Экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў


Халықты кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы


Download 189.6 Kb.
bet3/7
Sana31.01.2024
Hajmi189.6 Kb.
#1833067
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
1. Консституция тезис (07.03.2023) КК

3. Халықты кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы ҳәм жойбарға киритилмекте. Улыўма, жойбарда халықтың саламатлығын асыраў менен байланыслы нормалар 4 есе көбейтирилмекте.
Мағлыўмат ушын: Бунда, усы жылда “Кепилленген хызметлер пакети” қайта көрип шығылып, 20 түрдеги кеселликлер бойынша диагностика, емлеў ҳәм профилактика хызметлери көлеми толық қамтып алынады.
Көп ушырайтуғын 20 түрдеги кеселликлер
бойынша басланғыш буўындағы бийпул анализ түрлери
- 15 тен 25 ке шекем, тексериўлер - 10 нан 20 ға шекем, дәрилер - 64 тен 90 ға асырылады.
4. Социаллық мәмлекетке тән бундай жақынласыў билимлендириў тараўы бойынша да көплеген статья
ҳәм нормаларда өз сәўлелениўин таппақта. Билимлендириў ҳәм илим-пәнге байланыслы нормалар дерлик 2 есеге асып атыр.
5. Пуқаралардың жоқары оқыў орныларына мәмлекетлик грант есабынан оқыў ҳуқықы қатаң белгиленбекте.
Мағлыўмат ретинде айтыў мүмкин, 2017-жылға шекем жоқары оқыў орныларына кириў ушын мәмлекетлик грантлар саны тек қысқарып келген болса, соңғы алты жылда бул тараўдағы жағдай пүткиллей өзгерди. Грантлар саны
2 есе көбейип, 40 мыңға жетти. Соннан, магистратура ушын – 5 есе көбейди.
6. Пуқаралардың бийпул басланғыш кәсип-өнерге оқытылыўы белгиленбекте.
7. Майыплылығы бар балаларымызға өз теңлеслери менен бирдей билим алыўы ушын бәрше шараятлар жаратылмақта. Соның ушын, бундай имканиятлар инклюзив билим сыпатында Конституцияға киргизилмекте.
8. Мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа шараятлар жаратыўы конституциялық беккемленбекте.
9. Енди, перзентлер тәрбиясы, оларға билим бериў, бәркамал ер жеткизиў ҳәм ата-ана мәжбүрияты сыпатында белгиленбекте. Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәмде қорғаў, оның физикалық, интеллектуал ҳәм мәдений тәрептен толық раўажланыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратыў мәмлекеттиң миннети сыпатында белгиленбекте.

Download 189.6 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling