Грунтлар механикасы пәнинен


Download 0.58 Mb.
bet1/10
Sana07.03.2023
Hajmi0.58 Mb.
#1247176
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
Методичка


Өзбекстан Республикасы
Жоқары ҳәм Орта арнаўлы билимлендириў министирлиги

Бердақ атындағы


Қарақалпақ Мәмлекетлик университети
“Қурылыс” кафедрасы

5580200 - “Имаратлар ҳәм иншоатлар қурылысы”


5140900-Кәсиплик тәлим (имарат 8әм иншаатлар қурылысы)
қәнигеликлери ушын
Грунтлар механикасы
пәнинен
лабораториялық жумысларды орынлаў ушын методикалық қолланба.
Дүзген. доцент Н. Сапарниязов
Асс. З. Пасиева.

Нөкис 2013.


Дүзиўшилер: Н.Н. Сапарниязов, З. Пасиева


«Грунтлар механикасы» пәнинен лабораториялық жумысларды орынлаў бойынша методикалық қолланба.
Нөкис, ҚМУ, 2013 жыл
Бул методикалық қолланба грунтлардың дүзилисин, оларға қойылған норматив талаплардың орынланыўын ҳәмде материалдың турмысқа жарамлылығын тексериўди үйретеди. Қолланбада жумыстың мақсети, керекли болған қурылыс материаллары, үскенелери ҳәм әсбаплары, орынланатуғын жумыстың қысқаша мазмуны, тәжирийбе жумысларын өткериў тәртиплери ҳәм тәжирийбе нәтийжелерин қайта ислеў жоллары жетерли көлемде берилип, лабораториялық жумыслардағы тапсырмаларды толығы менен анықлаўға мүмкиншилик туўдырады.
Методикалық қолланба Жоқары ҳәм Орта арнаўлы оқыў орынларының улыўма техника ҳәм қурылыс бағдары қәнигеликлериндеги студентлерге арналып, Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетиниң Илимий методикалық кеңеси тәрепинен баспадан шығарыўға усыныс етилген.


Пикир билдириўшилер:
1.Айымбетов И. – техника илимлери кандидаты
2.Арзуов М.-техника илимлери кандидаты,доцент

№1- Лабораториялык жумыс


Грунт бөлекшелериниң тығызлығы хәм салыстырмалы салмағын (термин массасын болыу керек) анықлаў
Грунт бөлекшелериниң тығызлығы (ρs) деп оның қурамындағы қатты бөлекшелердиң массасының сол бөлекшелердиң көлемине қатнасына айтылады.
ρs =ms / Vs (1.1)

бунда: ms-қатты бөлекшелердиң массасы г, т


Vs- қатты бөлекшелердиң көлеми см3, м3
Грунт бөлекшелериниң салыстырмалы салмағы (γs) олардың тығызлығынан (ρs) аўырлық көрсеткиши менен ажыралады.
γs= ρs · g , кН/м3 (1.2)

бунда: ρs-грунт бөлшеклериниң тығызлығы т/м3, г/см3


γs- грунт бөлекшелериниң салыстырмалы салмағы
g- еркин түсиў тезлениў 9,81 м/с2
грунттың салыстырмалы салмағы ҳәр бир үлги ушын 2 рет анықланып, орташа арифметикалық муғдары қабыл етиледи.
Керекли әсбап хәм үскенелер
Көлеми 100 см3 болған шийша ыдыс (пикнометр),
Кептириўши шкаф
Техникалық тәрези таслары менен
Елеўиш (тесиклери 2мм)
Термометр
Электр плитасы

Тәжирийбе өткизиў тәртиби.



  1. Комната температурасында кептирилген грунт фарфор ыдыста ямаса дигирманда майдаланады.

  2. Майдаланған грунттан 100-200 г муғдарында үлги алынады ҳәм елеўиштен өткериледи.

  3. Грунт үлгиси жақсылап араластырылады.

  4. Бул араласпадан массасы m0=15 г үлги ажыратылып алынады

  5. Пикнометр өлшеў сызығына шекем дистирленген суў менен толтырылып тәрезиде өлшенеди (m1)

  6. Пикнометрдеги суўдың температурасы өлшенеди – t

  7. Пикнометрдеги суўдың 1/3 бөлеги төгиледи.

  8. m0=15 г өлшенген грунт үлгиси пикнометрге әсте салынады.

  9. Пикнометрди электр плитасына қойып суў ҳәм грунт араласпасы қайнатылады. Пикнометрдеги суйықлық қатты қайнап сыртқа төгилиўге жол қоймаў керек.

қайнаў ўақты: егерде грунт қум ямаса ылайлы қум болса -30 мин
егерде ылайлы ямаса қумлы ылай болса -1 саат.
Көрсетилген ўақытта қайнатыўды тоқтатып комната температурасына шекем сыўығаннан соң, пикнометрдиң өлшеў сызығына шекем суў куйылады ҳәм техник тәрезиде өлшенеди- (m2).
Анықланған барлық өлшеўлер өз ўақтында кестеге жазылып барылады.

Download 0.58 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling