардан орын алды;
екинши басқышта Конституция жойбары улыўмахалықлық додалаўға қойылды. Ғалаба хабар қураллары, интернет тармақлары арқалы жойбар менен 5 миллион халқымыз танысып шығып, 150 мыӊнан аслам усынысларды билдирди.
Соның менен бирге, мийнет жәмәәтлери, жоқары оқыў орынлары, мәҳәлле белсендилери ҳәм зыялылар менен болып өткен додалаўларда да және 10 мыӊ қосымша усыныс келип түсти.
ЖАӉА КОНСТИТУЦИЯ
Конституция жойбарындағы статьялар саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалар саны 275 тен 434 ке артты. Яғный, Тийкарғы нызамымыздыӊ 65 процент тексти халқымыздыӊ усыныслары тийкарында жаӊаланды.

ЖАӉА КОНСТИТУЦИЯНЫӉ ТИЙКАРҒЫ, ПРИНЦИПИАЛЛЫҚ ЖАӉАЛЫҚЛАРЫ
Өзбекстан – социаллық мәмлекет деп белгиленбекте.
Социаллық, бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени.
Мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы Конституциядағы нормалар 3 есеге көбейтилмекте.
1. Конституцияда ҳәр кимниң турақ-жайлы болыў ҳуқықы белгиленип атыр.
Мағлыўмат ушын: өткен жылы мәмлекетимизде
50 мың шаңарақ ушын жаңа квартиралар алыўға
шараят жаратып берилген. Быйылғы жылы 90 мың шаңарақты турақ-жайлы етиў шеги алынған.
Жақын 2-3 жылда бул көрсеткишти 200 мыңға жеткизиў үстинде исленип атыр.
2. Ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға муўапық емес ҳалда турақ-жайынан айырылыўы мүмкин емеслиги, турақ-жайынан айырылған мүлк ийелерине турақ-жайдың баҳасы ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдыннан ҳәм де тең баҳада қапланыўы тәмийинлениўи кепилленип атыр.

Download 189.6 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling