Грунтлар механикасы пәнинен
Download 0.58 Mb.
|
Методичка
- Bu sahifa navigatsiya:
- Грунты қысылыўға сынаў ҳәм компрессия ийрек сызығын қурыў
- Тәкирарлаў ушын сораўлар
- Грунтлардың жылжыўға қарсылығын анықлаў.
- Керекли әсбап-үскенелер
Е = β · mν = β 1+e0 / m0 (7.4)
Бунда : β -компрессия үскенесинде грунттың дөгерек әтирапына кеңейиў имканиятының жоқлығын есапқа алатуғын коэффициент. Ол Пуассон коэффициентине байланыслы түрде анықланады. β = 1-(2 · ν) / (1- ν) (7.5) β ҳәм ν коэффициентлери дәрежелери. 9-кесте.
Грунты қысылыўға сынаў ҳәм компрессия ийрек сызығын қурыў Грунты сығылыўға сынаў , үлгиге бағаналы өсиўши жүк қойып әмелге асырылады. Байланыслары бузылмаған грунтларға биринши бағаналы жүктиң дәрежеси тәбийғый басымға тең болады. Кейинги бағаналар 0,05 0,1 0,2 0,3 0,5 МПа етип қабыллаўға болады. Ақырғы басым тәбийғый басым менен тажрийбедеги жүктен шама менен 15% көп болыўы керек. Ҳәр бир бағана жүк шөгиўдиң шәртли тоқтаўына шекем услап турылады. Шәртли тоқтаў сапатында 1суткада 0,01 мм шөгиў қабылланады. Шөгиўди өлшеў саатлы индикатор жәрдеминде әмелге асырылады. Ҳәр бир бағана жүк ҳәм индикатордың көрсеткиши арнаўлы дәптерге жазылып барылады. Грунттың алдын есапланған тығызлығы (ρ) , салыстырмалы салмағы (γ), бөлекшелердиң тығызлығы (ρs), бөлекшелердиң салыстырмалы салмағы (γs) ҳәм ығаллығын (W), билген ҳалда грунттың дәслепки геўеклик коэффициенти (е0) есапланады. е0 = ρS / ρ (1 + 0.01 W) – 1 = γs / γ (1 + 0.01 W) – 1 (7.6) Дәслепки геўеклик коэффициенти (e0 ) ҳәм грунттың кейинги бағанадағы шөғиўин (ΔSi) билген ҳалда жүктиң ҳәр бир бағанасы ушын геўеклик коэффициентин есаплаў мүмкин. e1 = e0 – ΔSi / h (1+ e0) (7.7) бунда: ΔSi – берилген жуктеги шөгиў h – үлгиниң дәслепки бийиклиги. Алынған мағлыўматлар бойынша компрессия ийрек сызығы қурылады (6-сүўрет). Абцисса көш ерине басым, ордината көшерине геўикли коэффициентиниң муғдары қойылады. 6- сүўрет Одометрдиң сызылмасы
кестедеги белгилер: Р- илдириген жүк салмағы σ – вертикал күшлениў t – бағаналы жүк қойылған ўақты. S= Uорт – U0 ; U0= U01-U02 / 2 Бунда: U01 : U02 - өлшегишлердиң дәслепки көрсеткишлери. (σ = 0)
-/1 –таблица бойынша / 8 минуттан кейинги шәртли тоқтаўына туўры келген шөгиў.
7- сүўрет Грунттың қысылыўына сынаў тәжирийбесинде штамптың шөгиўи менен ўақыт арасындағы байланыс сызылмасы.
8-сүўрет. Компрессия ийрек сызығы. Геўеклик коэффициенти е менен қысыўшы басым арасындағы байланыс. Тәкирарлаў ушын сораўлар Динамикалық күш тәсиринде грунтта қандай жағдай жүз береди? Жабысқақлық коэффициентин анықлаўға мөлшерленген әсбаптың атын айтың? Грунттың тоқтаўсыз шөгиўинде жабысқақлық коэффициенти қандай көринисте өзгереди? № 9- Лабораториялық жумыс Грунтлардың жылжыўға қарсылығын анықлаў. Грунттың жылжыўға қарсылығы грунттың ығаллығы ҳәм тығызлығына байланыслы болады. Қумлы ҳәм ылайлы грунтлардың жылжыўға болған қарсылығын горизонтал қәдди σ түби бойлап кесиўши үскенеде анықлаў тийкарында орынланады. Грунттың жылжыўға болған қарсылығын грунттың жылжыў тегислигине тик бағдарланған кернеўге (σ) байланыслы. Грунтты сынаў нәтийжесинде абцисса көшерине σ- кернеўди ҳәм ордината көшерине жылжыўшы урынба τ- кернеўди қойып, олардың арасындағы байланыс сызылмасы сызылады. Бул байланыс 1773 жылы француз алымы Ш.Кулон тәрепинен табылып төмендегише жазыладыю τ = с+ σ n · tg φ (8.1) Қумлы грунтлар ушын τ = σ n tg φ (8.2) Жылжыўға қарсы беккемлик муғдарлары: - грунттың ишки сүйкелис мүйеши; - салыстырма байланыс күши, ямаса сыртқы күш тәсир етпегенде грунттың жылжыўға болған беккемлигин τ0 = c (8.3) Байланыстағы грунтлардың беккемлиги жоқары болып, ығаллық ҳәм грунтлардың структурасына байланыслы болады. Байланыссыз /шашылыўшаң/ грунтларда байланыс күши жүдә киши болып, әмелде нольге тең деп қараў мүмкин. Керекли әсбап-үскенелер Жылжыўға сынаў ГГП-30 әспабы алдынан тығызланған ГГП-29 әспабы үскене, саатлы индикатор кептириўши шкаф техник тәрези бюкслар эксикатор пышақ фильтрлеўши қағаз. Жумыстың орынланыў тәртиби. Сынаў ГГП – 30 әспабында әмелге асырылады. Үлгиниң көлденең кесиминиң бети Ан = 40 см 2 см, үлгиниң диаметри d = 71,4 мм, үлгиниң бийиклиги h = 40 мм. Тик басым бериўши жүк ушын елеклер қатнасы 1:10, горизонтал урынба күшлениў бериўши жүк ушын елеклер қатнасы 1:10 Тик басым дәрежелери -0,1; 0,2; 0,3. Үлги әсте жылжыў усылында қырқылады. Грунттың шегаралы қарсылығы / урынба кернеў/ ҳәм тик кернеў аралығындағы байланысты билиў ушын τ = f (σ) ҳәр бир тәжирийбе ушын τ = T/Aн есапланады ҳәм графиги сызылады. Бул жерде Т- бағаналы горизонтал жүк /күш/. 9-сүўрет. Бир тегислик бойынша қырқыў әспабының сызылмасы.
Тәжирийбе нәтийжелери жәрдеминде жылжыўшы кернеў менен горизонтал көшиў арасындағы байланыс (1- сүўрет) ҳәм шегаралы жылжыўшы күшлениў менен тик кернеў τ = f (σ) арасындағы байланыс сызылмалары сызылады (11-сүўрет). τ , кПа
10- сүўрет горизонтал көшиў δ менен жылжыўшы кернеў (τ) арасындағы байланыс сызылмасы. τ шег, кПа
11- сүўрет шегаралы жылжыўшы кернеў τшег , пенен вертикал кернеў σn арасындағы байланыс сызығы. Ишки сүйкелис мүйеши φ ҳәм салыстырмалы байланыс С төмендеги формула жәрдеминде әмелге асырылады. tgφ = τ2шег - τ 1шег / σn2 – σn1 τ2шег - τ 1шег лердиң σn2 ҳәм σn1 лерге туўры келген муғдарлары жоқарыдағы сызылмадан (11-сүўрет) анықланады. Download 0.58 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling