Грунтлар механикасы пәнинен


Download 0.58 Mb.
bet4/10
Sana07.03.2023
Hajmi0.58 Mb.
#1247176
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
Методичка

Такирарлаў ушын сораўлар



  1. Жабысқақлық коэффициентин анықлаўға мөлшерленген асбаптың атын айтың?

  2. Жумсақ ылайлардың беккемлигин не пайда етеди?

  3. Грунттың тоқтаўсыз шөгиўинде жабысқақлық коэффициенти қандай көрнисте өзгереди?

№ 6- Лабораториялық жумыс




1.Кумлы грунтлардың даналық қурамын елеў усылында анықлаў.

Грунтлардағы ҳәр қыйлы өлшемдеги минерал бөлекшелердиң процентлерде көрсетилген оң массасы олардың даналық қурамы делинеди.


Керекли әсбап ҳәм үскенелер


Тесиклери 0,1; 0,25; 0,5; 1,0; 2,0; болған елек елеўишлер.
Техник тәрези өлшеў таслары менен.
Бюкслар.
Резина белше.
Стол.
Тәжирийбе өткериў тәртиби

  1. Комната температурасында кептирилген грунтты қағаз үстинде жайылады ҳәм қум бөлекшелерин ыдыста резина дәсте менен майдаланады.

  2. Таярланған грунттан квадратлар усылы менен жүз грамм орташа үлгиси 0,01г анықлықта тәрезиде өлшенеди. Алынған үлги үстпе-үст жайласқан елеклердиң ең үстинги қабатындағы тесиклери еки миллиметр болған елекке салынады. Елеклер төменнен жоқарыға тесиклери үлкенлиги артып барған ҳалда жыйналған ҳәм ең төменинде тесиксиз квадрат орнатылған болыўы керек.

  3. Грунт 3-4 минут даўамында еленеди. Бунда елеклер алақан арасында горизонтал бағдарда жеңил ҳәрекетке келтирилиўи шәрт.

  4. Ҳәр бир електе ҳәм төменги квадратта қалған грунт муғдары тәрезиде өлшенеди.

  5. Тәрезиде өлшенген, ҳәр түрли өлшемлерге ажыратылған грунт муғдарының көлеми ямаса тәжирийбеге алынған грунт муғдары 100 г ға тең болыўы керек. Бунда 1,0 проценттен артық парық болыўы рухсат етилмейди.



Анықлаў таблицасы




Елек тесиклериниң диаметри, мм




2

1

0.5

0.25

0.1




Грунт түйршиклериниң қаттылығы, мм




>2

2 ÷ 1

1÷0.5

0.5÷0.25

0.25÷0.1

< 0.1

Ыдыстың салмағы



















Ыдыстың грунт ыдыс пенен бирге салмағы



















Бөлек өлшенген грунттың салмағы



















Бөлек өлшенген грунттың муғдары



















ЕСЛЕТПЕ: ҳәр бир електеги өз-алдына өлшемдеги грунтлардың муғдары төмендеги формула менен анықланады.



Download 0.58 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling